Get Mystery Box with random crypto!

Тилди сақлаў ҳәм инсанның сөйлеўи шырайлы саналған нәрселер ҳа | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Тилди сақлаў ҳәм инсанның сөйлеўи шырайлы саналған нәрселер ҳаққында

Луқманы Ҳәким баласына тағы айтты : “Ҳәй балам, өтирик сөйлеўден сақлан! Себеби, өтирик диниңди бузады, адамлар алдында мүриўбетиңди жоққа шығарады, мәртебеңди түсиреди ҳәм абырайыңды зая етеди, сөйлесең сени еситпейди, сөз айтсаң, сени тастыйықламайды. Егер сен, сондай екенсең, өмирде сен ушын жақсылық қалмайды. Сениң бул жағдайыңнан хабардар болса, енди туўры сөйлесең де, сени жалатайға шығарады, намысыңды жерге урады, сениң менен бирге отырыўды жек көреди, сырларын сеннен жасырады, сени көрген ўақытта сөйлеўден тоқтайды, гәпин жасырады, дин ислеринде сеннен ықтыят болады, жеке жағдайлары менен байланыслы болған ислеринде болса, саған исенбейди. Бул дүньяда инсанлар алдында сондай жағдайға түсесең, бирақ ақыретте Аллаҳ тааланың азабы буннан да үлкен”.

«Унўанул баян» китабынан

http://t.me/nasiyatuz