Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 2

2022-09-22 16:33:18 Тилди сақлаў ҳәм инсанның сөйлеўи шырайлы саналған нәрселер ҳаққында

Луқманы Ҳәким баласына тағы айтты : “Ҳәй балам, өтирик сөйлеўден сақлан! Себеби, өтирик диниңди бузады, адамлар алдында мүриўбетиңди жоққа шығарады, мәртебеңди түсиреди ҳәм абырайыңды зая етеди, сөйлесең сени еситпейди, сөз айтсаң, сени тастыйықламайды. Егер сен, сондай екенсең, өмирде сен ушын жақсылық қалмайды. Сениң бул жағдайыңнан хабардар болса, енди туўры сөйлесең де, сени жалатайға шығарады, намысыңды жерге урады, сениң менен бирге отырыўды жек көреди, сырларын сеннен жасырады, сени көрген ўақытта сөйлеўден тоқтайды, гәпин жасырады, дин ислеринде сеннен ықтыят болады, жеке жағдайлары менен байланыслы болған ислеринде болса, саған исенбейди. Бул дүньяда инсанлар алдында сондай жағдайға түсесең, бирақ ақыретте Аллаҳ тааланың азабы буннан да үлкен”.

«Унўанул баян» китабынан

http://t.me/nasiyatuz
1.8K views13:33
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 16:15:32
Таҳәраттың түрлери

Шәрий тәрептен таҳәрат еки түрли болады:

1. Денениң өзин ҳадастан (яғный, таҳәратсызлықтан) пәклеў, бул мәлим бир ағзаларды жуўыў менен (таҳәрат қылыў менен) ямаса пүткил денени жуўыў менен (яғный, ғусыл қылыў менен) болады. Суў таўылмай қалған ўақытта ямаса оны пайдаланыўдан әззи болған ўақытта ғусыл ҳәм таҳәраттың орынбасары болған таяммумнан пайдаланылады.

2. Кийимдеги, денедеги ҳәм мәкан (орын)дағы нәжасаттан пәклеў.

«Таҳәрат» китабынан

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.8K viewsedited  13:15
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 13:32:06 ШӘПӘӘТ ҚЫЛЫЎШЫ КИТАП

Аллаҳ таалаға дуўа қылып, базы бир гүнакар бенделерди кешириўди ямаса айырым бенделерди икрам қылып, есап-китапсыз жәннетке киргизиўди сораў-шәпәәт деп аталады. Әҳли сунна ўәл жәмәә мазҳабы уламаларының айтыўы бойынша шәпәәт - ҳақ. Оған ийман келтириў-ўәжиб. Себеби гүнакар мусылманлардың шәпәәт етилиўи көплеп ҳәдислерде келген.

Ақырет күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм салиҳ адамлар шәпәәт ететуғынын билемиз. Сондай-ақ Аллаҳтың Кәламы Қураны карийим де шәпәәт қылады. Бул ҳаққында бир қанша рәўиятлар келген.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтады: «Қуран оқыңлар! Себеби, (Кәламуллаҳ) қыямет күни ийелерине шәпәәтши болады».

Белгили саҳаба Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Қыямет күни Қуран келип: «Пәрўәрдигарым, (Қуран оқыған бендеңди) кийиндир!»-деп айтады. Сонда оған кәрамат тажы кийгизиледи. Соң: «Пәрўардигарым оны зыяда қыл!» -деп айтады. (Қуран оқыған адамға) кәрамат кийими кийгизиледи. Қуран: «Пәрўардигарым оннан разы бол!»-дейди. Сонда (Аллаҳ) қарыйдан разы болып: «Оқы ҳәм көтерилип барабер» деп айтылады. (Аллаҳ) ҳәр бир аят ушын бир текше зыяда қылады».

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Ораза ҳәм Қуран (қыямет күни) бендени шәпәәт қылады. Ораза айтады: «(Пәрўардигарым,) мен оны күндизи аўқатланыўдан, нәпсиниң қәлеўинен тосқанман. Енди оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер»-дейди. Қуран айтады: «(Пәрўардигарым,) мен оны түнлерде уйқыдан қалдырғанман. Оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер»-дейди. Сонда (ораза ҳәм Қуранға бендени) шәпәәт қылыўы ушын имкан бериледи.

Бул ҳәдистен белгили, қалыс Аллаҳ таала ушын ораза тутқан, Қуран оқыған адамның гүналарын кешириў Аллаҳ тааладан соралады екен.
Уламаларымыз Қуран менен оразаның шәпәәтлерин төмендегише түсиндиреди:
• Қыямет күни Қуран менен оразаның саўабы дене көринисине кирип сорайды.
• Аллаҳ олардың атынан бир периште ўәкил қылады, усы периштелер сорайды.

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Қуран (қыямет күни) келип, Қуран оқыған бендени шәпәәт қылады. «Пәрўардигарым, ҳәр бир әмел етиўши өз исинен саўға алады. Мен оны (тири гезинде)ләззетлерден, түнлерде уйқыдан қалдырғанман. Енди оны ҳүрметле!»-дейди. Сонда (қарыйға): «Оң қолыңды соз!»-деп айтылғанда, оның қолы Аллаҳтың разылығы менен толады. Кейин «Шеп қолыңды соз!» деп айтылғанда, оның шеп қолы да Аллаҳтың разылығы менен толады. (Қарыйға) кәрамат кийими кийгизиледи. Оған кәрамат жарасады(яки ҳалал болады). Кейин кәрамат тажы кийгизиледи».

«Қуран – қәлблер шыпасы»
китабынан

https://t.me/nasiyatuz
2.2K views10:32
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 09:43:20 #пикирлеў

Ең уллы неъмат не екенин билесизбе?

Аллаҳ таала сизге қанша неъмат бергенин сезиниўди қәлейсиз бе?

Көзиңизди жумып он адым жүрип көриң!

Жүрип көрдиңиз бе? Нени сезиндиңиз? Бир неъматтың әҳмийети қәншелли екен?
Мениңше түсиндиңиз?!

Қолыңызды қыймылдатпай, дастурқанда турған кеседен суў ишип көриң!

Не деген қыйын екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Бир аяғыңызды ислетпей, тек биреўинде жүрип сол жағдайда ҳәжетханаға кирип көриң!

Нени көз алдыңызға келтирдиңиз?!
Мениңше отырып-турыўдың қәншелли қыйын екенин көз алдыңызға келтирдиңиз?!

Үстиңизде турған кийимиңиз қоңсыларыңыз кийетуғын кийимлерден гөнерек, модасы да артта қалып кеткен бе?

Енди арылаўдағы пәленше қоңсыңыз кийетуғын кийим ҳаққында ойлап көриң! Оның кийиминиң алдында сизиң кийимиңиз кәншелли жаңа екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Машинаңыз жоқ екенинен налыйсыз ба?!

Еле машинаңыз жоқ екенине өкинсезиз бе?!

Аллаҳ таала дүньяда жасап атырған миллиардлаған бенделери арасынан сизди таңлап, сизге "ИЙМАН" неъматын берген. Бул сиздеги ең уллы неъмат!Буған шүкир етиң! Өмиримизди ИЙМАН шақыратуғын ибадатлар, жақсы әмеллер менен өткизип, гүна-маъсыятлардан узақ болайық!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
1.7K views06:43
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 07:41:31 Билесиз бе?

1.  Ең биринши ораза тутқан инсан Адам алайҳиссалам.

2.  Ең биринши муфассир (тафсирши) Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.

3.  Ең биринши Исламдағы қурылған мешит  Қуба.

4.  Ең биринши аспанда Жәбрайыл алайҳиссалам азан айтқан.

5.  Ең биринши болып Расулуллаҳ саллаллаху алайхи ўа салламға Песин намазы парыз қылынды.

6.  Ең биринши болып суўр үпленгенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайхи ўа саллам тириледи.

7.  Ең биринши Қуранды даўыс шығарып оқыған инсан Расулуллаҳ саллаллаху алайҳи ўа салламнан кейин, Абдуллуҳ ибн Масъуд.

8.  Биринши болып Қураны кәрийм тафсирин бөлек китап формасында жазған инсан Әлий ибн Әбиў Талҳа.


https://t.me/nasiyatuz
2.4K views04:41
Ашу / Түсініктеме
2022-09-21 19:26:21 Перзент туўылғанда...

Бала туўылғаннан соң қылыныўы лазым болған сүннет ҳәм мустаҳаб ислердиң әҳмийетлилери төмендегилер:

1. Нәресте туўылғанда хошхабар бериў ҳәм оның менен қутлықлаў мустаҳаб саналады. Себеби, хошхабар мусылманды қуўантады ҳәм кеўлин көтереди. Инсан перзенти туўылғанда яки ҳаялдың ҳәмледарлығы билинсе де, қуўаныў мустаҳаб есапланады.
Мәрям сүресиниң 7-аяты мазмуны мынадай: «Ҳәй Зәкария! Биз саған аты Яҳя болған баланың хош хабарын беремиз. Буннан алдын оған (ҳеш кимди) атлас қылмағанбыз (усы ўақытқа шекем бул ат пенен аталған адам болмаған)».
Аллаҳ таала Ибраҳим алайҳиссалам ҳәм оның ҳаялына да перзент хошхабарын берген.
Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳтан қутлықлаў ҳаққында мынадай рәўият қылынады: оның алдында перзент көрген бир адам отыр еди. Алдына және бир адам келди ҳәм оған: «Атлық сүйиндирсин», деп қутлықлады. Сонда Ҳасан Басрий: «Ол атлық па яки ешек бағар ма – қаяқтан билесең?», деди. «Онда не деп айтыўымыз керек?», деди ол адам. «Аллаҳ перзентиңизди мүбәрек қылсын, бергенге шүкирли болың, перзентиңиз камалға жетсин ҳәм оның жақсылығы сизге несип етсин, деп айтың», деди Ҳасан Басрий.

2. Перзент туўылғаннан кейин биринши еситетуғын сөзи азан болыўы ушын оң қулағына азан, шеп қулағына иқомат айтыўы мустаҳаб есапланады.

3. Перзент туўылғанда, әкеси яки басқа пазыйлетли адам қурма яки соған уқсас нәрсе шайнап, оны нәресте аўзына жағыўы мустаҳаб. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаи киромлардан бир нешеўиниң перзентлерине сондай қылған. Әбиў Бакр Сыддықтың қызы Асмоның баласы Абдуллаҳ ибн Зубайр (Аллаҳ таала олардың бәршесинен разы болсын) туўылғанда Пайғамбарымыз сондай қылған. Асмо оған Мәккәда ҳәмледар еди ҳәм Мадинаға ҳижрат қылып Қубоға келиўи менен Абдуллаҳты туўады. Оны Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына апарғанда, Расулуллаҳ қурма келтириўин сорады ҳәм қурманы шайнап аўзына түпирди. Соң қурма менен аўзына сүртип ҳәм ҳаққына дуўа қылды, оған берекет тиледи. Абдуллаҳ Мадинадағы муҳажирлердиң Исламда туўылған биринши перзенти еди.

4. Бала туўылғанда оған жақсы ат қойыў сүннет есапланады. Ат қойыўды жети күннен кешиктириўге болмайды. Имам Муслим Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыўларынша, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Бүгин түнде бир ул перзент көрдим, оны атамның аты менен Ибраҳим деп атадым». Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бул баласы Мария Қибтийя разыяллаҳу анҳадан туўылған еди. Ол шорысы еди. Мусылман болған еди. Имам Муслим Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мәрҳамат қылады: «Аллаҳ таалаға ең сүйикли атларыңыз Абдуллаҳ ҳәм Абдурраҳман болып есапланады». Басқа ҳәдислеринде айтады: «Пайғамбарлардың атын алың!» Атларды бузып айтыў мәкруҳ болады.

5. Ер баланы ҳатна қылдырыў сүннет есапланады. Оны кешиктириў мәкруҳ. Бул барлық пайғамбарлардың сүннети саналады.

http://t.me/nasiyatuz
2.6K views16:26
Ашу / Түсініктеме
2022-09-21 19:20:47 Дағаза!!!
Ата-ана сатылады: Ата-68, ана-66 жаста.

Ата-ана сатылады: Ата-68, ана-66 жаста.
Бул ата-аналардың сатылыўы ҳаққындағы таң қаларлық ўақыя Японияда болған....Токио газеталарының биринде нәўбеттеги таң қаларлық дағаза шықты. Онда былай деп жазылған:
«Ата-ана сатылады. Ата-68, ана-66 жаста. Баҳасы 900 йена».
Бул дағазаны көргенлер расында да таң қалатуғын еди. Базы- биреўлер: «Қандай заманға қалдық? Ата-аналар да енди сатылатуғын болған ба! Ҳүкиметимиз қай жаққа қарап атыр?.. Қулласы мыш-мышлар гүжип кетти.
Әне усы газета жақында ғана автоавария себепли ата-анасынан айырылған жас шаңарақтың қолына түсип қалды. Жоғалтыўға ушыраған перзентлер қатты қайғыда еди. Ата-анасын сатыўды қәлеп дағаза жазып атырғанлар, олар ушын нанкөрлик қылып атырғандай көринди. Сатылып атырғанлардың қәлбинде нелер болып атырғанын ойлаўдың өзи бул жас шаңарақ ушын қорқынышлы еди. Соның ушын олар бул еки қәрияны сатып алып, меҳир-муҳаббат көрсетип, ғамқорлық қылыўға бел байлады.
Олар айтылған мәнзилге келип, қатты әжепленди. Олардың қарсысында салтанатлы, ҳәр қыйлы реңлер менен таралған ҳәўли көринип турар еди. Мәнзилинен адасқанына әмин болып турғанларын да есик ашылып, бир ғарры адам күлимсиреп күтип алды.
• Саламатсызларма? Қандайда түсинбеўшилик болғаны анық, бирақ...... дағазада сизлердиң үй мәнзилиңиз көрсетилген екен....
Ғарры:
• Ҳәммеси туўры! Мәрҳамат ишке кириң!-деди толқынланып.
Мийманларды отырыўға мирәт етип, кемпирин шақырды:
Көрип турғаныңыздай бизлер материаллық жақтан ҳеш нәрсеге мүтәж емеспиз. Бирақ бизлердиң мийрасхорымыз-перзентлеримиз жоқ. Соның ушын усы дағаза арқалы өзлеримизге мүнәсип адамларды табыўға қарар қылдық. Бизлер бул дағазаға тек меҳир ҳәм инсаныйлық сезими жоқары адамлар жуўап беретуғынлығын билетуғын едик! Бирақ бундай инсанлар табылыўына гүманда едик. Сизлердиң бул ислериңиз ҳүрметке ылайық! Сизлерди ушыратқанымыздан жүдә ҳәм қуўанышлымыз!-деди....

Дерек: Xatib.uz сайты

https://t.me/nasiyatuz
2.2K viewsedited  16:20
Ашу / Түсініктеме
2022-09-21 17:48:00 Бәле – мүсийбетлер себеби. Дәрт-ғамлар шыпасы

«
(Ҳәй инсанлар!) Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан). Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши. (Кери жағдайда, мүсийбет буннан да көп болар еди.)» (Шуўро сүреси, 30-аят).
Усы аят нәзил болғанда Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам): «Жаным қолында болған Аллаҳға ант, Аллаҳ таала мөминге жеткен дәрт ҳәм кеселлик, қайғы ҳәм тәшўиш, ҳәттеки, оған шаншылған тикен себепли оның гүналарын кеширеди», – деди (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Аллаҳ таала инсанларға ҳәр бир айыбы ушын мүсийбет жеткергенде, олар апатқа жүз тутар еди. Ибн Әбиў Хотим (раҳматуллаҳи алайҳ) рәўият қылады: «Имрон ибн Ҳусайн қатты аўырып қалғанда алдына кирдик. Оның жарақаты бар еди. Оған: «Сизиң қыйналып атырғаныңызды көрип қайғырдық», деди. Имрон ибн Ҳусайн: «Ондай қылмаң. Аллаҳ таалаға сүйикли болған нәрсе мағанда сүйикли», – деди ҳәм де: «Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, » өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан)», - аятын тиләўат қылды. Соң: «Бул аўырыў қылмысларым себепли. Рәббим мени кешире ме», – деди.
«Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши» муқаддес аятын муфассирлер былай тәфсир қылады: «Аллаҳ таала көпшиликти әпиў етеди. Яғный, бул дүньяда азапқа ылайық болса да, оларға мүсийбет жеткизбейди».
Бенделерге берилген жақсылықлар да ийгиликли әмеллердиң сыйлығы есапланады. Аллаҳ таала былай мәрҳамат қылады: «Билип қойың! Аллаҳтың досларына қәўип жоқ, олар қапа да болмайды. Олар – ийман келтиргенлер ҳәм тақўалылар. Оларға дүнья өмиринде де, ақыретте де хош хабар бар. Аллаҳтың сөзлеринде өзгертиў жоқ. Бул – үлкен утыс. Олардың (кәпирлердиң) гәпи сени қапа қылмасын! Қүдиреттиң ҳәммеси – Аллаҳтики. Ол – Еситиўши, Билиўши» (Юнус сүреси, 62–65-аятлар).
Гейде ата-аналардың гүналары себепли олардың балаларына мүсийбет жетеди. Әбиў Билал Аъла ибн Бадрға: Аллаҳ таала: «Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан)» (Шуўро сүреси, 30-аят), деп мәрҳамат қылған. «Көзим көрмей қалды, еле, мен жас баламан ғой», – деди. Ол: «Бул ата-анаңның гүналары себепли», – деди.
Муъаўия ибн Әбиў Суфян (разыяллаҳу анҳу) айтады: «Мен Расулуллаҳтан (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) еситтим. Ол былай деди: «Мөминниң денесине қандай да бир мүсийбет жетсе, әлбетте, Аллаҳ таала бул себепли оның қәтелерин кеширеди» (Имам Аҳмад рәўияты).
Ибн Аўн (раҳимаҳуллаҳ) айтады: «Муҳаммад ибн Сийрин қарызға батып қалғанда қапа болып: “Буның себебин билемен. Бул қайғы қырық жыл алдын ислеген гүнам себепли”, – деди».
Имам Исмайыл Ҳаққий (раҳматуллаҳи алайҳ) «Руўҳул баян» атлы тәфсиринде: «Аятта бенделер ҳәм мүсийбет ийелериниң қәлблерине тәселле бар», – дейди. Аяты кәрийма адамды қәтеге жол қойған пайытта өзин сораў қылыўға шақырады. Егер бендеге көп бәле келип атырған болса, жаман қылмысларынан тәўбе қылсын, өзин апаттан қутқарыў ушын шын тәўбе қылсын.
Әбиў Сулайман Доронийге (раҳматуллаҳи алайҳ): «Ақыллыларға не болды? Оларға жаманлық жетсе, өзлерин қаралап атыр?» – деп сораў берди. Ол: «Себеби, олар мүсийбет гүна себепли келетуғынын билди», – деп жуўап берди».
Әбиў Жуҳайфадан рәўият қылынады: «Мен Әлий ибн Әбиў Талибтиң алдына кирдим. Ол маған: «Ҳәр бир мөмин билиўи лазым болған ҳәдисти айтып берейин бе?» – деди. Әбиў Хотим айтады: «Биз сол ҳәдис ҳаққында сорадық». Ол: «(Ҳәй инсанлар!) Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан). Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши. (Кери жағдайда, мүсийбет буннан да көп болар еди.)», аятын оқып: “Себеби, Аллаҳ таала дүньяда қандай да бир себеп пенен азапланған болса, қыямет күни сол нәрсе ушын қайта азапламайды. Ол – меҳрибан. Аллаҳ таала дүньяда кеширген гүна ушын ақыретте азапламайды. Себеби, Ол – уллы”» ҳәдисин айтып берди (Имам Аҳмад рәўияты).

Тәфсир китаплары тийкарында таярланды.

http://t.me/nasiyatuz
2.1K views14:48
Ашу / Түсініктеме
2022-09-21 17:08:16 #хабар

БАС ИМАМЛАРЫМЫЗ ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДАҒЫ «ШЕЙИТЛЕР ЕСТЕЛИГИ» ҚЫЯБАНЫНА САЯХАТҚА БАРДЫ

Хабарыңыз бар усы жылы 31-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, нураныйлар менен биргеликте репрессия қурбанларын еслеў ушын Ташкент қаласындағы «Шейитлер естелиги» қыябанында болғанлығы, ол жерде шейитлер руўхларына Қуран тилǝўат етилип, өткенлер ҳақына дуўа етилгени, сондай-ақ, ҳүрметли Журтбасшымыз 2001-жылдан берли 31-август “Репрессия қурбанларын еслеў күни” сыпатында байрамланып келиниўи, жадидши бабаларымыздың руўхларын шад етиў, ѳмири ҳәм мийрасларын үйрениўге қаратылған жумыслар даўам етип атырғаны, ѳткен жылдан баслап “Репрессия қурбанлары естелиги” музейи реконструкция етилгени ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда оның филиалларының ашылғаны ҳаққында айтып ѳткен еди…
Сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы устаз Шамсуддин Баҳауддинов басшылығындағы Қарақалпақстан Республикасында хызмет етип атырған имам-хатиблер Өзбекстан халықаралық ислам академиясының қәнигеликти арттырыў орайында шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы шеңберинде диний тараў хызметкерлериниң алдында турған ўазыйпалар» атамасында, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, ўәлаятлар, қала ҳәм район бас имам-хатиблери ушын қәнигеликти арттырыў сабақларының оқыў семинарында тыңлаўшы болып турғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.
Бүгин усы оқыў семинардың режесине муўапық бас имамларымыз «Шейитлер естелиги»  қыябанында саяхатта болды. Саяхат даўамында ол жердеги абаданластырыў жумыслары ҳǝм «Шейитлер естелиги» музейи менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты баспа сөз хызмети

https://t.me/paziyletuz
1.2K views14:08
Ашу / Түсініктеме
2022-09-21 17:08:16
1.1K views14:08
Ашу / Түсініктеме