Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 23

2022-07-21 15:55:10
«Перзент марҳум болған ата-анасына саўап бағышлаўы»

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.7K views12:55
Ашу / Түсініктеме
2022-07-21 13:24:59 ЗИКРГЕ ШАҚЫРЫЎШЫ АЯТ ҲӘМ ҲӘДИСЛЕР

Өз үмметине Рәббиси әмири менен ҳикметти үйреткен Пайғамбарымыз алайҳиссаламға кәмил салаўатлар болсын!
    Аллаҳ таала мәрҳәмат қылады:
    «Аллаҳты көп зикир қылыўшы еркеклер ҳәм көп зикир қылыўшы ҳаяллар ушын Аллаҳ мәғфират ҳәм уллы ажр (жәннет)ти таярлап қойған». (Аҳзоб сүреси, 35-аят)
     Ертели-кеш, күни-түни - ҳәмме ўақыт Аллаҳты яд етиўде турақлы болған ҳәм буның ушын “ўақыт излеген” кимселер Аллаҳтың ең жақсы бенделери.
     Жер жүзинде периштелер сениң зикир мәжилисиңде жолдас болыўды, Арши аълада уллы халық - периштелер арасында абыройың ҳаўаза болыўды қәлемейсең бе? Солай екен, сен Аллаҳты көп зикир етиўшилерден бол!
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ сондай дейди: Мен ҳаққымда бендем қандай гүманда болса, Мен сондайман. Мени ядында тутса, Мен ол менен биргемен. Егер бендем Мени жалғыз ҳалында еслесе, Мен де оны жалғыз ҳалында еслеймен. Егер Мени көпшилик арасында еслесе, Мен де оларды жақсылар арасында еслеймен. Егер бендем Мен тәрепке бир қарыс жақынласса, Мен оған бир газ жақынласаман. Егер бендем Маған бир газ жақынласса, Мен оған бир қулаш жақынласаман. Егер бендем Мен тәрепке жүрип келсе, Мен ол тәрепке жуўырып келемен», - деди».
     (Бухарий, Муслим, Термизий рәўияты).
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
 «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: «Ҳәр түнде оны ақырғы үштен бир бөлеги қалғанында Рәббимиз Аллаҳ таала жер аспанына түсип сондай дейди: «Ким дуўа қылып атырған болса, оны ижәбат қыламан. Ким Меннен сорап атырған болса, оған сораған нәрсесин беремен. Ким Меннен гүналарын мәғфират қылыўымды сорап атырған болса, оның гүналарын мәғфират қыламан дейди, деди».  
     (Бухарий, Муслим, Ибн Мажа)
     Салман разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлердиң уллы Рәббиңиз сахый ҳәм мәңги бар. Бенде қолларын көтерип (сораса) Аллаҳ қолларын қуры қайтарыўдан уялады», - деди».
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан: «Мүсийбет түскен ҳәм ғамлы ўақытларда қылған дуўалардың ижәбат болыўы қуўаныўын қәлеген инсан биймәлел қәтержам ўақытында дуўа қылсын», - деди».
     (Имам Термизий рәўияты)
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бес нәрседен алдын беш нәрсени ғәниймет билиңлер:
•  кекселик келмей турып жаслықты;
•  кәмбағаллық келмей турып байлықты;
•  кеселлик келмей турып саўлықты;
•  бәнт болмай турып бос ўақытты;
•  өлим келмей турып тириликти», - деди».
Бос ўақыттан мақсет бос ўақыт.
      Ким ерте турса, саў болса, әҳли тыныш болса, жеўге бир бөлек наны болса, қарыздар болмаса, өзи мусылман болса, ол ең бай инсан.
      Аллаҳ табарак ўа таала көп болып қылмай қойғаннан аз болса да даўамлы болған әмелди жақсы көриўин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизге жеткизген.

