Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 20

2022-07-27 18:34:41 ​​​​     ӨЗИ УШЫН ЖАСАЎ

     Тек өзи ушын жасаған адам рәҳәтте жасайды. Бирақ, кишкене адам болып жасайды ҳәм кишкене адам болып өледи.

     Шайх Мутаўаллий Шаъроўий.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.7K views15:34
Ашу / Түсініктеме
2022-07-27 17:33:18 ​​​​     АҚШАҢЫЗҒА АЛЫҢ!

Абдуллаҳ ибн Муҳайриз көйлек сатып алыўға базарға кирди. Абдуллаҳты таныған бир адам сатыўшыға:
— Бул инсан Абдуллаҳ ибн Муҳайриз болады, арзанлаў етип бер, - деди.
Бул сөзден ғәзепленген ибн Муҳайриз көйлекти орнына илип:
— «Биз, нәрселерди пулымызға аламыз, динимиз есесине емес», - деди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.1K views14:33
Ашу / Түсініктеме
2022-07-27 09:20:03 Үйленбекши болсаңыз жақсы ҳаялларды излемең, бәлки жақсы еркеклерди излең. Жақсы еркеклердиң үйлеринде жақсы ҳаяллар болады. Бул сөздиң мәнисин тек ғана аз инсанлар түсинеди.

Қызларыңызды бақлап барың, себеби арысланлар қорықлаған терекке маймыллар асылмайды.

(Имам Шаъраўий)

http://t.me/nasiyatuz
3.0K views06:20
Ашу / Түсініктеме
2022-07-26 19:08:03
     ИБАДАТТА ДАЎАМЛЫ БОЛСАҢ ...

     Егер шайтан сени Аллаҳтың ибадатында даўамлы көрсе, алдыңа тез қатнайды. Сонда да ибадатта даўамлы екениңди көрсе, сеннен зеригеди ҳәм таслап кетеди. Егер бир мәрте анадай, бир мәрте мынадай көрсе, сеннен үмитленип қалады.
     (Ҳасан Басрий)

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.5K views16:08
Ашу / Түсініктеме
2022-07-26 17:48:00 СҮРЕЛЕРДИҢ ҚӘСИЙЕТИ

«Фәтиха» сүреси Аллаҳтың қәҳәринен сақлайды.
«Ясийн» сүреси Ақыретте шөлигизди қандырады.
«Ўақыя» сүреси Кәмбағаллықтан, ашлықтан сақлайды.
«Мүлк» сүреси Қәбир азабынан сақлайды.
«Кәфирун» сүреси Жән тәслим қылып атырғанда куфрден сақлайды.
«Ихлас» сүреси Еки жүзлемеши, жаманлардан сақлайды.
«Фалақ» сүреси Азаптан сақлайды.
«Нас» сүреси Жаман қыяллардан сақлайды.
«Юсуф» сүреси Жүрек езилиўи, жәбиркешлик, ғам, қайғыда пайда.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views14:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-26 17:43:16      ТАҚЎА ҲӘМ САБЫР

     Муқарраб(Аллаҳға жақын бенде)лер бир-бирине усыныс қылған ҳәм нәжат табыўшылар қолма-қол қылған нәрселердиң бириншиси, мақтаўлылар умтылған ҳәм ақыллылар ол менен зийнетленген нәрселердиң ең жақсысы тақўа липасы менен безениў ҳәм бәле азарына шикаятсыз сабып қылыў!

"Унўанул баян ўа бостанул азҳан".
  Абдуллаҳ ибн Муҳаммад Шаброуий.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.8K views14:43
Ашу / Түсініктеме
2022-07-26 17:42:45 ГҮНАЛАРҒА КАФФАРАТ КӘЛИЙМА

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким "Субҳаналлаҳи ўа биҳамдиҳи", - деп бир күнде жүз мәрте айтса, қәтелери теңиз гөбигинше болса да, кеширилип жибериледи”, - деди.
     (Имам Бухарий, имам Муслим рәўияты)
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Субҳаналлаҳи ўа биҳамдиҳи адада холқиҳи ўа риза нафсиҳи ўа зината аршиҳи ўа мидада кәлиматиҳи”, - деб айтар еди.
     (Имам Муслим рәўияты)

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.9K views14:42
Ашу / Түсініктеме
2022-07-26 11:44:36 НЕКЕ КҮНИ АҚ КӨЙЛЕК КИЙИЎ МҮМКИН БЕ?

СОРАЎ: Турмысқа шығып атырған қыз неке күни ақ көйлек кийиўи мүмкин бе?
ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Ҳаялларды неке күни яки басқа күнлерде кийимлериниң реңи емес, ал оның әўрет ағзаларын тосыў яки тоса алмаў қәсийети әҳмийетли. Демек, сиз де көйлектиң сол тәреплерине итибар бериўиниз керек болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
3.6K views08:44
Ашу / Түсініктеме
2022-07-25 19:06:51 ​​#БИЛЕСИЗ БЕ?

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жақсы көрген 8 нәрсе:
1. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Аиша разыяллаҳу анҳаны жақсы көрер еди.
2. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳуды жақсы көрер еди.
3. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Усама разыяллаҳу анҳуды жақсы көрер еди.
4. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еки ақлықлары Ҳасан ҳәм Ҳусайн разыяллаҳу анҳуманы жақсы көрер еди.
5. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳалўаны жақсы көрер еди.
6. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам палды жақсы көрер еди.
7. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Уҳуд таўын жақсы көрер еди.
8. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз Ўатанын жақсы көрер еди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.5K views16:06
Ашу / Түсініктеме
2022-07-25 13:11:18 ​​     "ЕНДИ, СӨЗДЕ БОЙСЫНБАҢ..."

     Аллаҳ таала Қураны Кәриймде Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳаялларына ҳәм олар арқалы барлық мөмин ҳаялларғп қарата сондай дейди (мәниси): "Ҳәй Пайғамбар ҳаяллары, егер (Аллаҳ буйырғанындай) тақўа қылсаңыз, ҳаяллардан ҳеш бири киби емессиз (яғный, ҳаяллардан ҳеш бири пазыйлетте сизлерге жете алмас). Енди, (намәҳрам еркеклерге жуўап қылған пайтыңызда) сөзде бойсынбаңыз, болмаса қәлбинде ғәрези бар кимсе дәме қылып қалар".
     (Аҳзаб сүреси, 32-аят).
     Усы аяты кәриймада Аллаҳ таала мөминлер аналары болған Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳаялларын намәҳрам еркеклерге даўысын пәсең, назлы қылып, ҳаяллық жарасығын баян ететуғын формада сөйлесиўден қайтарды. Аяты кәриймада усы мәни "сөзде бойсыныў" лебизи менен келтирилген.
     Демек, "сөзде бойсыныў" қандай болады? Бул -  намәҳрам еркек қасында әдеп ҳәм ийбе менен, жағымлы ҳаўазда қасындағы еркектиң өзинен бир басқыш жоқары турыўын сезиндиретуғын тәризде мүләйимлик пенен сөйлеўден ибарат. Ал, бул тек өз күйеўи ҳәм мәҳрамларына мүмкин болған нәрсе.
     Егер бийтаныс еркеклер менен сондай сөйлессе, қәлбинде бузықлыққа мейиллиги болған, шаҳўатпараз кимсениң ишинде сол ҳаялға дәме пайда болады. Ал, бул фитна ҳәм бузықшылықтың басланыўы.
     Солай екен, Аллаҳтан қорқатуғын муслима ҳаял алдында шыққан еркеклерге жағымлы сөйлемесин. Сөзи жоқары даўыста, анық, тынық ҳәм кескир болсын. Айтатуғын гәпин түрли сөзлер менен көркемлеп, бийтаныс еркектиң қәлбинде өзине жыллылық пайда қылмасын. Ықтыяждан артықша сөзлер менен гәпти созыўдан сақлансын. Болмаса, ол дәмеленип, оған түрли жақсы мәмилелер менен жақынласыўға урынады ҳәм ақыры ҳарамға жетеклейди.
     Аяты кәриймадағы щақырық биринши орында Пайғамбар алайҳиссалам ҳаялларына болса да, барлық мөмин-мусылман ҳаяллар сол шақырық ҳәм буйрық астына тийисли.
     Ҳәзирде көплеген диндеги мүсийбетлеримиз жоқарыдағы иләҳий буйрыққа бойсынбаў ақыбетинде де жүзеге келмекте. Айырым ҳижаб ораған, намаз оқыйтуғын ҳаяллар да гейде намәҳрамлар менен сөйлескенде "сөзде бойсынып қоймақта". Турмысқа шығыў мақсетинде болса да, бул үлкен қәте ҳәм ҳарам ис. Себеби, бунда мақсетке алып баратуғын жол натуўры.
     Ҳаял адам жесир болса да Аллаҳтан қорқып, тақўа қылса, Аллаҳ белгилеп қойған шегараларға әмел қылса, Аллаҳ таала оны пәкизе жуплық пенен неъматлантырады. Болмаса, бүгин бар, ертең жоқ болған өткинши кимселерге ўақтынша қуўыршақ болыўы мүмкин.
Буған себеп бийтаныс еркеклер менен шәрияттан тыс сәўбетлер, жазысыўлар ҳәм басқалар болады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
2.0K views10:11
Ашу / Түсініктеме