Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 22

2022-07-23 14:06:54 ​​ ҚУРАН ОҚЫҢ! ҚЫЯМЕТ ЖӘЗИЙРАМАСЫНДА СИЗГЕ САЯ БОЛАДЫ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Бақара" ҳәм "Әли Имрон"ды оқыңлар, себеби ол екеўи Қыямет күни тап еки булттай яки еки саябандай ямаса сарп етилген қуслардың еки бөлегиндей болып, ийелери ҳаққында ҳүжжет таласады".

Яғный, Қураны Кәрийм Қуран оқыўшы қарыйды шәпәәт қылады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.4K views11:06
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 10:38:50 ​​     УСЫНЫС

     Кимниң гүналары көп болса, суў тарқатсын. Аллаҳ таала ийтке суў бергенди мәғфират еткен. Енди мөмин инсанға суў бергенди мәғфират қылмасын ба?!

     Имам Қуртубий раҳимаҳуллаҳ.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.8K views07:38
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 10:04:10 ЖӘННЕТТЕГИ ТЕРЕКЛЕРДИҢ АЛТЫННАН ЕКЕНЛИГИ ҲАҚҚЫНДА

     Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Жәннеттеги барлық тереклердиң денеси алтыннан".
(Термизий рәўияты).
     Ибн Зайд ҳәдис айтады: Бир адам: "Ҳәй Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жәннетте хурма бар ма, себеби мен хурманы жақсы көремен?" - деди. "Аўа, жаным қолында болған Аллаҳға ант, ондағы хурманың денеси алтыннан, төменги бөлеги де алтыннан, шақалары да алтыннан, жапырақлары пүткил әлем безеклеринен гөззал, гүжимлери де алтыннан, мийўелери гүзеден үлкен, майдан жумсак ҳәм палдан ләззетли", - деди. (Ибн Ўаҳб рәўияты).
     Абул Фараж ибн Жаўзий Жарир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мениң қолымнан ортасы геўек тақтаны алып: "Ҳәй Жарир, егер жәннетте бул киби тақтаны излесең де таўа алмайсаң", - деди. "Мен: "Ол жерде хурма ҳәм терек жоқ па?" - дедим. Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Бар, оның денеси дүр ҳәм алтыннан, жоқарысында мийўеси бар", - деди".

Имам Қуртубий, "Жәннет баяны" китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.9K views07:04
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 19:21:03 ​​НЕЪМАТЛАРҒА ШҮКИРЛИК ҚЫЛЫҢ!

Әке - намыс!
Ана - меҳир!
Аға - мақтаныш!
Үке - үмит!
Апа - ар!
Сиңли - ғамқор!
Әмеки - қанлас!
Әжапа - дәрман!
Ҳаял - сынаў
Перзент - сыйлық!
Келин - қарыз!
Күйеў - парыз!
Қудағай - сабыр!
Қоңсы - сырлас
Қәйинлер - қарындас!
Мийман - ырысқы
Устаз - пәрўана!
Дос - дыянат!
Душпан - қыянет!
Шаңарақ - әўмет!
Руўзыгершилик - дәрамат!
Турмыс - имканият!
Өмир - имтиҳан!
Муҳаббат - айқулақ!
Уйқы - ермек!
Түс - қыял!
Ўақыт - мәҳәл!
Күн - жәбир!
Түн - сабыр!
Өлим- хақ!
Жасаў - бул бахыт!
Машинада баратырсыз ба? Изинизге қараң велосипетте баратырғанлар да бар! Шүкирлик етиң автомобилигиз бар!
Велосипедте баратырсыз ба? Изинизге қараң пияда жүргенлер де бар!
Шүкирлик етиң велосипедиңиз бар!
Пияда баратырсыз ба? Әтирапқа нәзер салың, арбашада отырғанлар да бар! Шүкирлик етиң бир өмир төсекте жатырғанлар да бар!

Усы қатарларды оқып атырсыз ба? Шүкирлик етиң, көзи әззилер де бар!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.0K views16:21
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 18:58:31 УЛ БАЛАНЫ XATHA ҚЫЛДЫРЫЎ - САЛАМАТЛЫҚ УШЫН!

  Ул перзентлерди хатна қылдырыў әкениң ўазыйпасы ҳәм баланы ҳаққы.
«Хатна» сөзи терминологияда «кесиў» мәнисин аңлатады.
Фақиҳлер тәрийплеўиндн болса «Арнаўлы ағзаның белгили бир бөлегин кесиў - хатна».
  Ул балаларды хатна қылдырыў сүннет. Сүннет болғанда да, Исламның уранларынан, қәсийетлеринен бири саналған сүннет. Ул балаларды киши пайытында хатна қылдырыў мусылман халықлардың тәрк қылмайтуғын әдетине айланғаны жақсы ис. Қалаберсе, бул истиң инсан саўлығы ушын қаншелли пайдалы әмел екени ҳәзирги заман илими де дәлилледи.
Соның өзи Ислам шәриятында буйырылған әмеллердиң ҳеш бири ҳикметсиз емеслигин тастыйықлайды.
  Хатнада закардың үш бөлегин қаплап турған жумсақ тери кесиледи. Бул тери арабшада «қалафа» делинеди.
  Ҳанафий мәзҳабы бойынша, хатна баланың ҳалына қарап, саламатлығы көтеретуғын болғанда қылынады. Жети күнлик яки оннан үлкен гөдекти хатна қылыў шәрт емес.
Сондай-ақ, әззилиги ушын хатнаға шыдай алмайтуғын үлкенирек жастағы балалар да хатна қылынбайды.
  Хатна қылынбаған адам әлемнен өтсе, ол хатна қылынбайды. Хатна ҳалында туўылған адам да хатна қылынбайды. Егер хатна қылыныўы лазым болған жерде базы бир тери болса, оны алып таслаў лазым болады.
  Үлкен жастағы адам мусылсан адам болса ҳәм хатна оған зәрер келтириўи қәўпи болса, тәрк қылынады.
  Бир адам үлкен жаста мусылман болғанлығы үзири ушын хатна қылынбаған болса, әдил болады ҳәм шаҳәдаты қабылланады.
  Хатна шафеъийлер ҳәм ҳанбалийлер нәздинде ўәжиб, ҳанафийлер ҳәм мәликийлер нәздинде сүннет. «Бала туўылғанынан жети күн өткеннен баслап, хатна қылынса бола береди», деген уламалар да бар.
Базылар: «Жети жастан он жасқаша хатна қылынса жақсы болады», деген.
  Хатнашының үлкен адамды яки өспиримди хатна қылыў ушын әўретине нәзер салыўы мүмкин.
  Бул истиң баланың саўлығы ушын қаншелли пайдалы екенин мусылман болмаған халықлар да енди-енди аңламақта.

«Саламат бала» китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.1K views15:58
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 15:54:19 ​​НАМАЗДЫҢ БИЗ БИЛГЕН ҲӘМ БИЛМЕГЕН ҲИКМЕТЛЕРИ

1. Намаз Исламнын екинши рукни, ибадатлардың анасы, таатлардың тийкары, гүналарды жуўыўшы, жаманлықларды қайтарыўшы.
2. Намаз кәлимаи шаҳәдаттан кейинги ең уллы парыз.
Ол бенде Аллаҳтың есап-сансыз неъматларына шүкир келтириўи ушын шәриятқа киргизилген болып, оның диний, тәрбиялық, жеке, социаллық ҳәм басқа бир қатар пайдалары жүдә көп.
3. Намаз бендениң Аллаҳ пенен байланысыў қуралы.
Онда бенде Аллаҳ пенен жалғыз қалып, Аллаҳға жалбарынады, барлық дәртлерин төгип салып, руўхый ләззет алады.
     Бул дүньяда турмыс кеширип атырған адамның өзине жараса дәрти болады. Оларды басқа адамларға айтса, жәрдем алып болмаслығы мүмкин, қалаберсе, олар сырын басқаларға паш етип, дәрт үстине шыйқан болады. Ал, дәртти Аллаҳ таалаға айтылғанда, Аллаҳ жәрдем береди ҳәм сырды паш қылмайды. Ҳеш болмаса, бенде дәртин төгип салып, рәҳәтленеди.
     Намаз оқыў менен бенде өзиниң барлық ислерин Аллаҳ таалаға тапсырады. Бенде өз намазы менен өзине аманлық, қәтержамлық ҳәм нәжат тилейди.
4. Намаз утыс ҳәм нәжатлар жолы.
5. Намаз – қәте ҳәм гүналарды жуўыўдың ең исенимли жолы.
6. Намаз өз ийесине көплеп пайдаларды келтиреди.
7. Намаз намазханды Аллаҳ таалаға жақын қылады, оның қәлеўин беккемлейди. Тек Аллаҳтан ғана иззет талап қылыўға үйретеди.
8. Намаз инсанды бул дүнья нәрселеринен өзин жоқары тутыўға үйретеди.
9. Намаз өз ийесине көп нәпсилик рәҳәт ҳәм руўхый пәраўанлық бағышлайды.
10. Намаз оқыйтуғын адам ғәплет уйқысынан оянып, усы өмирдеги өз жуўапкершилигин шын қәлбтен орынлайтуғын болады.
11. Намаз адамға тәртипли болыўды, ҳәмме ислерди тәртипли түрде жолға қойыўды, ўақытты тежеў ҳәм тәртипке салыўды үйретеди.
12. Намазхан адам кишипейиллик, асықпаў, ҳүрмет, сабыр киби көплеген жеке қәсийетлерге ийе болады.
13. Намаз өз ийесин жоқары инсаный пазыйлетлерге ийе болыўға, түрли жаманлықлардан тысқары болыўға алып барады.
14. Намаздың намозхонлар жамиятига келтирадиган фойдалари ҳам жуда кўпдир.
Намазды мешитлерде жәмәәт пенен оқыў абзал.
Жәмәәт пенен намаз оқыў намазханлар арасындағы социаллық байланысларды беккемлейди. Күш жәмәәтте екенин аңлатады. Социаллық байланыс, бирге ислесиўди күшейтеди.
     Жәмәәт намазы адамлар арасында теңликти көрсетиўши әҳмийетли әмел. Намазда ҳәмме ким болыўына қарамастан бир жерде, бир қатарда, бирдей әмелди орынлайды ҳәм Аллаҳ таалаға бенде екенин баян етеди.
     Намазда жәмәәт формасында имамға бойсыныў, бир мақсетке бағдарланыў көринислери сәўлеленеди.
     Жәмәәт намазында қатнасыўшылар бир-бирине көмеклесиў менен бирге, қәтелерин де дүзетеди ҳәм өз жәмийети ушын керекли болған көплеп басқа ислерди де әмелге асырады.
15. Намаз мусылманды ғайрымусылманнан ажыратып турыўшы тийкарғы белги. Соның ушын да намазхан адамды ҳәмме ҳүрмет етеди, оған исенеди, оннан қәтержам болады.
16. Намаз пәклик нышаны. Намазхан адамның ең дәслеп қәлби пәк болады. Қалаберсе, денеси, кийим-кеншеги ҳәм орны пәк болады. Намаз адамның руўхый, мәнәўий ҳәм физикалық саламатлығы ушын оғада зәрүр екени ҳәзирде кәпирге де сыр емес.
     Намаздың әҳмийети уллыллығынан, барлық фиқҳий китапларда намаз ушын керек болған пәклик – таҳәрат бабынан кейин Намаз китабы келеди. Сондай-ақ, бизлер үйренип атырған китапта да сондай болған.

«Кифая» китабының биринши бөлими.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.0K views12:54
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 15:41:50 ​​     РУМА ҚУДЫҒЫ

     Мадинада бир қудық бар. Аты “Рума”. Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳудың қудығы. 1400 жылдан бери суўы тоқтамайды. Ҳәзирде Саудия Арабстаны әтирап, аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги қарамағында. Сол қудық Масжидун Набаўийден шама менен 5 км узақлықта, Мадинаның қубла батысындағы Ҳәййул әзҳарий аймағында жайласқан. Аллаҳ тааланын пазылы менен қудықтың суўы көп, таза ҳәм душшы.
     Қудықтың тарийхы
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанынан соң мусылманлар суў азлығынан қыйнала баслады. Қалада яҳудийге қараслы бир қудық бар еди. Суўы көп ҳәм душшы еди. Ол суўды мусылманларға пулға сатар еди. Мусылманлар арасында суўды сатып алыўға қыйналғанлар бар еди.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қудықты мусылманлардан биреў сатып алып, Аллаҳ тааланың жолында мусылманлар ушын ешейин бериўди арзыў қылар еди.
Усман разыяллаҳу анҳу “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға келгенинде онда Рума қудығынан басқа душшы суўлы қудық жоқ еди. Сонда Әлемлер Сәййиди саллаллаҳу алайҳи ўа саллам “Ким Рума қудығын сатып алса ҳәм шелегин басқа мусылманлардың шелеклери менен бирге қылса, оған жәннетте оннан жақсысы болады" деген. Мен дүньямның жақсысына сол қудықты сатып алдым ҳәм онда шелегимди мусылманлардың шелеклери менен бирге қылдым" деди.
     Имам Термизий рәўияты.
     Усман разыяллаҳу анҳу Аллаҳ тааланың разылығына ерисиў, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның арзыўын әмелге асырыў ҳәм ўәде қылынған жәннеттеги сыйлықты қолға киргизиў үмитинде қудықты сатып алыўға асықты. Яҳудийдиң алдына барып қудықты сатып алмақшы екенин айтты. Бирақ, ол сатыўдан бас тартты.
Усман разыяллаҳу анҳу қудықтың ярымын сатып алыўын айтқанында ол сатыўға разы болды. Соннан кейин қудықтын жартысын 12 000 дирҳамға сатып алды ҳәм мусылмаеларға оның суўын пулсыз қылып қойды. Қудықтан бир күн Усман разыяллаҳу анҳу, бир күн жаңағы яҳудий пайдаланар еди. Мусылманлар Усман разыяллаҳу анҳудың нәўбети күни еки күнлик суўды алып кетер, яҳудийдиң нәўбети күни ҳеш ким суўға келмес еди. Бул жағдайды көрген яҳудий Усман разыяллаҳу анҳуга “Базарымды дағдарысқа ушыраттың. Қалған ярымын да сатып ал”, - дейди. Усман разыяллаҳу анҳу қудықтың қалғанын 8 000 дирҳамға сатып алды ҳәм қудықтың ҳәммесин мусылманлар ушын ешейин етип қойды. Солай етип, сол қудық Қыяметкеше Усман разыяллаҳу анҳудың ўақфлары болып қалды.
     Ҳәзирде сол қудық әтирапында бағ болып, ондағы хурмалар саны 15500 түптен көбирек. Министрлик мағлыўматын гөре, қудықтың тереңлиги шама менен 37 метрди, кеңлиги шама менен 4 метрди, суўдың бәлентлиги шама менен 29 метрди қурайды.
     Аллаҳ тааланың пазылы менен сол ўақфтың саўабы 14 әсирден берли Усман разыяллаҳу анҳуға барып тур. Егер сол қудық бар екен, оннан мусылманлар пайда алар екен, Усман разыяллаҳу анҳуға саўап барып турады.
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мөмин инсанға оның өлиминен кейин де жетип туратуғын әмели ҳәм гөззал ислеринен; үйреткен ҳәм тарқатқан илими, артындаиқалатуғын салиҳ перзенти, мийрас қалдырған Қураны, қурғпн мешити, ғәрип, мүсәпирлер кшын қурған үйи, ағызған қудығы яки өз мал-мүлкинен берген садақасы бар.
Ден-саўлық ҳәм тири ўақтында сол нәрселерди ислесе, олардың саўабы өлиминен кейин де жетип турады», - деди».
     Арамызда материаллық имканияты бар динлеслеримиз әне сондай ўақф ислерин жолға қойса, қәбирде де тоқтаўсыз саўап барып туратуғын әмелди орынлаған болады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.1K viewsedited  12:41
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 15:32:57      ИЛИМ МАЛ-ДҮНЬЯДАН АБЗАЛ

 “Ҳадису арбаъийн” шарҳу Усфурий  китабында келиўинше, ол хаўариж топарынан келип бир қыйлы сораў берген он адамның “Илим абзал ма, мал-дүнья абзал ма?” деген саўалына “Илим абзал” деп жуўап берди ҳәм он адамға он түрли дәлил келтирди.
     Бириншисине: “Илим пайғамбарлардың мийрасы, мал-дүнья болса Қорун, Шаддад, Фиръаўн ҳәм басқа соған уқсағанлардың мийрасы!” – деди.
     Екиншисине: “Илим сени қорықлайды, мал-дүньяны болса сен қорықлайсаң”, – деди.
     Үшиншисине: “Мал-дүнья ийесиниң душпаны көп болады, илим ийесиниң досты көп болады”, – деди.
     Төртиншисине: “Мал-дүньяны сарп қылған сайын ол кемейеди, илимди сарп қылған сайын көбейеди”, – деди.
     Бесиншисине: “Мал-дүнья ийесин қызғаншақ деген ат пенен мәламат қылып шақырады, ал илим ийесин иззет-икрам, ҳүрмет пенен шақырады”, – деди.
     Алтыншысына: “Мал-дүньяны урыдан сақлап жасырылады, ал илимди урыдан сақлап жасырылмайды”, – деди.
     Жетиншисине: “Мал-дүньяның ийеси Қыямет күни есап-китап қылынады, ал илим ийеси Қыямет күни шәпәәт қылады”, – деди.
     Сегизиншисине: “Мал-дүнья узақ ўақыт турыўы ҳәм ўақыт өтиўи менен ескиреди (ҳәм қәдири кетеди), илим болса ҳасла ескирмейди, қәдири кетпейди”, – деди.
     Тоғызыншысына: “Мал-дүнья қәлбти қарайтады, ал илим қәлбти жарық ҳәм нурлы қылады”, – деди.
     Оныншысына: “Мал-дүньяның ийеси ўақыт өтип қудайлықты даўа қылады, ал илим ийеси ҳәмийше бенделик дәрежесинде турады”, – деди.
     Соң деди: “Егер меннен тағы сол сораўды сорайберсе, өлгенимше сондай (“Илим мал-дүньядан абзал”) деп жуўап беремен!” Кейин ол (хаўариж)лер келди ҳәм ҳәммеси ийман келтирип, мусылман болды.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.2K views12:32
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 11:35:05 Live stream finished (33 minutes)
08:35
Ашу / Түсініктеме
2022-07-22 11:01:47 Live stream started
08:01
Ашу / Түсініктеме