Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
Кун
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
Кун
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.98K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 972

2021-03-28 16:46:05
#ораза #ҳәдис #керек

Бараат түни ҳәм ораза...

Әзизлер, биз мүбәрек шаъбан айында турмыз. Бул айда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам басқа айларға қарағанда көбирек ораза тутар еди.
Сондай-ақ, бул айдың 14-сәнесинен 15 ине өтер түни (бүгин) мүбәрек Бараат түни есапланады.

Бәршени бул күнлерди ғәниймет билип, ибадатлар менен өткериўге шақырамыз!

Ораза тутыўды нийет еткенлерге аўыз жабыў ҳәм аўыз ашыў ўақытлары:

Нөкис ўақты менен:

29-март
- Сәҳәрлик: 05:31
- Ифтарлық: 19:
24

30-март
- Сәҳәрлик: 05:29
- Ифтарлық: 19:
25

31-март
- Сәҳәрлик: 05:27
- Ифтарлық: 19:26

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм каналымыз: @paziyletuz
Инстаграм каналымыз: @paziyletuz
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.2K viewsАдмин, 13:46
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 16:01:05 #ҳәдис #мағлыўмат

Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қысметлер белгиленеди.

Бул түни дуўалар қабыл болады.
Усман ибн Абул Асс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, бас, (Аллаҳ таала тәрепинен) бир нидә қылыўшы нидә қылады: “Бир мәғфират сораўшы бар ма, Мен оны мәғфират қыламан! Бир нәрсе сораўшы бар ма, Мен оған беремен”, – дейди. Сол ўақытта ким сораса, оған бериледи. Зинакар ҳаял ҳәм мушриктен басқа".
***

Бул түн адамлар дозақтан азат қылынады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: Жәбрайыл алайҳиссалам мениң алдыма келип: “Бул Шаъбанның он бесинши түни. Аллаҳ таала бул түнде көп адамларды дозақтан азат етеди. Олардың саны Кәлб қәўими қойларының жүнлеринен де артық болады. Тек бул түнде Аллаҳға ширк келтирген, кекшил ҳәм туўысқанлық қатнасықларын үзиўши, изарын(менменлик пенен) тобығынан пәске түсирип жүриўши, ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр ишиўшилерге раҳмат нәзери менен қарамайды”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түн қандай әмеллерди орынлаў керек?
1. Қуфтан ҳәм таң намазын жәмәәт пенен оқың;
2. Тәўбе ҳәм истиғфар айтыўға итибарлы болың;
3. Өзиңиз ҳәм барлық үммет ушын қайырлы дуўалар қылың;
4. Шыдамыңыз жеткенше зикирлер, нәпил ибадатлар, Қуран тиләўаты қылың;
5. Имкан таўсаңыз Шаъбанның он бесинши күни ораза тутың.

Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, оның түнин уйқысыз өткериңлер, күндизиниң оразасын тутыңлар. Себеби, сонда Аллаҳ қуяш батыў пайытында дүнья аспанына түседи ҳәм таң атқанша: “Қәне, истиғфар айтыўшы бар ма, оны мәғфират қыламан. Қәне, ырысқы сораўшы бар ма, оған ырысқы беремен. Қәне, бәлеге ушыраған бар ма, оған жеңиллик беремен. Қәне, пәлен, пәлен” (дейди) – деди. (Ибн Мажа рәўияты)

Бул түнди уйқысыз өткергенге жәннет ўәжиб болады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким бес түнди уйқысыз өткерсе, жәннет оған ўәжиб болады – тәрўия, арафа, қурбанлық, фитр ҳәм Шаъбанның он бесинши түни”, – деди.
Аллаҳ бул айда қалыс нийетлер менен қылатуғын барлық әмеллеримизди қабылласын. Өзи дуўаларды әмелге асырыўшы ҳәм гүналарды мәғфират қылыўшы.


Даврон НУРМУҲАММАД

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.0K viewsАдмин, 13:01
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 15:31:05 #ҳәдис #мағлыўмат

Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қысметлер белгиленеди.

Еслетпе! Шаъбан айының 14-нен 15-ге өтер түни (яғный бүгинги түн) ең пазыйлетли түнлерден бири Бараат түни.

Бараат сөзи қандай мәни аңлатады? “Бараат” сөзи араб тилинде “Азат болыў”, “Нәжат табыў” деген мәнилерди аңлатады. Бул түнниң Бараат, яғный нәжат табыў, азат болыў түни, деп аталыўына себеп, онда Аллаҳ тааланың мийрими себепли шексиз инсанлар дозақтан қутылады. Ол Шаъбан айының он бесинши түнине туўры келеди.

Бараат түни қандай түн?
Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам меннен: “Ҳәй Айша бул түни қандай түн екенлигин билесиз бе?” – деп сорады. Мен: “Аллаҳ ҳәм Оның Расулы билиўширек”, – дедим. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул шаъбанның он бесинши түни. Аллаҳ азза ўа жалла бул түнде бенделерине раҳмат нәзери менен қарайды ҳәм мәғфират сораўшыларды мәғфират етеди, раҳм сораўшыларға раҳм қылады, диллеринде мусылманларға гийне, кек сақлаўшы адамларды қандай болса, сондай жағдайда қойып қояды”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түнде нелер жүз береди?
Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул түнде (шаъбанның он бесинши түнинде) нелер жүз бериўин билесиз бе?” – деди.
Айша разыяллаҳу анҳа: “Ҳәй Аллаҳтың Расулы, бул түнде нелер болады?” – деди.
Әлемлер Сәййиди алайҳиссалам: “Ол түнде Адам балаларының бул жылда туўылатуғынлары ҳәм бул жылда қайтыс болатуғынлары жазылады ҳәм ол түнде олардың әмеллери көтерилип, ырысқылары нәзил болады”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түнде гүналар мәғфират қылынады.
Ҳәзирети Әбиў Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Аллаҳ таала Шаъбанның он бесинши түни дүнья аспанына (Өзиниң дәрежесине муўапық) түседи ҳәм Аллаҳға ширк келтирген ҳәм қәлбинде гийне бар адамнан басқа бәршени мәғфират қылады”. (Имам Байҳақий рәўияты)
***
Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Аллаҳ таала Шаъбанның он бесинши түнинде раҳмат нәзери менен қарап, ширк келтириўши ҳәм қәлбинде бир мусылманға кек, гийне сақлаўшы кисилерден басқа барлық жанзатларын мәғфират қылады”. (Имам Ибн Мажа, имам Байҳақий рәўияты)
***
Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Шаъбанның он бесинши түни Аллаҳ бенделерине раҳмат нәзери менен қарайды. Еки шахстан басқа бәршени мәғфират қылады: бири гийнеши, басқасы наҳақ адам өлтириўши”, – деди. (Имам Аҳмад рәўияты) .


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.0K viewsАдмин, 12:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 14:31:06
#ҳәдиси_қудсий



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.0K viewsАдмин, 11:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 13:16:05
#бараат_түни

БҮГИН 28-МАРТТАН 29-МАРТҚА ӨТЕР КЕШЕСИ БАРААТ ТҮНИ.

Бул түнде дуўалар қабыл болады.

Имам Шәфеий раҳматуллаҳи алайҳ айтады:

“Бизге алдыңғылардан бир гәп жетип келди, бес түндеги дуўалар қабыл болады: жумаға өтер түн, қурбан ҳайытқа өтер түн, ораза ҳайытқа өтер түн, Ережеп айының биринши сәнесине өтер түн ҳәм Шаъбан айының он бесине өтер түн”.




Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
19.8K viewsАдмин, edited  10:16
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 10:26:28
#жума_марузасы #бараат_түни

Тема: Бараат түни ҳаққында.



Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устазымыз Шамсуддин Баҳауддинов



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
17.7K viewsАдмин, edited  07:26
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 09:15:23
#бараьат_түни

Бараьат түни

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “(Ҳәй Айша,) бул қандай түн екенин билесең бе?” деди.

Мен: “Аллаҳ ҳәм Оның Расули билиўширек”, дедим.

“Бул Шаъбанның он бесине өтер түн. Аллаҳ таала бул түнде Өз бенделерине мийрим менен қарайды ҳәм гүналарына кеширим сораўшылардың кеширимин қабыл етеди. Мийрим сораўшыларға мийрим етиледи, кеўилинде мусылманларға гийне, душпаншылық сақлаўшы адамларды қандай болса, сондай ҳалында қалдырады”, деди.

Еслетпе: Бүгин, 28-марттан 29-мартқа өтер түн бараьат түни есапланады.
Бүгинги түн пазыйлетли түнлерден есапланады.
Бул түнди зикир,салаўат, истиғфар ҳәм ибадатлар менен өткериў мустаҳаб.



Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
4.4K viewsАдмин, 06:15
Ашу / Түсініктеме
2021-03-28 08:00:30 #ҳәдис #тәрбия

АТА-АНА ДУЎАСЫ

Базы перзентлер ата-анасының айтқанын айтқанынан да абзал етип орынлап қояр екен. Буны көрген ата-ана «өмириңнен берекет тап. Мен сеннен разыман. Қудай сеннен разы болсын. Маған қылып атырғанларың перзентлерииңнен қайтсын. Дүнья турғанша тур. Иләйим артымда қал», деп дуўа етеди. Усы дуўаны алған перзент, тап усындай хызметлерди перзентлеринен көрмегенше өмирден өтпейди.

Бир ағамыз 76-жылғы болған ўақыяны айтып берди. Қыс. Январь айы. Қаҳаман суўық. Көшеде дизе бойы қар. Анам менен бирге печтиң қасында аяғын басып отырсам, «Балам, базарда қулпынай бармекен?», деп сорап қалды. 76-жылды көз алдыңызға келтириң. Қайсы дүканда, қайсы супер маркетте бар еди?! Бир ойлап көриң.
Мен: «Бар апа, бар», дедим. Анам болса: «Бар болса азғана жей қояйын деп едим», деди. Мен: «Бар анажан, ҳәзир алып келемен», деп көшеге шығып аэропортқа жол алып, самолётқа минип Москваға барып алып келдим. Әкелгенимнен жесе екеў яки үшеўин жеди. Жеп болып ҳаққыма сондай дәрежеде дуўа етти, сол күннен баслап дүнья изимнен қуўатуғын болып қалды.

Мине ананың дуўасы. Ананың дуўасы, әкениң дуўасы инсан бир өмир машақат пенен, мийнет пенен, пул менен, лаўазым менен жете алмайтуғын мәртебесине жеткеретуғын бирден-бир нәрсе олардың дуўасы.

Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Я Расулуллаҳ Мен үлкен гүна қылдым. Енди мен ушын тәўбе бар ма?», деп сорады.
– «Сениң анаң бар ма?», деп сорады.
– «Яқ», деп жуўап берди.
– «Сениң анаңның әжапасы яки сиңлилери бар ма?», деп сорады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллаи .
– «Аўа», деп жуўап берди.
– «Оған жақсылық ет», деп буйырды Расулуллаҳ алайҳиссалам.
Термизий рәўият еткен.

Шолыў: Анаға жақсылық етиў қаншелли уллы ис екенин қараң! Бул ис гүналарды мәғфират етилиўине де себеп болар екен. Егер ананың өзи қайтыс болған болса, ананың әжапасы ямаса сиңлисине жақсылық етиў де гүналарды мәғфират етилиўине себеп болар екен.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
5.1K viewsАдмин, 05:00
Ашу / Түсініктеме