Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 21

2022-07-25 09:35:49
“Перзенттиң ата-ана алдындағы ўазыйпалары”

Жолаўшиев Айбек
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
2.6K views06:35
Ашу / Түсініктеме
2022-07-24 09:45:05 ​​БАХЫТСЫЗЛЫҚ ТӨМЕНДЕГИ 6 НӘРСЕ МЕНЕН ЖӘМЛЕСПЕЙДИ

1. Анаға жақсылық пенен.
"Анама жаксылық қылыўшы қылды ҳәм залым, бахытсыз қылмады". (Марям сүреси, 32-аят)
2. Дуўа менен. "Рәббим, саған дуўа қылыў менен бахытсыз болмадым. (Марям сүреси, 4-аят).
3. Қуран менен. "Биз Қуранды саған бахытсыз болыўың ушын нәзил қылмадық". (Тоҳа сүреси, 2-аят).
4. Ҳидаятқа ериў менен. "Ким мениң ҳидаятыма ерсе адаспайды ҳәм бахытсыз болмайды". (Тоҳа сүреси, 123-аят).
5. Аллаҳтан қорқыў менен. "Қорыққан адам еслетпе алады ҳәм жаман адам оннан шетленеди". (Аъла сүреси, 10-аят).
6. Тақўа менен. "Мен сизларни лаўыллап турған дозақтан ескерттим. Оған жалғанға шығарған ҳәм жүз бурған адам киреди. Ал, тақўадар оннан узақ қылынады". (Лайл сүреси, 17-аят).
Аллаҳым бизлерди рахметиңнен үмитсиз болған бахытсызлардан қылма!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
514 views06:45
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 20:09:06 ​​     ИБАДАТТА ДАЎАМЛЫ БОЛСАҢ

     Егер шайтан сени Аллаҳтың ибадатында даўамлы көрсе, алдыңа тез қатнайды. Сонда да ибадатта даўамлы екениңди көрсе, сеннен зеригеди ҳәм таслап кетеди. Егер бир мәрте анадай, бир мәрте мынадай көрсе, сеннен үмитленип қалады.

     Ҳасан Басрий

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.7K views17:09
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 18:33:07 ​​     МИЙМАНДОСЛЫҚ

     Бир ҳаял Расулуллаҳ алайҳиссаламның алдына күйеўинен шикаят етип  келди. Шабазы бәрқулла үйине мийман шақырып зыяпат берер, ал бул, ҳаялға артықша машақат келтирер еди. Ҳаял Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан өзине мақул болған жүйели жуўапты ала алмады.
     Бир пурсат өтип, Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳаялдың өмирлик жолдасын шақырды ҳәм "бүгин мен сениң үйиңе мийманға бараман", - деди. Еркек оғада қуўанып үйине келди де, хабарды берди. Ҳаялы да буннан қуўанып, ҳәр түрли тағамлар таярлай баслады. Расулуллаҳ алайҳиссалам мийманға келип, ҳаялдың разы екенлигин, Расулуллаҳ алайҳиссаламды мийман қылғанынан қуўанышлы екенлигин көрди.
Расулуллаҳ алайҳиссалам ол жерден қайтып баратырғанында еркекти шақырып "мен есиктен шығып баратырғанда ҳаялың есикке қарап турсын", - деди.
     Ҳаял Расулуллаҳ алайҳиссаламның изинен есик тәрепке қарап турған еди. Расулуллаҳ алайҳиссаламның изинен ҳәр түрли жәнликлер, шаянлар, қурт-қумырысқалар да ерип барар еди. Бундай қорқынышлы ҳалатты көрген ҳаял қорқып қалды. Сонда, Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳаялға қарап "тап сондай, ҳәр сапары үйиңизден мийманлар шығып баратырғанда өзи менен үйигиздеги бәле, апатларды, зәрерли жәнликлерди алып шығып кетеди", - деди.
     Мийманды иззет-икрам қылыўдың ҳикметлеринен бири сол.
Көп мийман келетуғын үй Аллаҳ жақсы көретуғын үй. Ҳәммеге есиклери ашық болған үйге Жаратқанның берекети нәзил болады.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: Егер Аллаҳ таала қайсы бир қәўимге жақсылықты қәлесе оған саўға береди, деди.
Саҳабалар: Ол қандай саўға? - деп сорады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: Ол - өз ырысқы менен келетуғын ҳәм кетип баратырғанда өзи менен шанарақ әҳлиниң гүналарын алып шығып кететуғын мийманлар, деди.
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай мәрҳәмат қылған: Ким Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, мийманды сыйласын.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.2K views15:33
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 18:07:37 ​​     100 000 НАМАЗҒА ТЕҢ

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Macжидyл ҳapамдағы биp нaмаз басқa әпиўайы мешитлердеги жүз мың намазға тең", - деген.
     Аллаҳым бизлерге де Байтиңди зыярат етиўди, Каабаи муаззама алдында турып ибадат етип, Өзиңе жалбарынып дуўа ҳәм истиғфарлар айтыўымызды несип әйле!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.8K views15:07
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 17:58:12      АШШЫ ҲАҚЫЙҚАТ

     Ата-анаңыздың шашлары ағарған ба? - делинсе, көпшилигимиз: "Аўа, кекселиктен шығар", - деймиз. "Бизлердиг тәшўишлеримиз ағартқан", дейтуғынларымыз кем. Дурыс, шаш-сақалдағы ақлар кекселиктен нышан. Бирақ, ҳәммесин де кекселик ағартпаған.
     Биз перзентлердиң тәшўишлери менен ертерек ағарғанлары да бар. Лекин, ҳеш бир ата-ана шаш-сақалын перзентлериниң қайсы тәшўишлери ағартқанлығы ҳаққындағы кеўил кеширмелерин тилине шығармайды. Себеби де бизлер ... "Еситип, балаларымның шашлары ертелеў ағармасын", - дейди. Олардың қәлбиниг түбиндеги жазылмышларды оқыў мүмкин. Оның ушын қәлб көзлеримиз ашық болыўы шәрт!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views14:58
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 17:18:18 ​​ҲУЗАЙФАНЫҢ ӘЖАЙЫП ЖУЎАБЫ

     Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Бир күни Ҳузайфа ибн Яманды ушыратып қалып, "Таңды қандай қарсы алдыңыз, ҳәй Ҳузайфа?" - дедим. Ҳузайфа: "Фитнаны жақсы көрип, ҳақты жақтырмай, таҳәратсыз намаз оқып, Аллаҳта жоқ нәрсе менде бар ҳалымда қарсы алдым", - деди. Оның бул гәплеринен жүдә қатты ашыўым келди.   
     Бираздан кейин алдыма Әлий разыяллаҳу анҳу кирип қалып, "Ҳәй мөминлердиң әмири, тынышлық па, жүзиңизде ғәзеп белгисин қөрип турман?" - деди. Мен Ҳузайфаның гәпин айтып бердим. Әлий разыяллаҳу анҳу сондай деди: "Ҳузайфа туўры айтыпты. Фитна деп мал-дүньяны, бала-шағаны айтқан, себеби оларды жақсы көремиз. Ал, Аллаҳ таала Қураны Кәриймниң Тағобун сүресинде "Мал-мүликлериңиз ҳәм балаларыңыз фитна", деген. Ҳақ деп өлимди айтқан, себеби өлимди жаман көремиз. Таҳәратсыз намаз деп салаўатты айтқан, себеби намаз дуўа. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға болса ҳәр дайым, таҳәратсыз да салаўат айтыў мүмкин. Аллаҳта жоқ болған, бирак онда бар нәрсе – ҳаял ҳәм бала-шаға. Аллаҳта бул нәрселер жоқ. Умар разыяллаҳу анҳу: "Жүдә дурыс айттыңыз, Абулҳасан. Ҳузайфа ибн Яманға қәлбимдеги ғәзепти кеткиздиңиз", - деди.

"Салиҳлер гүлшаны" китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.0K views14:18
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 17:10:10 ​​ ҚУРАНДА КЕЛГЕН ДУЎАЛАР

  ربَّنَا اغْفِرْ لِي وَلِوَالِدَيَّ وَلِلْمُؤْمِنِينَ يَوْمَ يَقُومُ الْحِسَابُ

Оқылыўы: Роббанағфирлий ўали ўалидайя ўа лил муминийна йаўма йақумул ҳисаб.

Мәниси: Ҳәй Рәббимиз! Есап-китап қылынатуғын (қыямет) күни мени, ата-анамды ҳәм (барлық) мөминлерди мәғфират қыл.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views14:10
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 15:10:27 ​​ ДҮНЬЯ ТӘШЎИШЛЕРИН АРТҚА ТАСЛАҢ!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Ким пүткил ой-тәшўишлерин бир (ақырет) ғам-тәшўишке айландырса, Аллаҳ дүнья тәшўишлерине Өзи жетерли болады. Кимди (дүнья) ой-тәшўишлери бәнт қылса, Аллаҳ оның дүньяның қайсы үлкелеринде набыт болыўына итибар да бермейди”. (Имам Ҳәким рәўияты)

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.2K views12:10
Ашу / Түсініктеме
2022-07-23 14:43:58
Муфтий ҳәзирет: Расул алайҳиссаламға халқымыздың сәлемлерин жеткиздик, дуўаға қосылғанлардың ҳәммесине, Байтуллаҳ зыяраты несип етсин!

Youtube | Tas-ix | Facebook | Instagram

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати
Muslim.uz
#Ҳаж2022
@muslimuzportal | @mp3muslim | @diniysavollar
1.6K views11:43
Ашу / Түсініктеме