Get Mystery Box with random crypto!

Перзент туўылғанда... Бала туўылғаннан соң қылыныўы лазым бол | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Перзент туўылғанда...

Бала туўылғаннан соң қылыныўы лазым болған сүннет ҳәм мустаҳаб ислердиң әҳмийетлилери төмендегилер:

1. Нәресте туўылғанда хошхабар бериў ҳәм оның менен қутлықлаў мустаҳаб саналады. Себеби, хошхабар мусылманды қуўантады ҳәм кеўлин көтереди. Инсан перзенти туўылғанда яки ҳаялдың ҳәмледарлығы билинсе де, қуўаныў мустаҳаб есапланады.
Мәрям сүресиниң 7-аяты мазмуны мынадай: «Ҳәй Зәкария! Биз саған аты Яҳя болған баланың хош хабарын беремиз. Буннан алдын оған (ҳеш кимди) атлас қылмағанбыз (усы ўақытқа шекем бул ат пенен аталған адам болмаған)».
Аллаҳ таала Ибраҳим алайҳиссалам ҳәм оның ҳаялына да перзент хошхабарын берген.
Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳтан қутлықлаў ҳаққында мынадай рәўият қылынады: оның алдында перзент көрген бир адам отыр еди. Алдына және бир адам келди ҳәм оған: «Атлық сүйиндирсин», деп қутлықлады. Сонда Ҳасан Басрий: «Ол атлық па яки ешек бағар ма – қаяқтан билесең?», деди. «Онда не деп айтыўымыз керек?», деди ол адам. «Аллаҳ перзентиңизди мүбәрек қылсын, бергенге шүкирли болың, перзентиңиз камалға жетсин ҳәм оның жақсылығы сизге несип етсин, деп айтың», деди Ҳасан Басрий.

2. Перзент туўылғаннан кейин биринши еситетуғын сөзи азан болыўы ушын оң қулағына азан, шеп қулағына иқомат айтыўы мустаҳаб есапланады.

3. Перзент туўылғанда, әкеси яки басқа пазыйлетли адам қурма яки соған уқсас нәрсе шайнап, оны нәресте аўзына жағыўы мустаҳаб. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаи киромлардан бир нешеўиниң перзентлерине сондай қылған. Әбиў Бакр Сыддықтың қызы Асмоның баласы Абдуллаҳ ибн Зубайр (Аллаҳ таала олардың бәршесинен разы болсын) туўылғанда Пайғамбарымыз сондай қылған. Асмо оған Мәккәда ҳәмледар еди ҳәм Мадинаға ҳижрат қылып Қубоға келиўи менен Абдуллаҳты туўады. Оны Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына апарғанда, Расулуллаҳ қурма келтириўин сорады ҳәм қурманы шайнап аўзына түпирди. Соң қурма менен аўзына сүртип ҳәм ҳаққына дуўа қылды, оған берекет тиледи. Абдуллаҳ Мадинадағы муҳажирлердиң Исламда туўылған биринши перзенти еди.

4. Бала туўылғанда оған жақсы ат қойыў сүннет есапланады. Ат қойыўды жети күннен кешиктириўге болмайды. Имам Муслим Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыўларынша, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Бүгин түнде бир ул перзент көрдим, оны атамның аты менен Ибраҳим деп атадым». Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бул баласы Мария Қибтийя разыяллаҳу анҳадан туўылған еди. Ол шорысы еди. Мусылман болған еди. Имам Муслим Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мәрҳамат қылады: «Аллаҳ таалаға ең сүйикли атларыңыз Абдуллаҳ ҳәм Абдурраҳман болып есапланады». Басқа ҳәдислеринде айтады: «Пайғамбарлардың атын алың!» Атларды бузып айтыў мәкруҳ болады.

5. Ер баланы ҳатна қылдырыў сүннет есапланады. Оны кешиктириў мәкруҳ. Бул барлық пайғамбарлардың сүннети саналады.

http://t.me/nasiyatuz