Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 7

2022-09-05 17:42:01 ​​​​     КИТАПТЫҢ АВТОРЫ КИМ?
         {Әбиў Әлийдиң ҳәзили}
    
     Бир алым өзи жазған китапты Әбиў Әлий Ибн Синаға (мақтаныў ушын) көрсетти. Әбиў Әлий китапты басынан ақырынаша ашып көрип шықты ҳәм ийесине қайтарды.
Сол күни алым өз китабын патшаға (Бухара әмири Нуҳ ибн Мансурға) саўға қылды. Әмир сорады:
—    Бул китапты ким жазған?
—    Буны мен жазғанман, — деди, жаңағы алым.
Ибн Сина күлимсиреп:
—    Яқ, бул китапты мен жазғанман, — деди.
Патша әжепленип сорады:
—    Буны қалай дәлиллейсең?
Ибн Сина китаптың мазмунын басынан ақырына шекем ядтан айтып берди. Жаңағы алым патшаның алдында уялып, не деп айтарын билмей қалды.
Патша китап авторын кейиди:
—    Неге жалған сөйледиң?
Жаңағы алым күйинип, өзин ақлай баслады.
—    Бул китапты, өзим жазғанман.
Патша Ибн Синаға сораўлы нәзери менен қарады.
Ибн Сина жуўап берди:
— Патшайым кешириң. Бул китапты сол алым жазған. Мен тек оның китабын оқып, ядлап алған едим.
Патшаның кейпияты көтерилип, еки алымды да мақтады.

Муҳаммад Ибн Сулайманның “Қиссатул-улама” шығармасынан.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.4K views14:42
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 15:18:04 ​​​​     ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ҚӘЛБИ, ӨЗ ҚУЯШЫ БАР!

     Еки дос бир мәселеде бәсекилесип урысып қалды. Тартысыў созылып кетти. Олар екеўи кексе бир данышпанның алдына барып, өз машқалаларына шешим таўып бериўин сорады.
     Биринши дос өз пикирлерин төмендегише түсиндирди:
"Қуяш шығыс тәрептелигинде адамларға жақын болады, күн жайылғанда узақласады. Шығыс қуяшы дигирман тасына уқсайды, күн жайылғанда киширейип қалады. Узақтан бул тағы да кишкене болып түйиледи. Ал, жақынлаўдан керисинше".
     Нәўбет екинши достына келгенде, ол өз ой-пикирлерин төмендегише баянлаўға киристи: "Таң мәҳәлиндеги қуяш оны бақлап турған адамнан узақлаў, ал күндизи бул ҳалат өзгереди. Яғный, қуяш оны бақлап турған адамға жақынласады. Шығыс тәрептеги қуяш салқынлаў, күн жайылғанда оннан тарқалатуғын ыссылыққа шыдаў қыйын".
     Кексе данышпан бул бәсекиге жуўмақлаў сыпатында деди:
"Дәслеп соған анықлық киргизип алайық, қуяштың өзи не?
Өмир дереги, жарықлық, ыссылық... Ҳәр бир инсанның ишинде мине сондай, ыссылық шамшырағы бар. Буның атын - қәлб деп атайды.
Қәлб ысып турыўы яки суўып қалыўы, жарық тарқатыўы яки зүлметке айланыўы мүмкин. Ҳақыйқаттан да, инсан ишиндеги қуяш қаншелли үлкен болса, соншелли муҳаббатлы болады. Тек бул жарықлықты териси қалыңлар сезине алмаўы мүмкин.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.0K views12:18
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 14:29:02 ​​​​     РАСУЛУЛЛАҲ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ШӘПӘӘТЛЕРИ

1. Үлкен шәпәәт болып, барлық Пайғамбар алайҳиссалату ўа салламлар арасынан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға тән қылып берилген шәпәәт.

2. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның, саўаплары ҳәм жаманлықлары тең келип қалған қәўимлерди жәннетке кириўи ушын қылатуғын шәпәәти.

3. Дозаққа буйырылған қәўимлерди оған кирмеўи ушын қылатуғын шәпәәти.

4. Жәннетке киргенлердиң әмеллериниң саўаплары белгиленген дәрежеден жоқары дәрежеге көтериў ушын қылатуғын шәпәәти.

5. Базы қәўимлерди жәннетке есапсыз кириўи ушын қылатуғын шәпәәти.

6. Азапқа дуўшар болып қалғанлардың азапларын жеңиллетиў ушын қылатуғын шәпәәти.

7. Барлық мөминлерге жәннетке кириў руқсаты берилиўи ушын қылатуғын шәпәәти.

8. Өз үмметлеринен үлкен гүна қылғанлар ушын қылатуғын шәпәәти.

     Аўф ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Маған Рәббимниң алдынан бир келиўши келди ҳәм үмметимниң ярымы жәннетке кириўин яки шәпәәтти таңлаўымды сорады. Мен шәпәәтти таңладым. Ол Аллаҳға ҳеш нәрсени ширк келтирмей қайтыс болған адам ушын”. (Термизий рәўияты)

"Әл-фиқхул Әкбар шолыўы" текстинен үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.7K views11:29
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 10:21:37 ​​​​​​​​     СИЗ КИМ БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЙСИЗ?

Күнлердиң биринде, устаз биринши класс оқыўшыларына сораў берди: “Қәне ким айтады, келешекте ким болыўды қәлейсиз?”

