Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     РАСУЛУЛЛАҲ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ШӘПӘӘТЛЕРИ 1. Үлкен шәпәә | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     РАСУЛУЛЛАҲ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ШӘПӘӘТЛЕРИ

1. Үлкен шәпәәт болып, барлық Пайғамбар алайҳиссалату ўа салламлар арасынан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға тән қылып берилген шәпәәт.

2. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның, саўаплары ҳәм жаманлықлары тең келип қалған қәўимлерди жәннетке кириўи ушын қылатуғын шәпәәти.

3. Дозаққа буйырылған қәўимлерди оған кирмеўи ушын қылатуғын шәпәәти.

4. Жәннетке киргенлердиң әмеллериниң саўаплары белгиленген дәрежеден жоқары дәрежеге көтериў ушын қылатуғын шәпәәти.

5. Базы қәўимлерди жәннетке есапсыз кириўи ушын қылатуғын шәпәәти.

6. Азапқа дуўшар болып қалғанлардың азапларын жеңиллетиў ушын қылатуғын шәпәәти.

7. Барлық мөминлерге жәннетке кириў руқсаты берилиўи ушын қылатуғын шәпәәти.

8. Өз үмметлеринен үлкен гүна қылғанлар ушын қылатуғын шәпәәти.

     Аўф ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Маған Рәббимниң алдынан бир келиўши келди ҳәм үмметимниң ярымы жәннетке кириўин яки шәпәәтти таңлаўымды сорады. Мен шәпәәтти таңладым. Ол Аллаҳға ҳеш нәрсени ширк келтирмей қайтыс болған адам ушын”. (Термизий рәўияты)

"Әл-фиқхул Әкбар шолыўы" текстинен үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz