Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ҚӘЛБИ, ӨЗ ҚУЯШЫ БАР!      Еки дос бир | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ҚӘЛБИ, ӨЗ ҚУЯШЫ БАР!

     Еки дос бир мәселеде бәсекилесип урысып қалды. Тартысыў созылып кетти. Олар екеўи кексе бир данышпанның алдына барып, өз машқалаларына шешим таўып бериўин сорады.
     Биринши дос өз пикирлерин төмендегише түсиндирди:
"Қуяш шығыс тәрептелигинде адамларға жақын болады, күн жайылғанда узақласады. Шығыс қуяшы дигирман тасына уқсайды, күн жайылғанда киширейип қалады. Узақтан бул тағы да кишкене болып түйиледи. Ал, жақынлаўдан керисинше".
     Нәўбет екинши достына келгенде, ол өз ой-пикирлерин төмендегише баянлаўға киристи: "Таң мәҳәлиндеги қуяш оны бақлап турған адамнан узақлаў, ал күндизи бул ҳалат өзгереди. Яғный, қуяш оны бақлап турған адамға жақынласады. Шығыс тәрептеги қуяш салқынлаў, күн жайылғанда оннан тарқалатуғын ыссылыққа шыдаў қыйын".
     Кексе данышпан бул бәсекиге жуўмақлаў сыпатында деди:
"Дәслеп соған анықлық киргизип алайық, қуяштың өзи не?
Өмир дереги, жарықлық, ыссылық... Ҳәр бир инсанның ишинде мине сондай, ыссылық шамшырағы бар. Буның атын - қәлб деп атайды.
Қәлб ысып турыўы яки суўып қалыўы, жарық тарқатыўы яки зүлметке айланыўы мүмкин. Ҳақыйқаттан да, инсан ишиндеги қуяш қаншелли үлкен болса, соншелли муҳаббатлы болады. Тек бул жарықлықты териси қалыңлар сезине алмаўы мүмкин.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz