Get Mystery Box with random crypto!

ШӘПӘӘТ ҚЫЛЫЎШЫ КИТАП Аллаҳ таалаға дуўа қылып, базы бир гүнак | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

ШӘПӘӘТ ҚЫЛЫЎШЫ КИТАП

Аллаҳ таалаға дуўа қылып, базы бир гүнакар бенделерди кешириўди ямаса айырым бенделерди икрам қылып, есап-китапсыз жәннетке киргизиўди сораў-шәпәәт деп аталады. Әҳли сунна ўәл жәмәә мазҳабы уламаларының айтыўы бойынша шәпәәт - ҳақ. Оған ийман келтириў-ўәжиб. Себеби гүнакар мусылманлардың шәпәәт етилиўи көплеп ҳәдислерде келген.

Ақырет күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм салиҳ адамлар шәпәәт ететуғынын билемиз. Сондай-ақ Аллаҳтың Кәламы Қураны карийим де шәпәәт қылады. Бул ҳаққында бир қанша рәўиятлар келген.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтады: «Қуран оқыңлар! Себеби, (Кәламуллаҳ) қыямет күни ийелерине шәпәәтши болады».

Белгили саҳаба Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Қыямет күни Қуран келип: «Пәрўәрдигарым, (Қуран оқыған бендеңди) кийиндир!»-деп айтады. Сонда оған кәрамат тажы кийгизиледи. Соң: «Пәрўардигарым оны зыяда қыл!» -деп айтады. (Қуран оқыған адамға) кәрамат кийими кийгизиледи. Қуран: «Пәрўардигарым оннан разы бол!»-дейди. Сонда (Аллаҳ) қарыйдан разы болып: «Оқы ҳәм көтерилип барабер» деп айтылады. (Аллаҳ) ҳәр бир аят ушын бир текше зыяда қылады».

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Ораза ҳәм Қуран (қыямет күни) бендени шәпәәт қылады. Ораза айтады: «(Пәрўардигарым,) мен оны күндизи аўқатланыўдан, нәпсиниң қәлеўинен тосқанман. Енди оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер»-дейди. Қуран айтады: «(Пәрўардигарым,) мен оны түнлерде уйқыдан қалдырғанман. Оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер»-дейди. Сонда (ораза ҳәм Қуранға бендени) шәпәәт қылыўы ушын имкан бериледи.

Бул ҳәдистен белгили, қалыс Аллаҳ таала ушын ораза тутқан, Қуран оқыған адамның гүналарын кешириў Аллаҳ тааладан соралады екен.
Уламаларымыз Қуран менен оразаның шәпәәтлерин төмендегише түсиндиреди:
• Қыямет күни Қуран менен оразаның саўабы дене көринисине кирип сорайды.
• Аллаҳ олардың атынан бир периште ўәкил қылады, усы периштелер сорайды.

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Қуран (қыямет күни) келип, Қуран оқыған бендени шәпәәт қылады. «Пәрўардигарым, ҳәр бир әмел етиўши өз исинен саўға алады. Мен оны (тири гезинде)ләззетлерден, түнлерде уйқыдан қалдырғанман. Енди оны ҳүрметле!»-дейди. Сонда (қарыйға): «Оң қолыңды соз!»-деп айтылғанда, оның қолы Аллаҳтың разылығы менен толады. Кейин «Шеп қолыңды соз!» деп айтылғанда, оның шеп қолы да Аллаҳтың разылығы менен толады. (Қарыйға) кәрамат кийими кийгизиледи. Оған кәрамат жарасады(яки ҳалал болады). Кейин кәрамат тажы кийгизиледи».

«Қуран – қәлблер шыпасы»
китабынан

https://t.me/nasiyatuz