Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.33K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 974

2021-04-06 20:23:19
https://t.me/paziyletuz
5.1K viewsАдмин, 17:23
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 19:56:21
#зикир

"Ҳасбунәллооҳ ўә ниъмәл ўәкийл" зикириниң айырықша пазыйлетлери

Усы дуўа дуўалардың пазыйлети ҳәм дәрежеси жағынан ең уллысы;

Онда Аллаҳтың ризасы жасырынған;

Онда бенде Аллаҳтың ҳүзиринде әззи ҳәм мүтәж екени, Аллаҳ пенен болса барлық махлуқатлардың алдында ғәрезсиз екен бар.

Онда исти Аллаҳқа тапсырыў бар;

Онда Аллаҳтың Өзине тәўекел қылыў менен Оның Өзине сүйениў менен зулым, жаманлық ҳәм қорқынышты кеткизиў бар;

Онда Аллаҳ Оған сүйенген бенделерине Өзи жеткиликли екени бар;

Онда дүнья ҳәм ақырет саадаты бар;

Онда жеңиллик ҳәм шийеленисликтиң шешими бар;

Онда ырысқыны келтириў бар.

Аллаҳ таала Оған дуўа қылып жалбарынатуғын, ислерин Рәббисине тапсыратуғын ҳәм тек ғана Оған сүйенетуғын бендесин сүйеди. Сол иси себепли Ол бендесинен разы болады. Оған мийримин ҳәм кеңшилигин береди. Ҳүзиринде сол бендесиниң дәрежесин көтереди. Аллаҳ таала тилимиз ҳәм қәлбимизди зикринен үзбесин!



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.3K viewsАдмин, 16:56
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 18:55:18
#жума_марузасы

ИНСАН НӘПСИ СЕБЕПЛИ ТҮРЛИ
МҮСИЙБЕТЛЕРГЕ УШЫРАЙДЫ




Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы - устаз Шамсуддин Баҳауддинов

Сыйымлылығы: 8мб


https://t.me/alberuniyuz
6.9K viewsАдмин, 15:55
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 17:59:01
#ҳәдис

Сәлем — аманлық ҳәм тынышлық

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўияты қылынады:
«Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
«Исламның неси жақсы?» — деп сорады.
«Тағам бериўиң, ҳәмде таныған ҳәм танымаған адамыңа сәлем бериўиң», — деди».

Бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.

Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сөздиң басы - сәлем", - деди».

Термизий рәўият қылған.

Себеби, сәлем - аманлық ҳәм тынышлық. Алдын аманлық пенен тынышлықты жәриялап алып, соң гәп баслаў керек. Соның ушын, таныған-танымаған ҳәр бир адамға сөйлеўден алдын сәлем бериў — исламый мәденияттың ажыралмас бөлеги.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
18.6K viewsАдмин, 14:59
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 16:40:42
#хабар

Qaraqalpaqstan телеканалы, "Сөз жасларға" көрсетиўинде Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы, устаз Садыков Абдумумин "Китапқумарлық" ҳаққында жасларға өзиниң пайдалы усыныслары ҳәм пайдалы пикирлери менен қатнасты


Каналымызға ағза болыў ушын
төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
8.3K viewsАдмин, 13:40
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 16:02:01 #рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

ОРАЗА

"Оразаның пазыйлети" китабынан.

Текстти аудио монолог көринисинде Баҳадыр Сағыйдуллаҳ улы оқыды.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
9.2K viewsАдмин, 13:02
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 14:46:11
#рамазан_кирип_келмекте

(-/+ 1 күнге парық қылыўы мүмкин)

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.0K viewsАдмин, 11:46
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 13:38:15 ​​7 НӘРСЕГЕ ӘДЕТЛЕНИП, 7 НӘРСЕДЕН ЎАЗ КЕШИЎ

        Барра ибн Азиб рәўият қылады:
        «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерге жети нәрсеге әдетленип, жети нәрседен ўаз кешиўди буйырды.
   «Төмендегилерди әдет қылың!» — деди
   1. Жаназаға қатнасыўды.
   2. Кеселди барып көриўди.
   3. Шақырылған жерге барыўды.
   4. Жәбиркешке жәрдем бериўди.
   5. Ўәде берсе, орынлаўды.
   6. Сәлемге әлик алыўды.
   7. Түшкирген адам «Әлҳамду лиллаҳ» десе, оған «Ярҳамукаллаҳ» деўди.

   «Төмендегилерден ўаз кешиң!» — деди
   1. Гүмис ыдыс тутыўды.
   2. Алтын жүзик тағыўды.
   3. Жипекли кийим кийиўден (еркеклер нәзерде тутылған).
   4. Дебаж (гүлли жипекли кийим) кийиўден.
   5. Қасий (дағал таўардан тигилген кийим) кийиўден.
   6. Истабрак (атласқа уқсаған таўар) кийиўден. 
   7. (Бул рәўиятта жетиншиси түсирип қалдырылған)».

«Әл-Жамиъ ас-саҳиҳ. 4-топлам» китабынан.

@Karakalpak24
8.7K viewsНызам Алий, 10:38
Ашу / Түсініктеме