Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 5

2022-09-09 06:20:18
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.8K views03:20
Ашу / Түсініктеме
2022-09-09 06:20:10
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.6K views03:20
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 17:52:40 “Әлбетте, Аллаҳ Адамды, Нуҳты, Әли Ибраҳимди, Әли Имранды әлемлер үстинен таңлап алды. Базылары базыларына зүряд. Аллаҳ еситиўши, билиўши. Имранның ҳаялы: «Ҳәй Рәббим! Әлбетте, мен қарнымдағын қалыс Өзиңе назр қылдым. Енди, меннен қабыл ет. Әлбетте, Сениң Өзиң еситиўши, билиўшисең», дегенин есле!”. (Әли Имран сүреси, 33-35-аятлар)
Имран айырым муфассирлердиң тәфсирлериндн келгениндей, Муўса алайҳиссаламның емес, Марям анамыздың әкеси болады. Олар Имран ҳәм Ҳанна болып, Ҳанна Имранның ҳаялы ҳәм Марямның анасы есапланады.
Ибн Касир раҳимаҳуллаҳ усы аят тәфсиринде: “Бул орындағы Имран Марямның әкеси. Яғный, Марям бинти Имран, умму Ийса – Ийса алайҳиссаламның анасы”. “Тәфсири Қуранил ъазийм”нен.
Тәҳир ибн Ашур раҳимаҳуллаҳ деди: “Әли Имран - Имран шаңарағы дегенде, олар Марям ҳәм Ийса. Марям бинти Имран ибни Матта. Муфассирлер сондай атаған. Имран яҳудийлердиң салиҳлериниң рәҳиблеринен болған. Ибранийдеги негизги атлары Имрам, яғный акыры “мим” болған. Ол Марямның әкеси. Насраныйлардың китапларында “Юҳақийм” деп те келеди. Еки аты болған яки басқа көп атлары болған деген итимал да бар. Бәрибир тийкарғысы, Имран Муўса ҳәм Ҳарун алайҳиссаламлардың әкеси болмаған, бул орында Марям ҳәм улы Ийса алайҳиссаламның зикири.
Буның дәлили: “Имранның ҳаялы: «Ҳәй Рәббим!...” аятында келген мазмун.

http://t.me/nasiyatuz
3.0K views14:52
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 12:34:53
«Алым инсанның басқалардан абзаллығы»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
762 views09:34
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 12:29:04 #Ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Ҳаял киси ериниң ҳаққысын орынламағанша ийманның ҳалаўатын таппайды”.

Имам Ҳәким рәўияты.

http://t.me/nasiyatuz
812 viewsedited  09:29
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 10:21:52
Аллаҳ ҳарам қылған қумар ойынларының дүньядағы ҳәм ақыреттеги зыянларын санамыз бенен түсиниўимиз керек!

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
707 views07:21
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 10:17:23 #зикир

  СӘЙЙИДҮЛ ИСТИҒФАР

  Шаддад ибн Аўс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

  Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким сәййидүл истиғфар:

اللهُمَّ أَنْتَ رَبِّي، لاَ إِلَهَ إِلاَّ أَنْتَ خَلَقْتَنِي، وَأَنَا عَبْدُكَ، وَأَنَا عَلَى عَهْدِكَ وَوَعْدِكَ مَا اسْتَطَعْتُ، أَعُوذُ بِكَ مِنْ شَرِّ مَا صَنَعْتُ، أَبُوءُ لَكَ بِنِعْمَتِكَ عَلَيَّ وَأَبُوءُ بِذَنْبِي فَاغْفِرْ لِي فَإِنَّهُ لاَ يَغْفِرُ الذُّنُوبَ إِلاَّ أَنْتَ

Аллаҳумма әнтә роббий ләә иләәҳә иллә әнта холақтаний ўә әнә абдука ўә әнә ъалә аҳдика ўә ўаъдика мастатоъту әъузў бика мии щәрримәә сонаъту, әбуүў ләкә биниъматика ъалаййа ўә әбуүў бизәмбий фәғфирлий  фәиннәҳу ләә яғфируз зүнүүбә иллә әнтә"
ны
   - кешки ўақытта оқып, таң атаман дегенше қайтыс болса, жәннетке киреди. Ким таңда айтып, сол күни қайтыс болса, онда да жәннетке киреди" деди.

