Get Mystery Box with random crypto!

Дағаза!!! Ата-ана сатылады: Ата-68, ана-66 жаста. Ата-ана сат | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Дағаза!!!
Ата-ана сатылады: Ата-68, ана-66 жаста.

Ата-ана сатылады: Ата-68, ана-66 жаста.
Бул ата-аналардың сатылыўы ҳаққындағы таң қаларлық ўақыя Японияда болған....Токио газеталарының биринде нәўбеттеги таң қаларлық дағаза шықты. Онда былай деп жазылған:
«Ата-ана сатылады. Ата-68, ана-66 жаста. Баҳасы 900 йена».
Бул дағазаны көргенлер расында да таң қалатуғын еди. Базы- биреўлер: «Қандай заманға қалдық? Ата-аналар да енди сатылатуғын болған ба! Ҳүкиметимиз қай жаққа қарап атыр?.. Қулласы мыш-мышлар гүжип кетти.
Әне усы газета жақында ғана автоавария себепли ата-анасынан айырылған жас шаңарақтың қолына түсип қалды. Жоғалтыўға ушыраған перзентлер қатты қайғыда еди. Ата-анасын сатыўды қәлеп дағаза жазып атырғанлар, олар ушын нанкөрлик қылып атырғандай көринди. Сатылып атырғанлардың қәлбинде нелер болып атырғанын ойлаўдың өзи бул жас шаңарақ ушын қорқынышлы еди. Соның ушын олар бул еки қәрияны сатып алып, меҳир-муҳаббат көрсетип, ғамқорлық қылыўға бел байлады.
Олар айтылған мәнзилге келип, қатты әжепленди. Олардың қарсысында салтанатлы, ҳәр қыйлы реңлер менен таралған ҳәўли көринип турар еди. Мәнзилинен адасқанына әмин болып турғанларын да есик ашылып, бир ғарры адам күлимсиреп күтип алды.
• Саламатсызларма? Қандайда түсинбеўшилик болғаны анық, бирақ...... дағазада сизлердиң үй мәнзилиңиз көрсетилген екен....
Ғарры:
• Ҳәммеси туўры! Мәрҳамат ишке кириң!-деди толқынланып.
Мийманларды отырыўға мирәт етип, кемпирин шақырды:
Көрип турғаныңыздай бизлер материаллық жақтан ҳеш нәрсеге мүтәж емеспиз. Бирақ бизлердиң мийрасхорымыз-перзентлеримиз жоқ. Соның ушын усы дағаза арқалы өзлеримизге мүнәсип адамларды табыўға қарар қылдық. Бизлер бул дағазаға тек меҳир ҳәм инсаныйлық сезими жоқары адамлар жуўап беретуғынлығын билетуғын едик! Бирақ бундай инсанлар табылыўына гүманда едик. Сизлердиң бул ислериңиз ҳүрметке ылайық! Сизлерди ушыратқанымыздан жүдә ҳәм қуўанышлымыз!-деди....

Дерек: Xatib.uz сайты

https://t.me/nasiyatuz