Get Mystery Box with random crypto!

Ислам дини «Ислам» – «бойсыныў, ықлас, тынышлық, ибадат, пити | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Ислам дини

«Ислам» – «бойсыныў, ықлас, тынышлық, ибадат, питим» дегени. Аллаҳ тааланың бәрше бенделери ушын разы болған дини Ислам дини болып есапланады. Ислам – таўҳид дини. Аллаҳ таала жиберген бәрше пайғамбарлар: Адам, Нуҳ, Ибраҳим, Муўса, Ийса, Муҳаммад алайҳимуссалам инсанларды тийкарынан бир динге – Аллаҳ тааланың бир екенлигине, оның китапларына, периштелерине, расуллерине ҳәм қыямет күнине ийман келтириўге, тек жалғыз Аллаҳға ибадат қылыўға шақырған (Шуро,13). Ислам дини шәриаты кәмил-жетик шәрият болып есапланады. Ислам дининдеги адамлар «мусылман – муслим» деп аталады. Ҳәзир жер жүзинде бир миллиардтан аслам мусылман бар.

Дин усыллары

Биринши – таўҳид усылы. Аллаҳ тааланы бир деп билиў ҳәм усы исенимде беккем турыў.
Екинши – әдил усылы. Дүнья ислери ҳәм шәрият ҳүкимлеринде ҳәр дайым туўры жолда болыў, рас сөйлеў.
Үшинши – имомат усылы. Дин ҳәм дүнья ислери бир келип қалғанда алдын диний ислерди орынлаў.
Төртинши – нубуўўат усылы. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм оннан алдын өткен бәрше әнбия ҳәм пайғамбарларға ийман келтириў.
Бесинши – амру маъруф усылы. Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үмметине буйырған (парыз, сүннет) нәрселерге әмел етиў ҳәм шақырыў.
Алтыншы – наҳий мункар усылы. Аллаҳ таала қадаған еткен ислерден сақланыў ҳәм қайтарыў.
Жетинши – таўалла усылы. Аллаҳтың досларын дос тутыў. Пайғамбарлар, саҳабалар, ҳақ жолдағы, исеними таза, ийманы кәмил бәрше уламалар, намаз ҳәм оразасын қаза қылмайтуғын, Аллаҳтың буйрығына әмел қылыўшы адамлар Аллаҳ тааланың дослары есапланады.
Сегизинши – табарро усылы. Аллаҳ тааланың душпанларын душпан деп билиў.

http://t.me/nasiyatuz