Оқыўшылар устазының сораўына түрли жуўаплар берди. Олардан бири ушыўшы, басқасы шыпакер, және биреўи оқытыўшы болыў қәлеўи бар екенин айтты.
Бирақ, бир оқыўшының жуўабы, устаздың итибарын өзине қаратты.
Ҳақыйқаттан да, оның жуўабы досларына уқсамаған еди.

Биринши класс оқыўшысы: “Мен саҳаба болыўды қәлеймен”, - деди. Устаз оның жуўабынан әжепленип: “Неге саҳаба болыўды қәлейсең?” - деп сорады.

“Анам маған ҳәр күни уйқылаўымнан алдын саҳабалардың турмысынан ҳикаяларды айтып береди. Аллаҳ оларды жақсы көреди. Олар Аллаҳтың разылығы жолында барлық қайырлы ислерди ислейди, адамлардың аўырын жеңил етеди, деп жуўап берди бала.

Күтилмегенде берилген жуўаптан устаз сөйлей алмай қалды. Бул тәсирли жуўапты еситип, көзиндеги жасларды сүртер екен, билди, бул перзенттиң артында солиҳа бир ана бар ...

Соның ушын бул пәк баланың қәлеўи де уллы еди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
547 views07:21
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 08:34:57
Билим журтының бәрше устаз ҳәм жумысшыларына, сондай-ақ талаба жасларға жаңа оқыў жылында табыслар тилеймиз!

https://t.me/alberuniyuz
361 views05:34
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 08:34:57
Соң билим журты оқытыўшылары тәрепинен ҳәр бир оқытыў ханаларында Ғәрезсизлик сабақлары педагогиканың заманагөй усыллары кең қолланған ҳалда, техника қуралларынан ҳәм де видеоматериаллардан нәтийжели пайдаланылды ҳәм айрықша таярланған слайд ҳәм материаллар арқалы түсиндирип өтилди.
  

https://t.me/alberuniyuz
313 views05:34
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 08:34:57
Ашылыў мәресимде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Шамсуддин Бауатдинов бәршени мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен шын кеўилден қутлықлады ҳәм ғәрезсизликке ерискен күнлерден баслап, бүгинги күнге шекем әмелге асырылған ҳәм әмелге асырылып атырған ислер, қолға киргизилген табыслар ҳаққында кеңирек айтып өтти.
  

https://t.me/alberuniyuz
266 views05:34
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 08:34:56
БИЛИМ ЖУРТЫМЫЗДА ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ КҮНИ

      Нөкис "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы ислам билим журтында жаңа 2022-2023 оқыў жылы басланды.
   Өзбекстан мусылманлары басқармасы қурамындағы бәрше билимлендириў шөлкемлери қатары Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшы ҳәм талабалары да 2021–2022-оқыў жылын 6-сентябрь күнинен баслады. Дәслеп усы оқыў жылының ашылыў мәресими өткерилди.
  
https://t.me/alberuniyuz
325 views05:34
Ашу / Түсініктеме
2022-09-05 08:24:28
#Жума_марузасынан

«Қоңсышылқ ҳақларына әмел қылайық»

Искендеров Жумабек
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
547 views05:24
Ашу / Түсініктеме
2022-09-04 19:55:42 ​​​​     ӨТИРИК СӨЙЛЕГЕН ӨРШИМЕС!

      Жалғаншылық мүқәддес динимизде қараланған кәбира гүналардан есапланады. Әдетте, жалғаншылық пенен танылған адам ҳеш бир жәмийетте қәдир таппаған.
      Жалғаншылық бул ҳақыйқатта болмаған нәрсени басқаларға болды деп жеткериў, ямаса бир нәрсени өзгертип, оның ҳақыйқатынан бурып көрсетиў болып есапланады.     
      Сондай-ақ, ҳақыйқатты жасырыў, билип турып айтпаў да жалғаншылықтың бир түри есапланады.
      Аллаҳ таала Наҳл сүресиниң 105-аятында: "Өтирикти тек Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынлар ғана тоқыйды. Әне солар – өтирикшилер", дейди.
      Аяттан көринип турыпты, жалған сөйлеў мөмин-мусылман адамның иси емес. Мине усы аяттың мазмунына сай Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мүбәрек ҳәдисин келтирсек, мақсетке муўапық болады.
      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Мунафиқлық белгиси үшеў: жалған сөйлеў, ўәдени орынламаў ҳәм аманатқа қыянет етиў».
      Бул ҳәдисте де жалғаншылық ҳәм оның өзгеше бир көринислери болған ўәденың үстинен шықпаў ҳәм аманатқа қыянет етиў мусылманның емес, ал мунафиқтың иси екенлиги айтылмақта.
      Солай екен, бенде сөйлеген сөзлердиң ең жаманы ширк кәлимасы болса, оннан кейинги сасық сөз жалған сөйлеў екен.  
      Ҳақыйқаттан да Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады: «Қашан бир бенде жалған сөйлесе, периште бул гәптиң сасықлығынан сол бендеден бир мил қашықлыққа узақласады».  
      Буннан көринеди ҳәзил менен де жалған сөйлемеў керек болады.
      Бизден периштелерди узақ қылатуғын, мунафиқлық белгилеринен болған, ийманымызға қайшы ис болған жалғаншылықтан сақланайық!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
388 views16:55
Ашу / Түсініктеме