Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     КИТАПТЫҢ АВТОРЫ КИМ?          {Әбиў Әлийдиң ҳәзили}   | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     КИТАПТЫҢ АВТОРЫ КИМ?
         {Әбиў Әлийдиң ҳәзили}
    
     Бир алым өзи жазған китапты Әбиў Әлий Ибн Синаға (мақтаныў ушын) көрсетти. Әбиў Әлий китапты басынан ақырынаша ашып көрип шықты ҳәм ийесине қайтарды.
Сол күни алым өз китабын патшаға (Бухара әмири Нуҳ ибн Мансурға) саўға қылды. Әмир сорады:
—    Бул китапты ким жазған?
—    Буны мен жазғанман, — деди, жаңағы алым.
Ибн Сина күлимсиреп:
—    Яқ, бул китапты мен жазғанман, — деди.
Патша әжепленип сорады:
—    Буны қалай дәлиллейсең?
Ибн Сина китаптың мазмунын басынан ақырына шекем ядтан айтып берди. Жаңағы алым патшаның алдында уялып, не деп айтарын билмей қалды.
Патша китап авторын кейиди:
—    Неге жалған сөйледиң?
Жаңағы алым күйинип, өзин ақлай баслады.
—    Бул китапты, өзим жазғанман.
Патша Ибн Синаға сораўлы нәзери менен қарады.
Ибн Сина жуўап берди:
— Патшайым кешириң. Бул китапты сол алым жазған. Мен тек оның китабын оқып, ядлап алған едим.
Патшаның кейпияты көтерилип, еки алымды да мақтады.

Муҳаммад Ибн Сулайманның “Қиссатул-улама” шығармасынан.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz