Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 3

2022-09-11 21:12:51
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 12-сентябрь күнги намаз ўақытлары



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
581 views18:12
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 18:19:28
«Илим талап қылыўлық динимиздеги нәпил ибадатлардан абзал болады»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.2K views15:19
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 16:11:31
Муфтий ҳазратлари мақоласи Қозоғистоннинг марказий нашрларида чоп этилди

Қозоғистоннинг бир неча ўн минг ададда чоп этиладиган марказий босма нашрларида Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Нуриддин домла ҳазратларининг мақолалари чоп этилди. Ушбу мақола “АЙҚЫН” номли гезатанинг 2022 йил 9 сентябрдаги 134-сони ва “МУНАРА” газетасининг 2022 йил сентябрдаги 134-сонида “Қардошлик мустаҳкамланиши уммат бирдамлигига хизмат қилмоқда” сарлавҳа остида эълон қилинди.

Мазкур мақоланинг ўзбек тилидаги нусхасини ушбу линк орқали ўқишингиз мумкин.
http://old.muslim.uz/index.php/maqolalar/item/33397

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати
Muslim.uz
@muslimuzportal | @mp3muslim | @diniysavollar
231 views13:11
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 12:12:24 Не ушын аналардың аяқлары аўырыўын билесизбе?

Аллаҳ таала ананың жатырындағы суйықлықты ҳәдден тысқары шор қылып қойған. Соның нәтийжесинде, жатыр ишиндеги ҳәмиле салмақсыз жағдайда болады. Ол ҳәр дайым суйықлықтың жоқарғы тәрепинде болады. Балаға азық киндигинен анаға байланған сезим арқалы аңсат ғана келип турады.
Ҳәмиледар ҳаял тойып аўқат жемесе яки көбирек аш қалса, ҳәмилеге келетуғын азық ананың тислери ҳәм сүйеклериниң жемирилиўи арқалы қапланады. Соның ушын көпшилик ҳаяллардың жасы өткени сайын тислериниң төгилиўи, дизе ҳәм аяқларының аўырыўы гүзетиледи.

Сол себепли ҳәмиледар ҳаяллардың ўақтында тойып аўқатланыўы өзлериниң келешекте саламат болыўында жүдә әҳмийетли саналады. Қәне енди, анасының дизеси яки аяғы не ушын аўырып атырғанын перзент билгенинде, тек өзин ойлайберместен қандай қылып анасын разы қылыў үстинде бас қатырған болар еди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бийкарға: «Жәннет аналардың аяғы астында» демеген.

http://t.me/nasiyatuz
5.3K views09:12
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 09:30:53 «Тил апаты» яки сырды ашыў ҳаққында

   Сырды ашыў – қадаған етилген ис. Себеби, сыр ашылар екен, бунда сыр сақланып атырған нәрсеге де, сырласқа да ҳүрметсизлик ҳәм азар бар.
   Пайғамбар алайҳиссалам айтты: «Егер адам бир сөз айтып әтирапына қарап қойса, (билиң) бул сөз – аманат». (Сунани Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты)
   Ҳасан Басрий деди: «Достыңның сырын айтыўың – қыянет».
   Рәўият қылынады, Муъаўия разыяллаҳу анҳу Ўалид ибн Утбаға сыбырлап бир нәрсе деди. Ўалид әкесиниң алдына келип:
   – Әкежан, мөминлердиң әмири маған сыбырлап бир сөз айтты. Сизден басқа да билетуғын сөзди сизден жасырыўға қәжет жоқ, деп ойлайман, – деди.
   – Айтпа! Ким сырды сақласа, оған жақсылықлар жүзленеди. Әшкараласа, жақсылықлар оған қарсы болады, – деди Ўалидке әкеси.
   – Әкежан, бул инсанг ҳәм оның перзентине тийисли ис ғо?!
   – Яқ, балам, Аллаҳға ант, сырды ашпай тилиңди қәтеден сақлаўың мен ушын сүйиклирек, – деди әкеси.
   Кейин Муъаўияның алдына барып, әкеси менен ортасында болған сәўбеттиң хабарын берди. Сонда мөминлердиң әмири айтты:
   – Ҳәй Ўалид! Әкең сени қәте кисенинен азат етипти. Билип қой, сырды ашыў – қыянет».

Әбиў Ҳамид Ғаззалий "Тил апатлары" китабынан

http://t.me/nasiyatuz
1.6K views06:30
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 06:28:59
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram
каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.7K views03:28
Ашу / Түсініктеме
2022-09-11 05:26:56 САДАҚАНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Бир ҳаял ҳәр сапары улларынан биреўиниң қулқында унамсыз өзгеристи көрсе, дәрриў садақа қылып, тағам тарқатар ҳәм сол: “Олардың мал-мүликлеринен садақа ал. Бул менен оларды пәклейсең, тазалайсаң ҳәм олардың ҳаққына дуўа қыл ...” Тәўбә сүреси, 103-аятты оқып дуўа қылар екен: “Аллаҳым, усы садақам перзентимниң қулқы пәклениўи ушын, себеби оның бул ҳалы маған ол кесел болып, қәстеленгенинен көбирек тәсир қылады, тынышсызландырады”, - дер екен.
Ал, тағы бир ҳаял, кәмбағал еди, күнлик табысларына жетерли жасар еди. Сол себепли садақа қылыўға ҳеш нәрсе таўа алмас еди. Күйеўи яки улы бир айып, гүна қылса, түнде турып Бақара сүресин зам қылып намаз оқыр ҳәм: “Аллаҳым, бул мениң садақам,тоны меннен қабыл қыл. Оны маған жаңалап бергил”, деп дуўа қылар еди.
Неге өлген инсан дүньяға қайтыў имканияты берилсе, садақаны таңлайды? Бул ҳаққында Қураны Кәриймде: “Ҳәм бириңизге өлим келип: «Ҳәй Рәббим, егер мениң өлимимди жақын мүддетке арқаға сүрсең, енди, садақа қылып салиҳлерден болсам», деместе алдын Биз сизлерге ырысқы қылып берген нәрселерден напақа қылың”, деп айтылған.
(Мунафиқун сүреси, 10-аят)
Не ушын “Умра қыламан” демейди, “намаз оқыйман” демейди, “ораза тутаман” демейди, бәлки “садақа қыламан” дейди.
Илим әҳли дейди: Өлген адам өлиминен кейин садақаның қай дәрежеде пайдасы үлкен болыўын билиўин көргени ушын да сондай дейди. Садақаны көбейтиңлер, әлбетте мөмин қыямет күнинде садақасының саясы астында болады. Әйне демде сиз қылыўыңыз мүмкин болған ең абзал садақа - усы оқығаныңызды садақа нийетинде басқаларға үлесиўиңиз.

t.me/nasiyatuz
2.5K views02:26
Ашу / Түсініктеме
2022-09-10 20:56:01
ТҮН ҲӘМ УЙҚЫ АЛДЫ ӘДЕПЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА

Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мәрҳәмат қылады:
«Кеш киргеннен кейин, балаларыңызды (үйде) услап турың. Себеби, бул пайытта шайтан (жин)лер гезеди. Бир саат өткеннен кейин, балаларыңызды еркин қойың. Аллаҳтың атын зикир етип есиклериңизди жаўың. Өйткени, шайтан жаўылған есикти ашпайды. Аллаҳтың атын зикир етип меслериңиздиң (аўыз)ын байлаң. Аллаҳтың атын зикир етип, ыдысларыңыздың үстине бир нәрсе болса да, таслап қойың. Шыраларыңызды өширип (жатың)»
(Муттафақун алайҳи).

Толық оқыў ушын:
http://nasiyat.uz/maalalar/343-tn-m-uyy-aldy-depleri-aynda.html

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram
каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.2K views17:56
Ашу / Түсініктеме
2022-09-10 16:03:48 ҚАБЫЛ  БОЛАТУҒЫН  ДУЎА

Абдуллаҳ ибн Солиҳ Мәккий былай дейди: «Таўыс раҳимаҳуллаҳ мени көриў ушын алдыма келди. Сонда: «Ҳәй,Әбиў Абдурроҳман, мен ушын дуўа қылың» дедим. Ол киси: «Сен өзиң дуўа қыл, себеби, илажсыз адам дуўа қылса, Аллаҳ қабыл етеди» деди».

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.4K views13:03
Ашу / Түсініктеме
2022-09-10 12:42:10 #хабар

ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ ҲАҚҚЫНДА ЖЫЙНАЛЫС БОЛЫП ѲТТИ

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм ǝҳимийетин диний тараў хызметкерлери арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳǝм орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мǝжилислер залында жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы Азат Бекжанов пǝрманның мазмун-мǝниси, енгизилиўи күтилип атырған имканият ҳǝм жеңилликлер ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўǝкили Н.Жамалов 2022-жыл ушын Умра зияраты баҳалары, ондағы имканиятлар ҳǝм зиярат тǝртиби ҳаққында айтты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм мәнисин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, усы жылы 2-сентябрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде видеоселектр тәризинде ѳткерилген мәжилис протоколы шешиминиң 6-бәнтинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нѳкис қаласы ҳәм районлардағы мешитлерде жума намазы күнлери усы Пәрманның мазмун-мәнисин, халқымыз ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер бойынша кең жәмийетшиликке түсиник берип барыўы ҳаққында жыйналыс қатнасыўшыларына тапсырмалар берди ҳǝм жыйналыс
қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

https://t.me/paziyletuz
2.5K views09:42
Ашу / Түсініктеме