Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     ӨТИРИК СӨЙЛЕГЕН ӨРШИМЕС!       Жалғаншылық мүқәддес | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     ӨТИРИК СӨЙЛЕГЕН ӨРШИМЕС!

      Жалғаншылық мүқәддес динимизде қараланған кәбира гүналардан есапланады. Әдетте, жалғаншылық пенен танылған адам ҳеш бир жәмийетте қәдир таппаған.
      Жалғаншылық бул ҳақыйқатта болмаған нәрсени басқаларға болды деп жеткериў, ямаса бир нәрсени өзгертип, оның ҳақыйқатынан бурып көрсетиў болып есапланады.     
      Сондай-ақ, ҳақыйқатты жасырыў, билип турып айтпаў да жалғаншылықтың бир түри есапланады.
      Аллаҳ таала Наҳл сүресиниң 105-аятында: "Өтирикти тек Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынлар ғана тоқыйды. Әне солар – өтирикшилер", дейди.
      Аяттан көринип турыпты, жалған сөйлеў мөмин-мусылман адамның иси емес. Мине усы аяттың мазмунына сай Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мүбәрек ҳәдисин келтирсек, мақсетке муўапық болады.
      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Мунафиқлық белгиси үшеў: жалған сөйлеў, ўәдени орынламаў ҳәм аманатқа қыянет етиў».
      Бул ҳәдисте де жалғаншылық ҳәм оның өзгеше бир көринислери болған ўәденың үстинен шықпаў ҳәм аманатқа қыянет етиў мусылманның емес, ал мунафиқтың иси екенлиги айтылмақта.
      Солай екен, бенде сөйлеген сөзлердиң ең жаманы ширк кәлимасы болса, оннан кейинги сасық сөз жалған сөйлеў екен.  
      Ҳақыйқаттан да Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтады: «Қашан бир бенде жалған сөйлесе, периште бул гәптиң сасықлығынан сол бендеден бир мил қашықлыққа узақласады».  
      Буннан көринеди ҳәзил менен де жалған сөйлемеў керек болады.
      Бизден периштелерди узақ қылатуғын, мунафиқлық белгилеринен болған, ийманымызға қайшы ис болған жалғаншылықтан сақланайық!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz