Get Mystery Box with random crypto!

#Ҳәдис Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллал | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

#Ҳәдис

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ең көп айтатуғын дуўасы: «Аллаҳумма, Роббәнәә әәтинәә фийд-дуня ҳасанатан ўә фийл-аахироти ҳасанатан ўә қинәә ъазәәбән-нәәр», еди.
Дуўаның мәниси: «Аллаҳым! Рәббимиз, бизлерге бул дүньяда да жақсылықты, ақыретте де жақсылықты бер ҳәм бизлерди дозақ оты азабынан сақла!».
(Имам Бухарий рәўияты)

Шолыў: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ең көп айтатуғын дуўа мәнисиндеги бул аяты кәрийма дүнья ҳәм ақырет жақсылықларының арасын жәмлеген.

Дүньядағы жақсылық: Саламатлық, тынышлық, ырысқы, илим, солиҳа ҳаял, кең ҳәўли, инсан аманлықта болатуғын ҳәр бир нәрсе ҳәм кеўил қәтержамлығы.

Ақыреттеги жақсылық: жәннетти талап қылып дозақтан қутылыў, Аллаҳ тааланың разылығына ерисиў ҳәм Аллаҳ таала Қуранда: «Ким Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға итаат етсе, демек әне солар – Аллаҳтың инамына ерискен нәбийлер, сыддықлар, шейитлер ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен бирге. Олар жолдас сыпатында қандай жақсы!» (Ниса сүреси, 69-аят), деп айтқанындай мәңги, наъийм жәннетлерде нәбийлер ҳәм расуллер менен бирге болыў.

«Саҳийҳул Бухарийге жеңил шолыў» китабынан

http://t.me/nasiyatuz