Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-09-23 12:46:19 ҚАРЫЙДАР ПУЛДЫ БЕЛГИЛЕНГЕН МҮДДЕТТЕ БЕРЕ АЛМАСА

СОРАЎ: Әкем мәҳәллелесимизге үй сатқан еди, 2020 жыл ақырына ҳәмме пулды бериўин айтқан еди, лекин бермеди. Енди биз басқа адамға сатсақ бола ма, яки сол адамға ўақтында бере алмағаны ушын баҳасын асырсақ бола ма? Өзи де айтқан басқаға сата бериң деп.

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Негизинде қарыйдар пулды белгиленген мүддетте бере алмаса, ол дыянат көз-қарасынан нуқсанға жол қойған болады. Бирақ, ҳүким қылыў тәрепинен оған шәрий жаза жоқ. Оның қолындағы мүликти оның разылығысыз сатып болмайды. Яки мүддет өтип кеткени ушын оннан өз алдына ҳақ өндирип болмайды. Егер сол сатылған нәрсени гиреўге алып қойылған болса, сонда оны сатыў мүмкин.
Егер өзи разы болып, сол машинаны сатыўға жәрдемлесиң сизиң пулыңызды соны сатып беремен десе, өзиниң разылығы менен сатыў дурыс болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

http://t.me/nasiyatuz
360 views09:46
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 12:43:19 РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ПАЙҒАМБАРЛЫҒЫ

Дини:
Ислам (барлық пайғамбарлардың дини Ислам болған).
Шәрияты: Муҳаммадийя.
Жолы: сиротул мустақим (туўры жол).
Пайғамбар болған сәнеси: ҳижратқа шекемги 13-жыл, рамазан айы/мил 610-жыл, август.
Пайғамбар болған жери: Мәккәи Мукаррама, Нур таўы, Ҳиро үңгири.
Пайғамбарлығы: биринши ўаҳий – «Алақ» («Иқро») сүресиниң дәслепки бес аяты түскенинде Нәбий болған.
Фатратул ўаҳий (биринши ҳәм екинши ўаҳий арасындағы үзилис мүддети): 10–40 күн арасы.
Рисалаты: екинши ўаҳий – «Муддассир» сүресиниң дәслепки жети аяты түскенде Расул болды.
Китабы: Қураны кәрийм.

Пайғамбарлық дәўири:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның пайғамбарлық дәўири екиге бөлинеди:
1) Мәккә дәўири – он еки ярым жыл даўам еткен (ҳижратқа шекемги 13- жыл, пайғамбарлықтың биринши жылы рамазан айынан басланып, пайғамбарлықтың 14-жылы сапар айының ақырында тамамланған/мил. 610- жыл август – 622- жыл сентябрь);
2) Мадина дәўири – 10 жыл даўам еткен (ҳижрий 1-жыл, 1-рабиъул әўўәл, дүйшемби таңынан басланып, 11-жыл 12-рабиъул әўўәлда тамамланған/мил. 622-жыл 12-сентябрь – 632- жыл 6-июнь).

Мәккә дәўири үш басқышқа бөлинеди:
1) фатратул ўаҳий ҳәм жасырын динге шақырыў басқышы – дерлик үш жыл даўам еткен (ҳижратқа шекемги 13-жыл, пайғамбарлықтың биринши жылы рамазан айынан басланып, ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың 4-жылында тамамланған/мил. 610-жыл август – 613-жыл);
2) Ислам динине ашық шақырыў басқышы – 6 жылдан асламырақ даўам еткен (ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың 4-жылынан басланып, ҳижратқа шекемги 4-жыл, пайғамбарлықтың 10-жылы шәўўәл айында тамамланады/мил. 613-жыл – 619-жыл май-июнь);
3) Ислам дининиң Мәккә сыртына жайылыў басқышы – 3 жыл 4 ай даўам еткен (ҳижратқа шекемги 4-жыл, пайғамбарлықтың 10-жылы шәўўәл айынан басланып, пайғамбарлықтың 14-жылы сапар айы ақырында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Мадинаи Мунаўўараға ҳижрат қылыўы менен тамамланады/мил. 619-жыл май-июнь – 622-жыл сентябрь).

Мадина дәўири де үш басқышқа бөлинеди:
1) Ислам жәмийетине тийкар салыў, оны беккемлеў ҳәм қорғаў басқышы – 5 жыл 9 ай даўам еткен (ҳижрий биринши жыл, биринши рабиъул әўўәл, дүйшемби таңынан басланып, 6-жыл зулқаъда айында болып өткен Ҳудайбия келисими менен тамамланады/мил. 622-жыл 12-сентябрь – 628-жыл март-апрель);
2) Қурайш қәўими менен келисимге келиў. Патша ҳәм әмирлерге динге шақырыў хатларын жибериў ҳәм үлкен көтерилислерди бастырыў басқышы – бир жыл 10 ай даўам еткен (ҳижрий 6-жыл зулқаъда айынан басланып, 8-жыл 17-рамазанда болып өткен Мәккә фатҳы менен жуўмақланады/мил. 628-жыл март-апрель 630-жыл 7-январь);
3) түрли үлке ҳәм қәўимлердиң елши-ўәкиллерин күтип алыў, адамлардың Ислам динине топар-топар болып кириўи, ғалаба ҳаж қылыў басқышы – еки ярым жыл даўам еткен (ҳижрий 8-жыл 17-рамазаннан басланып, 11-жыл 12-рабиъул әўўәлда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қайтыс болыўы менен тамамланады/мил. 630-жыл 7-январь – 632-жыл 6-июнь).

«РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҲӘМ ӘҲЛИ БАЙТ» китабынан

http://t.me/nasiyatuz
361 views09:43
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 09:00:33
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.4K views06:00
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 09:00:25
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.4K views06:00
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 09:00:23
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.2K views06:00
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 06:53:42
#Жума_мүбәрек

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.5K views03:53
Ашу / Түсініктеме
2022-09-23 05:37:04 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ!

Атқан таң берекетли болсын!

 

   Аллаҳым бул қәсийетли күнде қәстеликте, қыйыншылықта ҳәм машақатта қалған бирадарларымызға шыпа ҳәм жеңиллик бер, олар ушын қайыр есигиңди аш! (Әәмин).

 

Жума әйямыңыз мүбәрек болсын!

 

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.7K views02:37
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 17:37:31 Минез-қулқы: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ашық жүзли, хош пейилли ҳәм хош мәмилели еди. Турпайы, тасбаўыр, бақыраўық, жаманаўыз, жала жапқыш ҳәм мақтаншақ емес еди. Кеўли қәлемеген нәрсени хошаметлемес еди. Риядан (хожакөрсинликтен), байлықтан ҳәм керексиз нәрселерди сөйлеўден аўлақ еди. Биреўди маламат қылмас, уялтпас, айыбын излемес еди. Тек ғана саўабынан үмит еткендей орынларда сөйлер еди. Егер сөйлесе, сәўбетлеслери басларына қус қонып турғандай қыймылдамай қулақ салар еди, Нәбий алайҳиссалам үнсиз турған ўақытлары ғана сөйлер еди. Нәбий алайҳиссаламның алдына барғанда жәнжеллеспес еди, бир адам сөйлеп атырғанда, басқалары үнсиз қулақ салар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабалары күлген нәрседен күлер, олар әжепленген нәрседен әжепленер еди. Бийтаныс адамның турпайы гәплерине сабыр етер еди.
Жуўмақ: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам инсанда болыўы тийис болған барлық гөззал ҳәм камалат сыпатлары менен зийнетленген еди. Пәрўардигардың Өзи Нәбий алайҳиссаламға әдеп берген ҳәм әдеплерин гөззал қылған еди. Мине, усындай уллы қәсийетлер Нәбий алайҳиссаламның кеўлине жақын, қәлбине сүйкимли инсанға, кеўиллер талпынатуғын жол басшыға, душпанларды досқа айландырған, адамлардың Аллаҳтың динине топар-топар болып кириўине себеп болған еди.
Қулласы, Нәбий алайҳиссаламдай инсанды ҳеш ким бурын да, кейин де көрмеген!

“РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҲӘМ ӘҲЛИ БАЙТ” китабынан

http://t.me/nasiyatuz
2.2K views14:37
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 17:37:31 Сабыры: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламдай сабыр-тақатлы инсанды дүнья басқа көрмеген. Себеби, Аллаҳ тааланың өзи Нәбий алайҳиссаламға сабырлылық, шыдамлылық, кишипейиллик ҳәм кеширимлилик қәсийетлерин инам еткен еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр қандай азапларды, мүсийбетти сабыр-тақат пенен қарсы алар еди. Азар күшейген сайын оның сабыры да зыяда болып барар, душпанларының ашыўы күшейген сайын Нәбий алайҳиссаламның шыдамы артып барар еди.
Өш алыўы: өзи ушын өш алмаған, тек Аллаҳтың шәрияты көзкөреки бузылғанда ғана тийисли шараларын көрген.
Ғәзеби: Нәбий алайҳиссаламның тәбияты ғәзептен жырақ, разылыққа бейим еди. Ғәзепленсе, тек Аллаҳ ушын ғәзепленер, разылығы да Аллаҳтың разылығына байланыслы еди. Наҳақлыққа қарсы сондай қатты ғәзепленер еди, ҳақыйқат қарар таппағанша ғәзеплери түспес еди. Ғәзеби жүзинен билинер, гейде қолларын силтеп қояр еди.
Уяты: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жүдә уялшақ еди. Уяты шымылдықтағы келиншектен де күшли болды. Биреўге тик қарамас, тигилип турмас еди. Бир нәрсени жақтырмаса, жүзинен билинер еди. Уялғанынан, ҳеш кимге ол жақтырмайтуғын сөзлер менен мүрәжат етпес еди. Биреўге сын пикир билдириўине туўра келип қалса, оның атын айтпастан: «Адамларға не болды, мынадай ислеп атыр?!» – дер еди.
Аманатшыллығы: Нәбий алайҳиссалам жаслайынан-ақ «Әмийн» (аманатлы, исенимли) деген атты алған. Пайғамбар болғаннан соң душпанлары да буны мойынлаўға мәжбүр болған.
Әдиллиги: қылыштан да кескир ҳәм туўры болған. Әдиллик Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тийкарғы қәсийетлериниң бири еди. Бул ҳақыйқатты Нәбий алайҳиссаламның душпанлары да тән алар, ҳәтте базы ўақытларда оны өз орталарында төрешиликке таңлар еди. Нәбий алайҳиссалам саҳабаларын бирдей жақын көрер, оларды ажыратпас еди. Ҳақтан басқа тәрепке қыл шелли бурылмас еди.
Кишипейиллиги: Нәбий алайҳиссалам жүдә кишипейил ҳәм менменликтен узақ еди. Өзи ушын адамлардың орынларынан турыўын жақтырмас, саҳабаларын буннан қайтарар еди. Кәмбағал, мискинлердиң ҳалынан хабар алар, мийманға шақырса, барар еди. Өзин ел қатары тутар еди. Дәслепки көрген адам Оны саҳабаларынан ажырата алмас еди. Өзине хызмет ислеген адамға хызмет ислер, хызметкерлерине ҳеш қашан «уфф» демес ҳәм айырым орынсыз исти қылғаны яки керекли исти қылмағаны ушын кейип, урыспас еди. Мискинлерди жақсы көрер, олар менен сәўбетлесип отырар, жаназаларына қатнасар еди. Кәмбағалды кәмбағаллығы ушын кемситпес еди. Саҳабаларынан хабар алып, адамлардың аўҳалларын сорап турар еди. Айырым ўақытлары аяқ кийимлерин өзи жамар, кийимлериниң жыртылған-сөтилген жерлерин өзи тигер, өзи тазалар, қой-ешкилерин саўар, өз жумысын өзи питкерер еди.
Опадарлығы: Нәбий алайҳиссалам ең опалы, жақсылық қылған адамға жақсылығын артығы менен қайтарыўшы инсан еди. Өмири даўамында бир мәрте болса да, шәртке яки ўәдеге қылап ис қылғаны мәлим емес.
Шүкири: азғана несийбени де көп санар еди, бир нәрсени кемситпес, тағамға мин тақпас еди.
Сергеклиги: Нәбий алайҳиссалам достың дослық мүнәсибетин де, душпанның режесин де дәрҳал байқар ҳәм керекли жуўабын тайынлар еди. Жақсылықты жақсы санар ҳәм оны сыйлықлар, жаманлықты жаман санап, оны сапластырыўға ҳәрекет етер еди. Жумыслары орташа, алаўызлықтан узақ еди. Адамлардың ғәплетке түсиўинен яки мәлеллесип қалыўынан тәшўишленип, бәрқулла сергек турар еди. Ҳәр қандай ҳалат ушын таярлығы бар еди.
Мәжилиси: Нәбий алайҳиссалам ушын бәрше бирдей ҳақ алдында барабар болып, тек тақўалары менен ғана бир-биринен абзал бола алар еди. Мәжилиси тақўа, кишипейиллик, ийбе, сабыр ҳәм аманат мәжилиси болып, онда даўыслар көтерилмес, ҳеш ким кемситилмес, саҳабалар бири-бирине меҳир көрсетер, үлкенди ҳүрмет етип, кишиге ғамхорлық қылар, мүтәжге жәрдем қолын созар, ғәриптиң кеўлин алар еди.
1.5K views14:37
Ашу / Түсініктеме
2022-09-22 17:37:31 ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫҢ МИНЕЗ-ҚУЛҚЫ

Даўысы:
бираз жумсақ, соның менен бирге тәсирли.
Сөйлеўи: анық ҳәм тынық, ҳәрип ҳәм сөзлери дана-дана, жүдә жағымлы ҳәм тәсирли, анық ҳәм қысқа, мазмунлы ҳәм мәнили, жүдә шешен ҳәм дилўар, басқалардың сөзлеринен айрықшаланып турады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам аўзын жақсы ашып сөйлер еди, аўзының бир тәрепи менен сөйлемес еди. Нәбий алайҳиссалам сөйлемшек те, кем гәп те емес еди. Сөйлегениниң гөззаллығынан ҳәр қандай адам жақсы көрип қалар, сөз ҳәм ибаралары жипке терилген маржан сыяқлы еди. Талғамы жетик, ҳикметке бай. Нәбий алайҳиссаламға мазмунға бай ҳәм мәнили сөйлеў қәсийети берилген еди. Араб диалектлерин жақсы билер ҳәм ҳәр бир қәўимниң адамлары менен олардың диалектинде сөйлесер еди. Нәбий алайҳиссаламда бадаўийлерге (саҳралыларға) тән сөз шеберлиги шешенлик пенен сөйлегенде де, қалалыларға тән болған анық сөзлерди қолланыўында да өз сәўлелениўин тапқан еди. Бул бағдарда, әлбетте, илаҳий мәдетке де ийе еди. Ҳәр қандай орында керегинше сөйлер, артықша сөз болмас еди. Көп үнсизлик сақлар еди. Ҳеш кимди менсинбей сөйлемеген. Ҳәр қыйлы гәплер менен урысыў, сөгиў Нәбий алайҳиссалам ушын улыўма жат еди. Ҳеш қашан биреўдиң кеўлин қабартпаған. Бийҳуўда ҳәм мыш-мыш гәплер, деди-дедилерге жақынламаған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сөз баслағанда бәрше тыныш турып қулақ салар, хутба қылғанында ҳәтте шыбын ушса билинетуғын дәрежеде тынышлық ҳүким сүрер еди.
Расгөйлиги: Нәбий алайҳиссалам «ас-содиқул масдуқ» болған, яғный расгөй ҳәм расгөйлиги дос-душпанлары тәрепинен тастыйықланған.
Үнсизлиги: салдамлы ҳәм узақ.
Нәзери: мәнили, өткир. Басқа тәрепке бурылып қарамақшы болса, пүткил геўдеси менен бурылар еди.
Отырысы: жыйнастырып, салдамлылық пенен, әсте отырар еди. Көбинесе үнсиз отырар, зәрүрлик болса ғана сөйлер, орынсыз сөйлеген адамнан жүз бурар еди.
Күлиўи: күлкиси күлимсиреўден ибарат болып, ўа-ҳа-ҳалап күлмес еди. Күлгенинде тислери маржандай болып көринер еди. Гейде жүдә қуўанып күлгенинде көзлерин жумып алар еди.
Ғайраты: шексиз ҳәм сөнбес еди. Нәбий алайҳиссалам адамзат тарийхындағы ең ғайратлы инсан болған. Қарсыласын бәрқулла жер тислеткен, мине мен деген палўанларды да дағда қалдырған. Урыс майданында басқалар Нәбий алайҳиссалам ғайратынан қуўат алар еди. Ең аўыр демлерде де мәртлерше турып, алға умтылар еди, ҳеш қашан артқа шегинбеген, албырамаған.
Сақаўатлығы: жүдә қолы ашық, қайыр-сақаўат ҳәм жомартлықта теңсиз, жарлылықтан ҳеш қашан қорқпаған, ең сақый инсан еди. Рамазанда Жәбрайыл алайҳиссалам менен ушырасқанда және де сақый болып кетер еди, саҳабалардың тили менен айтқанда, сақаўатта самалдай болып кетер еди. Нәбий алайҳиссаламнан бир нәрсе соралса, ҳеш қашан жоқ демеген. Тапса берип, болмаса шийрин сөзи менен сораўшының кеўлин алар еди.
Мәмилеси: мүләйим, жүдә ҳақ кеўилли, ашық ҳәм гөззал еди. Нәбий алайҳиссалам мәмилеси ең аңсат инсан болған. Пайғамбарымыз алайҳиссаламды дәслеп көрген адам айбатынан өзин жоғалтып қояр, жақыннан танығаннан соң оны жақсы көрип қалар еди. Ҳеш қашан биреўди кемситпеген. Гүрриңлескен адамына айрықша әҳмийет пенен қарағанлықтан, гүрриңлескен адамның ҳәр бири өзин Нәбий алайҳиссаламға басқалардан көре жақынырақ сезинер еди. Қол берип көрискенде қолларын биринши болып тартып алмас, сәўбетлеси гәпин тамамлап, өз ықтыяры менен турып кетпегенше оның гәпин бөлместен, сабыр қылып турар еди. Адамлар ишинде ең аяўшылық сезими күшли, ең меҳрибан, мүнәсибети бойынша ең әдепли, минез-қулқы бойынша ең әпиўайы, жаман әдетлерден ең узақ инсан еди. Жаман ислерди қылмас, уят сөзлерди айтпас, базарларда шаўқым-сүрен қылмас еди. Жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармай, ал кеширип жиберер еди. Ҳәммеге бирдей кең пейиллик пенен қатнаста болар, адамларға меҳрибан ата болып қалған еди.
1.6K views14:37
Ашу / Түсініктеме