Get Mystery Box with random crypto!

Бәле – мүсийбетлер себеби. Дәрт-ғамлар шыпасы «(Ҳәй инсанлар | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Бәле – мүсийбетлер себеби. Дәрт-ғамлар шыпасы

«
(Ҳәй инсанлар!) Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан). Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши. (Кери жағдайда, мүсийбет буннан да көп болар еди.)» (Шуўро сүреси, 30-аят).
Усы аят нәзил болғанда Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам): «Жаным қолында болған Аллаҳға ант, Аллаҳ таала мөминге жеткен дәрт ҳәм кеселлик, қайғы ҳәм тәшўиш, ҳәттеки, оған шаншылған тикен себепли оның гүналарын кеширеди», – деди (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Аллаҳ таала инсанларға ҳәр бир айыбы ушын мүсийбет жеткергенде, олар апатқа жүз тутар еди. Ибн Әбиў Хотим (раҳматуллаҳи алайҳ) рәўият қылады: «Имрон ибн Ҳусайн қатты аўырып қалғанда алдына кирдик. Оның жарақаты бар еди. Оған: «Сизиң қыйналып атырғаныңызды көрип қайғырдық», деди. Имрон ибн Ҳусайн: «Ондай қылмаң. Аллаҳ таалаға сүйикли болған нәрсе мағанда сүйикли», – деди ҳәм де: «Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, » өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан)», - аятын тиләўат қылды. Соң: «Бул аўырыў қылмысларым себепли. Рәббим мени кешире ме», – деди.
«Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши» муқаддес аятын муфассирлер былай тәфсир қылады: «Аллаҳ таала көпшиликти әпиў етеди. Яғный, бул дүньяда азапқа ылайық болса да, оларға мүсийбет жеткизбейди».
Бенделерге берилген жақсылықлар да ийгиликли әмеллердиң сыйлығы есапланады. Аллаҳ таала былай мәрҳамат қылады: «Билип қойың! Аллаҳтың досларына қәўип жоқ, олар қапа да болмайды. Олар – ийман келтиргенлер ҳәм тақўалылар. Оларға дүнья өмиринде де, ақыретте де хош хабар бар. Аллаҳтың сөзлеринде өзгертиў жоқ. Бул – үлкен утыс. Олардың (кәпирлердиң) гәпи сени қапа қылмасын! Қүдиреттиң ҳәммеси – Аллаҳтики. Ол – Еситиўши, Билиўши» (Юнус сүреси, 62–65-аятлар).
Гейде ата-аналардың гүналары себепли олардың балаларына мүсийбет жетеди. Әбиў Билал Аъла ибн Бадрға: Аллаҳ таала: «Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан)» (Шуўро сүреси, 30-аят), деп мәрҳамат қылған. «Көзим көрмей қалды, еле, мен жас баламан ғой», – деди. Ол: «Бул ата-анаңның гүналары себепли», – деди.
Муъаўия ибн Әбиў Суфян (разыяллаҳу анҳу) айтады: «Мен Расулуллаҳтан (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) еситтим. Ол былай деди: «Мөминниң денесине қандай да бир мүсийбет жетсе, әлбетте, Аллаҳ таала бул себепли оның қәтелерин кеширеди» (Имам Аҳмад рәўияты).
Ибн Аўн (раҳимаҳуллаҳ) айтады: «Муҳаммад ибн Сийрин қарызға батып қалғанда қапа болып: “Буның себебин билемен. Бул қайғы қырық жыл алдын ислеген гүнам себепли”, – деди».
Имам Исмайыл Ҳаққий (раҳматуллаҳи алайҳ) «Руўҳул баян» атлы тәфсиринде: «Аятта бенделер ҳәм мүсийбет ийелериниң қәлблерине тәселле бар», – дейди. Аяты кәрийма адамды қәтеге жол қойған пайытта өзин сораў қылыўға шақырады. Егер бендеге көп бәле келип атырған болса, жаман қылмысларынан тәўбе қылсын, өзин апаттан қутқарыў ушын шын тәўбе қылсын.
Әбиў Сулайман Доронийге (раҳматуллаҳи алайҳ): «Ақыллыларға не болды? Оларға жаманлық жетсе, өзлерин қаралап атыр?» – деп сораў берди. Ол: «Себеби, олар мүсийбет гүна себепли келетуғынын билди», – деп жуўап берди».
Әбиў Жуҳайфадан рәўият қылынады: «Мен Әлий ибн Әбиў Талибтиң алдына кирдим. Ол маған: «Ҳәр бир мөмин билиўи лазым болған ҳәдисти айтып берейин бе?» – деди. Әбиў Хотим айтады: «Биз сол ҳәдис ҳаққында сорадық». Ол: «(Ҳәй инсанлар!) Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан). Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши. (Кери жағдайда, мүсийбет буннан да көп болар еди.)», аятын оқып: “Себеби, Аллаҳ таала дүньяда қандай да бир себеп пенен азапланған болса, қыямет күни сол нәрсе ушын қайта азапламайды. Ол – меҳрибан. Аллаҳ таала дүньяда кеширген гүна ушын ақыретте азапламайды. Себеби, Ол – уллы”» ҳәдисин айтып берди (Имам Аҳмад рәўияты).

Тәфсир китаплары тийкарында таярланды.

http://t.me/nasiyatuz