Get Mystery Box with random crypto!

#хабар БАС ИМАМЛАРЫМЫЗ ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДАҒЫ «ШЕЙИТЛЕР ЕС | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

#хабар

БАС ИМАМЛАРЫМЫЗ ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДАҒЫ «ШЕЙИТЛЕР ЕСТЕЛИГИ» ҚЫЯБАНЫНА САЯХАТҚА БАРДЫ

Хабарыңыз бар усы жылы 31-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, нураныйлар менен биргеликте репрессия қурбанларын еслеў ушын Ташкент қаласындағы «Шейитлер естелиги» қыябанында болғанлығы, ол жерде шейитлер руўхларына Қуран тилǝўат етилип, өткенлер ҳақына дуўа етилгени, сондай-ақ, ҳүрметли Журтбасшымыз 2001-жылдан берли 31-август “Репрессия қурбанларын еслеў күни” сыпатында байрамланып келиниўи, жадидши бабаларымыздың руўхларын шад етиў, ѳмири ҳәм мийрасларын үйрениўге қаратылған жумыслар даўам етип атырғаны, ѳткен жылдан баслап “Репрессия қурбанлары естелиги” музейи реконструкция етилгени ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда оның филиалларының ашылғаны ҳаққында айтып ѳткен еди…
Сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы устаз Шамсуддин Баҳауддинов басшылығындағы Қарақалпақстан Республикасында хызмет етип атырған имам-хатиблер Өзбекстан халықаралық ислам академиясының қәнигеликти арттырыў орайында шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы шеңберинде диний тараў хызметкерлериниң алдында турған ўазыйпалар» атамасында, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, ўәлаятлар, қала ҳәм район бас имам-хатиблери ушын қәнигеликти арттырыў сабақларының оқыў семинарында тыңлаўшы болып турғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.
Бүгин усы оқыў семинардың режесине муўапық бас имамларымыз «Шейитлер естелиги»  қыябанында саяхатта болды. Саяхат даўамында ол жердеги абаданластырыў жумыслары ҳǝм «Шейитлер естелиги» музейи менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты баспа сөз хызмети

https://t.me/paziyletuz