Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 25

2022-07-03 18:40:15
     ТАҢ НАМАЗЫНА УЙҚЫЛАП ҚАЛМАЎ ҲАҚҚЫНДА

     Саҳабалар разыяллаҳу анҳум Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға келип:
"Бизлер Таң намазының қаза болыўын жүдә жаман көремиз. Бирақ, таң намазына уйқылап қалып атырмыз, уйқы бизлерге үстем болып, тура алмай атырмыз", - деп шағым қылды.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ҳәддинен асыў уйқыда емес, ояў гезде болады", - деди.
(Имам Термизий рәўияты)

     Түсиндирме: Ҳәдис қысқа ҳәм мәнили. Ҳеш ким көп уйқылағаны ушын таң намазына уйқылап қалмайды. Бир инсан түнниң ярымына шекем отырады ҳәм кеш уйқылайды. Адам болғаны ушын шаршайды ҳәм таң намазына үстинен суў қуйылса да тура алмайды. Усылайынша уйқылағанында емес, ояў ўақтында ҳәддинен асады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
685 views15:40
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 23:19:39
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы халықты провокацияға берилмеўликке ҳәм тынышлықтың қәдирине жетиўге шақырды.

http://t.me/nasiyatuz
2.0K viewsedited  20:19
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 23:13:46

1.9K views20:13
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 23:10:57 Ислам дини

«Ислам» – «бойсыныў, ықлас, тынышлық, ибадат, питим» дегени. Аллаҳ тааланың бәрше бенделери ушын разы болған дини Ислам дини болып есапланады. Ислам – таўҳид дини. Аллаҳ таала жиберген бәрше пайғамбарлар: Адам, Нуҳ, Ибраҳим, Муўса, Ийса, Муҳаммад алайҳимуссалам инсанларды тийкарынан бир динге – Аллаҳ тааланың бир екенлигине, оның китапларына, периштелерине, расуллерине ҳәм қыямет күнине ийман келтириўге, тек жалғыз Аллаҳға ибадат қылыўға шақырған (Шуро,13). Ислам дини шәриаты кәмил-жетик шәрият болып есапланады. Ислам дининдеги адамлар «мусылман – муслим» деп аталады. Ҳәзир жер жүзинде бир миллиардтан аслам мусылман бар.

Дин усыллары

Биринши – таўҳид усылы. Аллаҳ тааланы бир деп билиў ҳәм усы исенимде беккем турыў.
Екинши – әдил усылы. Дүнья ислери ҳәм шәрият ҳүкимлеринде ҳәр дайым туўры жолда болыў, рас сөйлеў.
Үшинши – имомат усылы. Дин ҳәм дүнья ислери бир келип қалғанда алдын диний ислерди орынлаў.
Төртинши – нубуўўат усылы. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм оннан алдын өткен бәрше әнбия ҳәм пайғамбарларға ийман келтириў.
Бесинши – амру маъруф усылы. Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үмметине буйырған (парыз, сүннет) нәрселерге әмел етиў ҳәм шақырыў.
Алтыншы – наҳий мункар усылы. Аллаҳ таала қадаған еткен ислерден сақланыў ҳәм қайтарыў.
Жетинши – таўалла усылы. Аллаҳтың досларын дос тутыў. Пайғамбарлар, саҳабалар, ҳақ жолдағы, исеними таза, ийманы кәмил бәрше уламалар, намаз ҳәм оразасын қаза қылмайтуғын, Аллаҳтың буйрығына әмел қылыўшы адамлар Аллаҳ тааланың дослары есапланады.
Сегизинши – табарро усылы. Аллаҳ тааланың душпанларын душпан деп билиў.

http://t.me/nasiyatuz
1.8K viewsedited  20:10
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 19:46:29 #Ҳәдис

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ең көп айтатуғын дуўасы: «Аллаҳумма, Роббәнәә әәтинәә фийд-дуня ҳасанатан ўә фийл-аахироти ҳасанатан ўә қинәә ъазәәбән-нәәр», еди.
Дуўаның мәниси: «Аллаҳым! Рәббимиз, бизлерге бул дүньяда да жақсылықты, ақыретте де жақсылықты бер ҳәм бизлерди дозақ оты азабынан сақла!».
(Имам Бухарий рәўияты)

Шолыў: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ең көп айтатуғын дуўа мәнисиндеги бул аяты кәрийма дүнья ҳәм ақырет жақсылықларының арасын жәмлеген.

Дүньядағы жақсылық: Саламатлық, тынышлық, ырысқы, илим, солиҳа ҳаял, кең ҳәўли, инсан аманлықта болатуғын ҳәр бир нәрсе ҳәм кеўил қәтержамлығы.

Ақыреттеги жақсылық: жәннетти талап қылып дозақтан қутылыў, Аллаҳ тааланың разылығына ерисиў ҳәм Аллаҳ таала Қуранда: «Ким Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға итаат етсе, демек әне солар – Аллаҳтың инамына ерискен нәбийлер, сыддықлар, шейитлер ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен бирге. Олар жолдас сыпатында қандай жақсы!» (Ниса сүреси, 69-аят), деп айтқанындай мәңги, наъийм жәннетлерде нәбийлер ҳәм расуллер менен бирге болыў.

«Саҳийҳул Бухарийге жеңил шолыў» китабынан

http://t.me/nasiyatuz
2.3K views16:46
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 14:39:26 #Күн_ҳәдиси

Саъд ибн Әбиў Ўаққос разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған: «Әлбетте сен Аллаҳтың разылығын тилеп бир напақа қылсаң, саўабын алмай қалмайсаң. Ҳәтте ҳаялыңның аўзына тутқан луқмаңнан да саған саўап келеди», деди».

«Әл-адаб әл-муфрад»

http://t.me/nasiyatuz
2.0K views11:39
Ашу / Түсініктеме
2022-07-02 14:38:19
Дозақтан қалқан

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудың былай дегенлери рәўият қылынады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алдымызға шықты да: "Қалқанларыңызды алыңлар!", - деди. Бизлер: "Я Расулуллаҳ, неге, душпан келди ме?", - деген едик, Расули Әкрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Дозақтан сақланыўыңыз ушын қалқанларыңызды алыңлар! "Субҳанааллаҳи ўәлҳамдулилләәҳи ўә ләә иләәҳә иллаллааҳу ўаллааҳу әкбар ўә ләә ҳәўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләәҳ", - деп айтыңлар. Себеби, булар Қыямет күни избе-из нәжат кәлиймалары болып келер. Өйткени, олар саўаплары мәңги қалыўшы солиҳ әмеллерден", - деди.

(Насаий рәўияты, Ҳаким де рәўият қылып, Муслимниң шәртине көре саҳиҳ, деген.)

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.8K views11:38
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 21:33:50 «Пайғамбарымыздың «Бизден емес…» деген ҳәдислеринен»


1.5K views18:33
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 21:32:13 #рәўият

Бир күни шәкиртлер кексе устазының алдынп келип, оннан сорапты:
-Неге жаман әдетлер адамды аңсат ийелейди, жақсы пазыйлетлерге қыйын ерисилип, олар тез кетип қалады?

Устазы оларға:
- Егер саў туқымды жердиң бетинде қалдырып, кеселин жерге көмсеңиз не болады? - деди.

- Күнде қалған туқым набыт болады, топыраққа көмилгени болса жаман болса да өнип шығып, аз болса да ҳасыл береди.

- Адамлар да тап сондай қылады: қайырлы ислерди шын кеўилден қылып қәлб түбинде сақлаўдың орнына, оларды көз-көз қылыў ушын шығарып қояды ҳәм абайлай алмай набыт қылады. Өзлериниң гүналарын ҳәм иллетлерин болса басқалар көрмеўи ушын илажы барынша иш-ишине жасырып, оларды пәлек аштырып жибереди.

┄┅┅✿❀ ❀✿┅┅┄

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.4K views18:32
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 21:30:11 НАҒЫЗ БАЙЛЫҚ

Бир кәмбағал адам Аллаҳ таалаға налый баслапты:
– Я Жаратқан Ийем, неге мени басқа бенделериңнен кем көрдиң, ырысқымды тар қылдың?!
Бир жолаўшы оның гәпин еситип қалып сорапты:
– Бирадар, аманлықпа? Неден наразысаң?!– Аллаҳ маған көп ырысқы бермеди, тынбай мийнет етемен, бирақ шарасызлықтан шығып кете алмай атырман! Жолаўшы бираз ойланып турғаннан кейин депти: – Мейли, саған бес мың тилла беремен. Орнына бир көзиңди бересең! Жарлы киси қатты қорқып кетип, еки адым артқа шегинипти: – Есиң дурыспа? Қалайынша бес мың ушын көзимнен айырылайын?! Жолаўшы саўдаласыўды даўам етипти: – Онда бир қолыңды береғой. Он мың тилла беремен? – Болмайды, – пақырдың ашыўы келе баслады, – жүз мың берсең де қолымды бермеймен! – Мейли, ондай болса, усы он мыңға бир бармағыңды бер! – Неге бармағымды сатайын?! Пүткил дүньяны берсең де бармағымды алмастырмайман! Оның усы гәпин еситкен жолаўшы мақсетке өтипти: – Ҳәй нәшүкир бенде, онда неге налыйсаң? Аллаҳ саған қанша байлық бергенин көрмей атырсаңба? Төрт мүшең саў, ақыл-есиң жайында. Сен болсаң пақырлықтан налып отырсаң. Буның орнына Аллаҳ берген есапсыз неъматларға шүкир қылсаң болмайдыма?! – депти.

http://t.me/nasiyatuz
1.2K views18:30
Ашу / Түсініктеме