Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис #тәрбия АТА-АНА ДУЎАСЫ Базы перзентлер ата-ана | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис #тәрбия

АТА-АНА ДУЎАСЫ

Базы перзентлер ата-анасының айтқанын айтқанынан да абзал етип орынлап қояр екен. Буны көрген ата-ана «өмириңнен берекет тап. Мен сеннен разыман. Қудай сеннен разы болсын. Маған қылып атырғанларың перзентлерииңнен қайтсын. Дүнья турғанша тур. Иләйим артымда қал», деп дуўа етеди. Усы дуўаны алған перзент, тап усындай хызметлерди перзентлеринен көрмегенше өмирден өтпейди.

Бир ағамыз 76-жылғы болған ўақыяны айтып берди. Қыс. Январь айы. Қаҳаман суўық. Көшеде дизе бойы қар. Анам менен бирге печтиң қасында аяғын басып отырсам, «Балам, базарда қулпынай бармекен?», деп сорап қалды. 76-жылды көз алдыңызға келтириң. Қайсы дүканда, қайсы супер маркетте бар еди?! Бир ойлап көриң.
Мен: «Бар апа, бар», дедим. Анам болса: «Бар болса азғана жей қояйын деп едим», деди. Мен: «Бар анажан, ҳәзир алып келемен», деп көшеге шығып аэропортқа жол алып, самолётқа минип Москваға барып алып келдим. Әкелгенимнен жесе екеў яки үшеўин жеди. Жеп болып ҳаққыма сондай дәрежеде дуўа етти, сол күннен баслап дүнья изимнен қуўатуғын болып қалды.

Мине ананың дуўасы. Ананың дуўасы, әкениң дуўасы инсан бир өмир машақат пенен, мийнет пенен, пул менен, лаўазым менен жете алмайтуғын мәртебесине жеткеретуғын бирден-бир нәрсе олардың дуўасы.

Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Я Расулуллаҳ Мен үлкен гүна қылдым. Енди мен ушын тәўбе бар ма?», деп сорады.
– «Сениң анаң бар ма?», деп сорады.
– «Яқ», деп жуўап берди.
– «Сениң анаңның әжапасы яки сиңлилери бар ма?», деп сорады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллаи .
– «Аўа», деп жуўап берди.
– «Оған жақсылық ет», деп буйырды Расулуллаҳ алайҳиссалам.
Термизий рәўият еткен.

Шолыў: Анаға жақсылық етиў қаншелли уллы ис екенин қараң! Бул ис гүналарды мәғфират етилиўине де себеп болар екен. Егер ананың өзи қайтыс болған болса, ананың әжапасы ямаса сиңлисине жақсылық етиў де гүналарды мәғфират етилиўине себеп болар екен.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