  Мәниси: "Аллаҳым, Сен Рәббимсең, Сеннен басқа илаҳ жоқ.  Мени жараттың ҳәм мен Сениң қулыңман. Мен Саған берген ўәдемде ҳәм Саған берген әҳдимде қәдир болғанымша турыппан. Қылған нәрселеримниң жаманынан Сениң атың менен пана сорайман. Маған берген неъматларыңа иқрар болдым. Ҳәм және гүналарыма да иқрар болдым. Мениң гүналарымды кешир. Себеби Сеннен басқа гүналарымды кешире алмайды".

Имам Бухарий рәўияты

 

t.me/nasiyatuz
758 views07:17
Ашу / Түсініктеме
2022-09-08 08:35:31 ЖАРАҚАТЛАРДЫ СПИРТ ПЕНЕН ЕМЛЕЎ

CОРАЎ:
Укол қылыўдан алдын спирт пенен артыў ҳәм ҳәр түрли жарақатларды спирт пенен емлеў дурыспа?

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Аўа, бул ис дурыс болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

http://t.me/nasiyatuz
1.2K views05:35
Ашу / Түсініктеме
2022-09-07 15:37:13
#Жума_марузасынан

«Қоңсыға азар беремеўлик ҳәм олардан болатуғын азарларға сабыр қылыўлық оларға қылынған шақсылық болып есапланады»

Искендеров Жумабек
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.8K views12:37
Ашу / Түсініктеме
2022-09-07 13:42:58 МАҢЛАЙДАН СҮЙИЎ ҲӘМ ЭПИФИЗ БЕЗИ ҲАҚҚЫНДА

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның перзентлеримизди тез-тез сүйип еркелетиўимиз ҳаққындағы усынысы есиңизде ме?!
     Заманагөй медицина да буны тастыйықлады. Сүннет әмеллердиң негизинде инсаныят ушын қаншелли пайдалы екенин атап өтиў артықша. Бизлердиң тәбиятымызда бар болған, ўақыт өтиўи менен әдеттегидей қабылланып атырған көплеген мусылманларға тән әмеллер негизинде турмысымызда оғада әҳмийетлилигин аңлаймыз ба?! Сүўретте көрип турғаныңыз ана ҳәм баланың көриниси. Ана баласының маңлайынан сүймекте. Маңлайдан сүйилгенде, сүйип атырған адамда да, сүйилип атырған адам да әжайып бир сезим пайда болады. Буның себеби маңлайдағы «Үшинши көз» есапланған эпифиз (pineal) безиниң бар екенлигинен. Жүзден сүйиўден парықлы рәўиште маңлайдан сүйгенде адамның руўхыятына жақынласасыз.
Егер перзентиңиз инжықлық қыла берсе, оны тынышландырыўдың ең жақсы жолы маңлайынан сүйиў. Уйқыға жатып атырғанда да маңлайынан сүйип қойсаңыз бала қәтержам ҳәм тыныш уйқылайды.
     Сондай-ақ, баланың сезимталлығы ашылып, ақыллылық тәжирийбеси беккемленеди. Зейини өткир, есте сақлаў қәбилети күшейеди. Гормонал өзгериўлер де бир қәлипте болады, өзине исеними артады. Қорқыўы кемейеди, сөзигизге қулақ салады. Уқыплы болып кәмалға келеди. Себеби, маңлайдың орта бөлеги зейинге тәсир етиў ноқаты есапланады.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам балаларының маңлайынан сүйер еди, ҳәзирги дәўир қәнигелери де буны усыныс қылмақта. Ҳәр бир исинде ҳикмет болған Пайғамбаримиз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шексиз дурудлар ҳәм салаўатлар болсын!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.5K views10:42
Ашу / Түсініктеме