Get Mystery Box with random crypto!

#Рамазан    ҒАПЛЕТТЕ ҚАЛМАҢ!    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Рамазан

   ҒАПЛЕТТЕ ҚАЛМАҢ!

   Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
   "Ләйләтүл қадрди Рамазанның ақырғы он кешесиниң тақ (кеше)ларынан излең", деген.

Қәдр кешесиниң 1 секунды 23 сааттан абзал
1 минуты 58 күннен абзал
1 сааты 9 жыл 8 айдан абзал
1 кешеси 83 жыл 3 айдан абзал

Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады:
   "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам (ақырғы) он күнлик кирип келсе белин беккем буўатуғын, кешелерди тирилтетуғын ҳәм әҳлин оятатуғын еди".

Бул жылғы Рамазан айының ақырғы тақ кешелери:

   21 кеше: 30-март (шемби)тан 31-март (екшемби)қа өтетуғын түн;

  23 кеше: 1-апрел (дүйшемби)ден 2-апрел (сийшемби)ге өтетуғын түн;

   25 кеше: 3-апрел (сәршемби)ден 4-апрел (пийшемби)ге өтетуғын түн;

   27 кеше: 5-апрел (Жума)ден 6-апрел (шемби)ге өтетуғын түн;

   29 кеше: 7-апрел (екшемби)ден 8-апрел (дүйшемби)ге өтетуғын түн.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz