Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис #мағлыўмат Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қ | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис #мағлыўмат

Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қысметлер белгиленеди.

Еслетпе! Шаъбан айының 14-нен 15-ге өтер түни (яғный бүгинги түн) ең пазыйлетли түнлерден бири Бараат түни.

Бараат сөзи қандай мәни аңлатады? “Бараат” сөзи араб тилинде “Азат болыў”, “Нәжат табыў” деген мәнилерди аңлатады. Бул түнниң Бараат, яғный нәжат табыў, азат болыў түни, деп аталыўына себеп, онда Аллаҳ тааланың мийрими себепли шексиз инсанлар дозақтан қутылады. Ол Шаъбан айының он бесинши түнине туўры келеди.

Бараат түни қандай түн?
Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам меннен: “Ҳәй Айша бул түни қандай түн екенлигин билесиз бе?” – деп сорады. Мен: “Аллаҳ ҳәм Оның Расулы билиўширек”, – дедим. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул шаъбанның он бесинши түни. Аллаҳ азза ўа жалла бул түнде бенделерине раҳмат нәзери менен қарайды ҳәм мәғфират сораўшыларды мәғфират етеди, раҳм сораўшыларға раҳм қылады, диллеринде мусылманларға гийне, кек сақлаўшы адамларды қандай болса, сондай жағдайда қойып қояды”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түнде нелер жүз береди?
Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул түнде (шаъбанның он бесинши түнинде) нелер жүз бериўин билесиз бе?” – деди.
Айша разыяллаҳу анҳа: “Ҳәй Аллаҳтың Расулы, бул түнде нелер болады?” – деди.
Әлемлер Сәййиди алайҳиссалам: “Ол түнде Адам балаларының бул жылда туўылатуғынлары ҳәм бул жылда қайтыс болатуғынлары жазылады ҳәм ол түнде олардың әмеллери көтерилип, ырысқылары нәзил болады”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түнде гүналар мәғфират қылынады.
Ҳәзирети Әбиў Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Аллаҳ таала Шаъбанның он бесинши түни дүнья аспанына (Өзиниң дәрежесине муўапық) түседи ҳәм Аллаҳға ширк келтирген ҳәм қәлбинде гийне бар адамнан басқа бәршени мәғфират қылады”. (Имам Байҳақий рәўияты)
***
Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Аллаҳ таала Шаъбанның он бесинши түнинде раҳмат нәзери менен қарап, ширк келтириўши ҳәм қәлбинде бир мусылманға кек, гийне сақлаўшы кисилерден басқа барлық жанзатларын мәғфират қылады”. (Имам Ибн Мажа, имам Байҳақий рәўияты)
***
Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Шаъбанның он бесинши түни Аллаҳ бенделерине раҳмат нәзери менен қарайды. Еки шахстан басқа бәршени мәғфират қылады: бири гийнеши, басқасы наҳақ адам өлтириўши”, – деди. (Имам Аҳмад рәўияты) .


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