«Аллаҳты зикир қылыўшылар ушын күнлик ўазыйпалар» китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.3K views10:24
Ашу / Түсініктеме
2022-07-21 13:18:47      АНТ ИШИЎ ӘДЕПЛЕРИ

  Биреўдиң мекемеде ант ишиўине туўры келсе, қазы яки сол сыяқлы биреўдиң оған ўаз, нәсият қылыўы, жалған ант ишиўден ескертип, бул ҳаққында келген аят ҳәм ҳәдислерди еслетиўи мустаҳаб. Бул ҳаққында төмендеги ҳәдисти келтириў мүмкин. Еки ҳаял бир үй яки ханада моншақ өткизер еди. Олардан бири бизди алақанында жасырып шығып кетти ҳәм оны екинши ҳаялдан даўа қылды. Бул мәселе Ибн Аббасқа көтерилгенде: “Оған Аллаҳты еслетиңлер ҳәм: “Аллаҳға берген антларын аз ғана баҳаға сатып жиберетуғын кимселер ушын Ақыретте ҳеш қандай несийбе жоқ” аятын оған оқыңлар”, - деди. Ҳаялға пәндиў-нәсият қылған еди, ол бизди өзи алғанын тән алды. (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)
     Ант ишиўи талап етилген адам егер өзиниң наҳақлығын билсе, Аллаҳтың ғәзебине жолықпаўы ҳәм Оның рахметинен айырылмаўы ушын өз мойынындағы  ҳақты тән алып, ант ишиўден сақланыўы ўәжиб.
    Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Ким бир мусылманның мал-мүлкин өзлестирип атырған пайытта тоқтатылып, ант ишиўи талап қылынса, жалған ант ишсе, ол бенде Аллаҳға жолыққанда, Аллаҳ оннан ғәзепленген ҳалда болады". (Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)
     Инсан егер өзиниң ҳақлығын анық билсе, ант ишкени жақсырақ. Айырым ҳалларда болса, айтылғанындай, бул ўәжиб те болады. Себеби, Аллаҳ таала мусылманның ҳақы зая болып кетпеслиги ушын бундай ҳалларда ант ишиўди енгизген. Егер сондай қылынбаса, аман кимселер адамлардың мал-мүликлерин наҳақ жол менен жеў ушын даўагерликти дәстек етип алады. Олар даўа қылынған адамлар тақўа жүзесинен ант ишпеўин билип турып наҳақ даўаларды көтерип шығады ҳәм жалғанды өндириўге урынады.

“Қырық ҳәдис шолыўы” китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views10:18
Ашу / Түсініктеме
2022-07-21 13:12:07 НӘПСИЛИК ДӘРТЛЕР ДАЎАСЫ

     Медицина илими денедеги қәстеликлерди даўалағанындай, нәпсилик кеселликлердиң де даўасы бар болып, ҳәр бир иллетке қарсы бир пазыйлет қойылған.
     Сол қатары, ҳәр қандай иске әжеплене бериў де набыт қылыўшы нәпсилик иллетлерден болып, оның даўасы ағартыўшылыққа сүңгиў.
     Және бир наданлық болып, бундай нәпси илим пазыйлетинен бос қалған. Негизинде басланғыш билимсизлик айып емес. Себеби, инсан илим алыўға умтылады. Бирақ, адам өзин илим алыў қәжет емес деп билиўи нуқсан. Демек, инсан ҳәмийше илим мәжилисине умтылыўы зәрүр.
     Тағы бир иллет - ғәзеп. Оның дереги - кек, өш алыў қәлеўи. Бунда бендениң ақылы тосылып, ҳәрекети әззилесип қалады. Ғәзептиң даўасы ўаз, нәсият еситиў. Ғәзептиң шерик ҳәм ериўшилери;
ғам, досларға жаман көринип қалыў, пәскешлерге масқара болыў, душпанлардан сөгис еситиў, дене бийтаплығы.
     Тасбаўырлық, қорқақлық та иллет саналып, оларға байланыслы тағы бири өлимнен қорқыў. Бул қәўип өлим нелигин билмегенлерде болады. Себеби, олар нәпсиниң қурамы, ақыретте нелер болыўы, өлимниң ҳақыйқаты не екенлиги сыяқлылардан бийхабар.
     Және бир нәпсилик иллет - шаҳўатқа берилиў. Бул иллеттен сақланыў ушын барлық тағам ҳәм ҳаяллар нәпсиниң қандырылыўы ушын бирдей қурал екенлигин аңлаў лазым.
     Жалқаўлық, бийкаршылық, ғамлы болып жүриў де мине сол иллетлер қатарына киреди. Оларды да даўалаў мүмкин.
     Буның ушын адамда илим ҳәм ерк киби пазыйлетлер жетерли болыўы керек.

"Ғам-қайғысыз жасайын десеңиз (өксинбе)" китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.1K views10:12
Ашу / Түсініктеме
2022-07-21 11:38:52
#видео_ролик

Тынышлық – уллы неъмат

Аллаҳ тааланың бизге берген үлкен неъматларынан бири тынышлық...



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2.5K views08:38
Ашу / Түсініктеме
2022-07-20 17:13:55 ҲАСБУНАЛЛАҲУ ЎА НИЪМАЛ ЎӘКИЛ

“Ҳасбунада”ғы уллы пазылды билесиз бе?!
 
     Бул өткен пайғамбарлардың сүннети, қәлблерди ләрзеге салыўшы дуўа. Ол менен жәбиркеш қолларын аспанға көтергенинше Пәрўардигарына арзы қылады. Ол менен ғамланып атырған қәлб, Рәббисинен мәдет қәлеп, Оған жалбарынады.

"حَسْبِنا اللَّهُ وَنِعْمَ الْوَكِيلُ"
“Ҳасбуналлаҳу ўа ниъмал ўәкил”
     Ол зулымға қарсы Аллаҳтың қылышы. Ғам-тәшўишлерден қутылыўдың тийкарғы себеби. Иләҳий қәтержамлықтың гилти. Өйткени, улул-азм пайғамбарлар ол менен жәрдем сорап Аллаҳға мүрәжат қылды. Ол Аллаҳға тәўекелди өз ишине алады.

"حَسْبِنا اللَّهُ وَنِعْمَ الْوَكِيلُ" 
“Ҳасбуналлаҳу ўа ниъмал ўәкил”
     Бул мүбәрек кәлийманы Ибраҳим алайҳиссалам жалынға атылған ўақтында аспан ҳәм жер арасында айтқан. Аллаҳ оған нәжат берди.

"حَسْبِنا اللَّهُ وَنِعْمَ الْوَكِيلُ"
“Ҳасбуналлаҳу ўа ниъмал ўәкил”
     Бул мүбәрек кәлийманы Муҳаммад алайҳиссалам душпанлар үстине жаўылып келген пайытларда айтқан. Аллаҳ Пайғамбарымыз алайҳиссаламға жеңиллик қылды.

"حَسْبُنَا اللَّهُ وَنِعْمَ الْوَكِيلُ"
“Ҳасбуналлаҳу ўа ниъмал ўәкил”
     Бул мүбәрек кәлийманы саҳабалар, Мәккә әҳли оларды жеңиў ушын ләшкер тартып келгенинде, мунафиқлер мусылманларды қорқытқан пайытты айтқан еди. Бул ҳалат Қураны Кәриймде төмендегише баян етилген.

الَّذِينَ قَالَ لَهُمُ النَّاسُ إِنَّ النَّاسَ قَدْ جَمَعُوا لَكُمْ فَاخْشَوْهُمْ فَزَادَهُمْ إِيمَانًا وَقَالُوا حَسْبُنَا اللَّهُ وَنِعْمَ الْوَكِيلُ. فَانْقَلَبُوا بِنِعْمَةٍ مِنَ اللَّهِ وَفَضْلٍ لَمْ يَمْسَسْهُمْ سُوءٌ وَاتَّبَعُوا رِضْوَانَ اللَّهِ وَاللَّهُ ذُو فَضْلٍ عَظِيمٍ
 
    «Ондай инсанларға айырым кимселер: «(Қурайш) адамлары сизлерге қарсы (сансыз ләшкер) топлаған; енди, олардан қорқыңыз!» дегенинде, (бул гәп) олардың ийманларын зыяда қылды ҳәм: «Бизге Жалғыз Аллаҳтың Өзи жетерли. Аллаҳ ең жақсы исенимли ўәкил!» - деди.
     (Әли Имрон сүреси 173-174-аятлар)
     Қатада айтады: «Бул Уҳуд саўашынан кейин болған еди. Әбиў Суфян ҳәм жолдаслары қайтып кеткеннен кейин, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллоҳтың буйруғы ушын бел байлап, душпанды қуўатуғын бир топар жоқ па? Бул ис душпанға жаман соққы болып, ҳәр қыйлы мышмышларға тосық болар еди», - деди. Сонда, мусылманлардан бир топары Аллаҳ өзи билетуғын жарақат машақатларына қарамай жолға түсти. Зул Ҳулайфаға жетип барғаннан соң, Аъробийлер ҳәм адамлар олардың қасына келип Әбиў Суфян сизге қарсы көп адамлар менен киятыр», - деди. Олар болса: «Аллаҳ бизлерге жетерли, Ол оғада жақсы Ўәкил», - деди. Сонда, Аллаҳ олар ҳаққында усы аятты «...Аллаҳ уллы пазыл Ийеси», аятына шекем нәзил қылды».
     Айырым инсанлар бул дуўаның мәнис, мазмунын түсинип, түсинбей айтып жүреди. Лекин, соған қарамастан уламалар айтады, “Ҳасбуна” – бул жетерли болыў болып, мөминди қәўетерге салған, оны тәшўишлендирген, ғамлы қылған сыяқлы ҳалатларды өз ишине алады".

من هنا قال أحد الصالحين: "عجبت لمن خاف ولم يفزع إلى قول: "حسبي الله ونــِـعم الوكيل"

     Салиҳлерден бири айтады: (Бир нәрседен) қорыққан, лекин  “Ҳасбуналлаҳу ўа ниъмал ўәкил” сөзине таянбаған адамнан әжеплендим.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.2K views14:13
Ашу / Түсініктеме
2022-07-20 15:08:31 ҲИКМЕТЛЕР ЖАҚСЫЛЫҚҚА ЖЕТЕКЛЕР

Қуран менен суўғарылған қәлблер ҳасла солымас!

Қураны Кәрийм қәлбти ҳәм мийди ашады, бирақ буның ушын дәслеп Қуранды ашыў керек!

Қәлби ақырет пикири ҳәм зикиринен тысқары болған кимсе шайтан ўасўасасына көп тутылады.

Сен тек денем бар деп ойлайсаң, ал оның ишинде атмосфера, болмыстан да үлкенирек нәрсе бар.

"Писте киби дәнем бар" деген адамның, пыяз киби қатлам- қатлам қабығы болады.

Ықтыяжлары ушын пәс келмеген инсан уллыдүр!

Пазыйлет нәсил менен емес, ал әдеп пенен таўылар!

Ең жеңил ҳәм пайдалы ибадат кем сөйлеў ҳәм жаксы қулықлы болыў.

Инсанның қандайлығы оның қәлеўлеринде сәўлеленер.

“Баланың жасы онға жақынласқанда намәҳрам ҳаяллар қасында отырыўы мүмкин емеслигин аңлатың".

Жумыстың тез орынланыўына емес, пуқта ислениўине қара. Себеби, адамлар сеннен исти қанша мүддетте орынлаўыңды сорамайды. Ал, олар исиңниң сыпатына, пуқта исленгенине итибар береди.

Жүдә көп инсанларды көрдик, ҳеш бири бул дүньядан разы емес ҳәм сол менен бирге ҳеш бири бул дүньядан кетиўди де қәлемес.

Адамның қәлби таза болмас екен, тили ҳеш қашан ҳақыйқат сөйлемейди.

Китап оқыўдан илгери өзимизди оқыўды үйренейик.

Ақыллы инсан – қашан сөйлеўди, қаерде сөйлеўди ҳәм кимге сөйлеўди билетуғын инсан.

