Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 8

2022-09-04 19:01:58 ​​​​     "ҚАЎЫН"

     Әлҳамдулиллаҳ, бүгинги күнлери қаўын, ғарбызларға базарларымыз лық толы. Шертип жүрип таңлап шийринин алып жақын-жуўықларыңыз бенен жеп жүрсиз. Ҳәтте, бул әжайып жемис пенен ҳәр бириңиздиң тәсирли яки қуўнақ ўақыялығыңыз болса керек.
     Жаслығымда үйде 100 дана қаўын болар еди. Ҳәр күни қаўын жер ўақытта "Ашып баслаған биреўин алып шық", - дер еди. 100 данадан биреўи ашыўды баслаған болса, сол қаўын желинер еди. Әлбетте, бир күн өтип тағы бир қаўын ашып баслар еди. Сол тақылетте 100 күн ашыған қаўын жер едик. Егер сол бир ашыған қаўыннан ўаз кешсек, 99 күн таза қаўын жеген болар ма едик?!

     Түсинген адамға қаўын бул жерде - өтмиштеги қыйнап жүрген сарқыт ойлары, әмелге аспай қалған арзыў-әрманлары, кеўилинде сақлап жүрген кеклери, ҳеш тәрк ете алмаған жаман иллетлери болыўы мүмкин. Егер олар менен сиз ҳәр күни дусласа берсеңиз, ҳеш қашан жаңалана алмайсыз. Нелерди тәрк етсеңиз нелерге жетисиўиңизди сиз жақсы билесиз!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.1K views16:01
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 16:05:18 ​​​​     ЖАМАН ҚОҢСЫ

     Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳи ҳәр күни түнде таҳажжуд намазынан кейин Қуран тиләўатына отырар еди. Оның бир қоңсысы болып, ол ҳәр күни Әбиў Ҳанифа Қуран оқыўға отырған ўақытта көшеден мәс ҳалда келип, бақырып қосық айтып отырар еди. Қоңсысы: "Мениң қәдиримди ҳеш ким билмейди...", деп бақырар еди. Әбиў Ҳанифа ҳәр күни оннан азарланар еди.
     Бир күни қоңсысының даўысы еситилмей қалды. Таң азан мен Әбиў Ҳанифа қоңсысын излеп үйине барды, барса қоңсысын қаланың сақшылары алып кетипти, Әбиў Ҳанифа дәрриў атына минип қала миршабханасына барды ҳәм бас миршабқа: "Өзим кепил боламан, енди бундай етпейди", - деп, алып шықты ҳәм атына миңгестирип үйи тәрепке жол алды. Жолда Әбиў Ҳанифа: "Сениң қәдириңди билер екенбиз бе?", - деп сорады. Қоңысы уялып, индемей отыра берди.
     Әбиў Ҳанифаның қоңсысы бул ўақыядан кейин толық өзгерди ҳәттеки, кейиншелик қаладағы фақиҳлерден бирине айланған екен.

     Бул ўақыялықтан жаман жолдағы адамларға да итибар берип кеўилин көтерип жәрдем берилсе, жақсы жолға түсиўи мүмкин екенин түсинсек болады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
101 views13:05
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 15:50:44 ​​​​     НАМАЗ БИЗЛЕРГЕ ЕМЕС, БИЗ НАМАЗҒА МҮТӘЖБИЗ!

     ​​Шайх Әлий Тантаўий бир жигитке: "Неге намаз оқымайсаң? Намаз ҳәр бир мөминге парыз", - деди.
     Жигит: «Туўры, намаздың парыз екенин инкар қылмайман. Мен де намаз оқыўды жақсы көремен. Бирақ, айырым бир намаз оқыйтуғынларды көрип, намаз оқығым келмей қалды... Жумыста бир жигит бар. Бес ўақыт намаз оқыйды. Бирақ, өтирикши, тәкаббыр бала, аманатдар емес. Ол туўры жолдан аўып кеткен», - деди.
     Сонда мен: «Соның ушын намаз оқымай жүрсең бе?» - десем,
Ол: «Аўа», - деди.
Мен: «Онда аўқатты да жеме?» - дедим.
Ол: «Не ушын жемейин?!» - деди, ҳайран болып.
Мен: «Аўқат жейтуғынлардың ишинде де уры, минези жаман тәкаббырлары бар», - дедим.
Ол: «Бар болса, не бопты? Денемиздиң жасаўы ушын жеў керек!» - деди.
Мен: «Әне соған уқсап, руўхтың жасаўы ушын да намаз керек! Жумысыңдағы жигит өтирикши болса, оның намазға не байланысы бар?» - дедим.

     Дурыс әзизлер, айырым бир намаз оқыйтуғынлардың ишинде бундайлар да ушырап турады, бирақ бул дегени мусылманшылық усындай дегени емес. Мысалы, қайсы бир пән оқытыўшысы өз пәнин терең билмесе, оқыўшыларына жақсы үйрете алмаса, буған сол пән айыплы болмайды, ал айып сол оқытыўшының өзинде болады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
142 views12:50
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 13:41:20 АЗДЫРАТУҒЫН ПРОТЕИНЛЕРДИҢ ҲҮКИМИ ҚАНДАЙ?

