Get Mystery Box with random crypto!

НАҒЫЗ БАЙЛЫҚ Бир кәмбағал адам Аллаҳ таалаға налый баслап | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

НАҒЫЗ БАЙЛЫҚ

Бир кәмбағал адам Аллаҳ таалаға налый баслапты:
– Я Жаратқан Ийем, неге мени басқа бенделериңнен кем көрдиң, ырысқымды тар қылдың?!
Бир жолаўшы оның гәпин еситип қалып сорапты:
– Бирадар, аманлықпа? Неден наразысаң?!– Аллаҳ маған көп ырысқы бермеди, тынбай мийнет етемен, бирақ шарасызлықтан шығып кете алмай атырман! Жолаўшы бираз ойланып турғаннан кейин депти: – Мейли, саған бес мың тилла беремен. Орнына бир көзиңди бересең! Жарлы киси қатты қорқып кетип, еки адым артқа шегинипти: – Есиң дурыспа? Қалайынша бес мың ушын көзимнен айырылайын?! Жолаўшы саўдаласыўды даўам етипти: – Онда бир қолыңды береғой. Он мың тилла беремен? – Болмайды, – пақырдың ашыўы келе баслады, – жүз мың берсең де қолымды бермеймен! – Мейли, ондай болса, усы он мыңға бир бармағыңды бер! – Неге бармағымды сатайын?! Пүткил дүньяны берсең де бармағымды алмастырмайман! Оның усы гәпин еситкен жолаўшы мақсетке өтипти: – Ҳәй нәшүкир бенде, онда неге налыйсаң? Аллаҳ саған қанша байлық бергенин көрмей атырсаңба? Төрт мүшең саў, ақыл-есиң жайында. Сен болсаң пақырлықтан налып отырсаң. Буның орнына Аллаҳ берген есапсыз неъматларға шүкир қылсаң болмайдыма?! – депти.

http://t.me/nasiyatuz