Get Mystery Box with random crypto!

​​​​​​​​     СИЗ КИМ БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЙСИЗ? Күнлердиң биринде, уст | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​​​​​     СИЗ КИМ БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЙСИЗ?

Күнлердиң биринде, устаз биринши класс оқыўшыларына сораў берди: “Қәне ким айтады, келешекте ким болыўды қәлейсиз?”

Оқыўшылар устазының сораўына түрли жуўаплар берди. Олардан бири ушыўшы, басқасы шыпакер, және биреўи оқытыўшы болыў қәлеўи бар екенин айтты.
Бирақ, бир оқыўшының жуўабы, устаздың итибарын өзине қаратты.
Ҳақыйқаттан да, оның жуўабы досларына уқсамаған еди.

Биринши класс оқыўшысы: “Мен саҳаба болыўды қәлеймен”, - деди. Устаз оның жуўабынан әжепленип: “Неге саҳаба болыўды қәлейсең?” - деп сорады.

“Анам маған ҳәр күни уйқылаўымнан алдын саҳабалардың турмысынан ҳикаяларды айтып береди. Аллаҳ оларды жақсы көреди. Олар Аллаҳтың разылығы жолында барлық қайырлы ислерди ислейди, адамлардың аўырын жеңил етеди, деп жуўап берди бала.

Күтилмегенде берилген жуўаптан устаз сөйлей алмай қалды. Бул тәсирли жуўапты еситип, көзиндеги жасларды сүртер екен, билди, бул перзенттиң артында солиҳа бир ана бар ...

Соның ушын бул пәк баланың қәлеўи де уллы еди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz