Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 19

2022-07-30 07:59:33
#ҳаж_2022

Хабарыңыз бар усы жылдын 25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасынан 237 пуқараларымыз Ҳаж зияратына жѳнеп кеткени ҳаққында социяллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик. Пуқараларымыз ҳаждың парыз, сүннет ҳǝм ўǝжип ǝмеллерин толық орынлап ана журтымызға жетип келди.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.1K views04:59
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 18:33:40 ​​БИР АЙРАЛЫҚ, БИР ЖОҚШЫЛЫҚ, БИР ӨЛИМ.

Қыйыншылық ҳәм жоқшылық келгенде қасыңда еки - Сабыр ҳәм Шүкир
атлы досларың болыў керек! Олар менен барлық машқала ҳәм тәшўишлерди жеңип шығасаң! Инша Аллаҳ.

Әсте-әсте бардым сол қара тасқа,
Ҳәсирет еттим дәртим қәўми-қарындасқа,
Себеп не, көздеги бул қанлы жасқа,
Бир айралық, бир жоқшылық, бир өлим.

Неше султанларды тахттан түсирген,
Бир нешесин индеместен сөндирген,
Не биреўлерди өз сөзине көндирген,
Бир айралық, бир жоқшылық бир өлим.

Тарқалған қыяллар ҳасла жәм болмас,
Гүнадан басқа қайғы, ғам болмас,
Үш дәртим бар бир-биринен кем болмас,
Бир айралық, бир жоқшылық, бир өлим.

Олар мийрим-шәпәәт қылмайды ҳәй ўаҳ,
Билсе де ҳеш әмел қылмайды ҳәй ўаҳ,
Бири сатар болса, екеўи гүўа,
Бир айралық, бир жоқшылық, бир өлим.

Усы орында Луқманы ҳәкимниң мына ўәсиятына нәзер салған орынлы: "Улым, ҳадал кәсип қыл, өзиңди жоқшылықтан сақла. Жоқшылық көрген адамның қайғысы болады. Бириншиси, динин ҳәлсиретеди. Өйткени, жарлылық адамды жаман нийетке шақырады. Екиншиси, ақылын кемейтеди. Себеби, мүтәжлик адамның ғайратын сөндирип, ақылын жейди. Үшиншиси, адамгершилиги ҳәлсирейди. Адамларға жек көринишли болады" деген екен.

«… Қашан бириңизге өлим ўақты келсе, елши (периште)леримиз кемшиликке жол қоймай, (өз ўақтында) оның жанын алады».
(«Анъам» сүреси, 61-аят)

Ертең… Бизлерден еслеўлер ғана қалады.
Өлим ҳеш кимнен руқсат сорап келмейди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.6K views15:33
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 11:30:29 Live stream finished (27 minutes)
08:30
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 11:03:29 Live stream started
08:03
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 08:50:00
2.4K views05:50
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 08:49:28 ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ ҲАЖ ИБАДАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ

Аллаҳ таала: «Жолға қәдир болған адамларға Аллаҳ ушын Үйди (Каабаны) ҳаж қылыў (парызы) бар. Ким күпир келтирсе, Аллаҳ әлемлерден бийқәжет», (Әли Имран сүреси, 97) деген.
Бул аяты кǝрийма менен Хаж ибадаты парыз болған. Аяттың мǝнисинен билинип турғанындай, Хаж ибадаты ҳǝммеге де парыз бола бермейди. Бәлки «Адамлардан жолын тапқанларына» парыз болады. Олар кимлер? Олар денсаўлығы жақсы, Хажға барып -келиўге шаңарағынан аўыстырған қарежети бар, жолында қǝўип-қǝтер жоқ, ҳаял адам болса, маҳрамы бар адамлар.
Бул шәртлерди ѳзинде жәмлеген ҳǝр бир мусылманға ѳмиринде бир мǝрте Хаж етиў парыз болады. Олар мүмкиншилиги бола турып, Хаж қылмаса, үлкен гунаҳ қылған болады. Сол себепли де аяттың ақырында: «Ким күпир келтирсе, Аллаҳ әлемлерден бийқәжет», делинбекте. Яғный кимде-ким мүмкиншилиги була турып, Хаж қылмаса, Аллаҳ таала Хаж қылмағанның ибадатына да бийқǝжет болып табылады. Бул жерде мүмкиншилиги була турып, Хаж қылмаў, күфирге теңлестирилмекте...
Хабарыңыз бар усы жылдын 25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасынан 237 пуқараларымыз Ҳаж зияратына жѳнеп кеткени ҳаққында социяллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик. Пуқараларымыз ҳаждың парыз, сүннет ҳǝм ўǝжип ǝмеллерин толық орынлар ана журтымызға жетип келди.
Зияратшыларымыз барлық қолайлықларға ийе «Зам-зам Пуллман», «Краун Плаза» мийманханаларында, ал Мәккә қаласында «Аброж ал-Ҳидая» мийманханасында болып, ҳаж ибадатларын орынлады. Оларға жǝне де қолайлықлар жаратыў мақсетинде «Мадина–Нөкис» авиарейси арқалы Мадина қаласынан тиккелей Нѳкис қаласына пәрўаз шөлкемлестирилди. Ҳажыларымыз бундай имканиятларды жаратып берген Журт басшымызға ѳзлериниң миннетдаршылықларын билдирмекте.
Бүгин Нѳкис халық аралық аэропортынан Ҳажыларды күтип алыў мǝресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, қазыят хызметкерлери, имам-хатиблер, Нѳкис медресеси оқытыўшылары, зияратшылардың жақынлары ҳǝм ғалаба хабар қураллары ўǝкиллери қатнасты.
Аллаҳ таала ҳажыларымыздың ибадатларын, елимиздиң тынышлығы ҳǝм пǝраўанлығы сорап еткен дуўаларын Ѳз дәргаҳында қабыл еткей.

Дерек: Paziylet.uz сайты

http://t.me/nasiyatuz
2.4K views05:49
Ашу / Түсініктеме
2022-07-29 08:48:27
2.3K views05:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-28 17:22:20 ​​​​​​     АЗ СӨЙЛЕ, САЗ СӨЙЛЕ!

    Инсанның айтатуғын жақсы гәпи болыўы керек яки индемей тура алатуғын гөззал әдеби ...
(Ҳәзирети Әбиў Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳу)

Үйрениўимиз ушын гәп айтыўлықты,
Еки жылша кетти, сөйлеп талмадық,
Қызығы индемей тыныш турыўды,
Жетпис жыл жасап та еплей алмадық.

     Мөминниң денесинде тилиндей Аллаҳ сүйген бөлек гөш жоқ. Аллаҳ мөминди тили себепли жәннетке киргизеди. Кәпирдиң денесинде де тилиндей Аллаҳға жағымсыз бөлек гөш жоқ. Аллаҳ таала кәпирди тили себепли дозаққа таслайды.
(Әбиў ад-Дарда разыяллаҳу анҳу)

     Тилди сақлаў – оғада гөззал әмел! Инсан тилин сақласа, набыт болмайды. Солиҳлерден бири былай деген:
     "Гәп те дәриге уқсайды. Егер оны мөлшеринде ишсең, пайда береди. Егер оны көбейтсең, өлтиреди".

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.0K views14:22
Ашу / Түсініктеме
2022-07-28 10:15:40
«Саўдадағы дурыс емес әмеллер»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.9K views07:15
Ашу / Түсініктеме
2022-07-28 07:19:23
#қайырқомлық

VAQF фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы материаллық жәрдемге мүтәж - кем түсимли мешитлерде ислеп киятырған 15 имам-хатиблердиң ҳәр бирине 1 840 000 сўмнан жәми 27 600 000 сўм қайырқомлық сыпатында тапсырылды.

@paziyletuz
496 views04:19
Ашу / Түсініктеме