СОРАЎ: Аздыратуғын протеинлердиң шәриятта ҳүкими қандай? Ҳадал ма яки ҳарам ба?

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Егер аздыратуғын дәри қурамында шәриятымыз ҳарам қылған нәрселер болмаса ҳәмде бул дәри инсан саламатлығына унамсыз тәсир қылмайтуғын болса, азыў мақсетинде оны қабыл қылыўға динимиз руқсат береди. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
128 views10:41
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 13:35:00 ​​​​АЛЛАҲТЫҢ РУҚСАТЫ МЕНЕН ГҮНАЛАРДЫ ӨШИРИЎШИ СЕБЕПЛЕР

     1. Гүналарыңды тасбеҳлериң менен өшир.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким бир күнде жүз мəрте «Субҳааналлаҳи ўа биҳамдиҳи» десе, қəтелери теңиз көбигинше болса да өширип жибериледи", – деп айтқан.
     Имам Муслим рəўияты.

     2. Истиғфарларың менен гүналарыңды өшир.
"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким: «Әстағфируллаҳаллазий ла илаҳа илла ҳуўал ҳаййул қаййум ўа атуубу илайҳи», деп айтса, урыстан қашқандағы гүнасы да кеширилип жибериледи», – деди».
     (Мəниси: Бəрқулла тири Аллаҳтан кешириўин сорайман ҳəм Оған тəўбе қыламан.)
     Әбиў Даўыт, Термизий ҳəм Ҳəким рəўияты. Имам Ҳəким бул ҳəдис Бухарий ҳəм Муслимниң шəртине гөре саҳиҳ, деген.

     3. Төмендеги зикир менен гүналарды өшир.
     "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
Жер жүзиндеги қайсы бир адам "Лəə илаҳа иллаллаҳу ўаллаҳу акбар, ўалаа ҳаўла ўала қуўўата илла биллаҳ", деп айтса, тап оның қəтелери теңиз көбигинше болса да кеширилип жибериледи", – деди.
     (Мəниси: Аллаҳтан басқа илəҳ жоқ, Аллаҳ уллы, Аллаҳтан басқа ҳеш бир күш ҳəм қуўат жоқ).
     Имам Термизий рəўияты.

     4. Тағам ақырында ҳамд айтыў менен гүналарыңды өшир.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким тағам жеп болып: «Әлҳамду лиллаҳил лазий атъаманий ҳаза ўа розақонийҳи мин ғойри ҳаўлин минний ўала қуўўатин», деп айтса, оның дəслепки гүналары кешириледи», – деди.
     (Мəниси: «Мениң күш-қуўатымды кеткизбей, мине бул ырысқы менен тағамландырған Аллаҳға ҳамд болсын».)
     Әбиў Даўыт ҳəм Термизий рəўияты. Термизий буны ҳасан ҳəдис, деди.

     5. Кийим кийгеннен соң ҳамд айтыў менен гүналарыңды өшир.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким бир жаңа кийим кийип, «Әлҳамду лиллаҳиллазий касаний ҳаза ўа розақонийҳи мин ғойри ҳаўлин минний ўала қуўўаҳ», десе, Аллаҳ оның алдынғы гүналарын кеширеди», – деди.
     (Мəниси: Өзгертпей, қуўатымды кеткизбей маған ырысқы берген ҳəм мени кийиндирген Аллаҳға ҳамд болсын).
     Ибн Сунний рəўияты.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
144 views10:35
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 07:22:26 ​​​​     ТӘЎБЕ

      Бир күни ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳудың алдына бир кимсе келип, сораў берди:
- Ҳәй Әлий! Бир гүна ис қылдым, не қылыўым керек?
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Тәўбе қыл", - деди.
- Тәўбе қылдым, лекин тәўбемди буздым.
- Тағы тәўбе қыл!
- Қашанға шекем тәўбе қыламан?
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Шайтанды жеңгениңе шекем", - деди.
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Тек ийесин қутқарған тәўбе, тәўбе ме? Негизги тәўбе шын қәлбтен қылғаныңда оның берекети менен бир неше инсанлар туўры жолға киреди ҳәм қутылады", - деди.

“Аллаҳ муҳаббаты” китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.2K views04:22
Ашу / Түсініктеме
2022-09-03 20:44:04 Пайтахтымыз бойлап саяхат мазмунлы өтти
541 views17:44
Ашу / Түсініктеме
2022-09-03 20:44:03


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
542 views17:44
Ашу / Түсініктеме
2022-09-03 20:44:03


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
291 views17:44
Ашу / Түсініктеме
2022-09-03 20:44:03


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
287 views17:44
Ашу / Түсініктеме