"Сөйлеўден әмелди абзал билиў - уллылық, әмелден сөзди абзал билиў - пәскешлик!"

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views12:08
Ашу / Түсініктеме
2022-07-20 15:05:22 НАМАЗДАҒЫ ҲАЛАТЛАРДЫҢ ФИЗИКАЛЫҚ ПАЙДАЛАРЫ

 Қыям - Тик турыў:
— Белдеги аўырыўлардың 25% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 52% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.

 Рукуъ ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 18% кемейиўи.
— Таз буўынлардағы аўырыўлардың 31% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 63% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.

 Сәжде ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 24% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 27% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 13% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи.
— Билеклердеги аўырыўлардың 28% кемейиўи.

 Қаада ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 37% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 17% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи

Умытпаң! Намаз оқыўдан негизги мақсет - Аллаҳ таала буйырған әмелди орынлаў арқалы, Оның разылығына ерисиў, Жәннетте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге болыў!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.6K views12:05
Ашу / Түсініктеме
2022-07-20 15:03:35 САДАҚАНЫҢ ПАЙДАЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Садақа – Аллаҳ таалаға ең сүйкимли әмеллерден бири;

Садақа – уни берувчидан ва унинг аҳлидан балонинг аришига, унинг ёмон ўлим топишдан қутулишига сабаб бўлади;

Садақа – денени, мал-мүликти пәклейди;

Садақа – мал-мүликтиң берекети зыядаласып, ырысқы кеңейиўине себеп болады;

Садақа – саўаптың көбейиўине себеп болады;

Садақа – жәннеттиң арнаўлы есигинен кириўге себеп болады;

Садақа – мал-мүликтиң көбейип, кемеймеслигине себеп болады;

Садақа – дозақтан қутылыўға себеп болады;

Аллаҳ таала ҳәммемизди садақа бериўшилер ҳәм оның дүнья ҳәм ақыреттеги пайдаларын көриўшилерден қылғай!

Ҳәний Даўўа мақаласынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.6K views12:03
Ашу / Түсініктеме
2022-07-20 14:32:49 Садақа ҳаққында?

Садақа деген не?
Мүтәж адамға Аллаҳтың разылығы ушын қылынатуғын жәрдемниң барлық түри.

Садақаның пазыйлети не?
• Жәмийетке ийгилик жайылады
• Жетим-жесир қуўанышқа бөленеди.
• Пақыр-мискинлер шадлыққа толады.

Садақаға ким мүтәж?
Садақаға алыўшы емес, бериўши көбирек мүтәж!

Садақа бериўден не тосады?
«Жарлылықтан қорқаман», «өзиме де керек», «ақшам көбейгенде беремен»…

Садақа бериўши не утады?
• Ашкөзликтен қутылады
• Жарлылықтан аманда болады
• Ырысқы несийбеси молаяды
• Қәлби жумсайды
• Аўырыўға шыпа
• Бәле-жаладан сақлайды
• Жолы ашылады
• Еки дүньялық бахытқа ериседи

Садақаға нелер киреди?
• Аз ямаса көп берилген ақша
• Қарызды кешиў
• Адамлар арасын дүзетиў
• Көлигине көмек бериў
• Жердеги затын алып бериў
• Биреўдиң жүзине күлип қараў
• Жақсы сөз сөйлеў
• Биринши болып сәлем бериў

Ҳәр бир жақсылық садақа!

Ең абзал садақа не?
Өзиң мүтәж болып, ашкөзлигиң услап, жарлылықтан қорқып, байлықтан үмитленип жүрген гезде берген садақаң!

Садақаның әдеплери:
• Биреў көрсин, еситсин демеў;
• Жақын туўысқанлардан баслаў;
• Ең алды оғада мүтәжлерден баслаў;
• Бергеннен кейин миннет етпеў;
• Илажы барынша жасырыў;
• Қайтарып алмаў.

Жоғында 1000 сўм бере алған адамға, барында 1000 доллар бериў қыйын емес!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.0K views11:32
Ашу / Түсініктеме