Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис #мағлыўмат Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қ | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис #мағлыўмат

Бараат түни: тәғдирлер, ўақыя-ҳәдийселер, қысметлер белгиленеди.

Бул түни дуўалар қабыл болады.
Усман ибн Абул Асс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, бас, (Аллаҳ таала тәрепинен) бир нидә қылыўшы нидә қылады: “Бир мәғфират сораўшы бар ма, Мен оны мәғфират қыламан! Бир нәрсе сораўшы бар ма, Мен оған беремен”, – дейди. Сол ўақытта ким сораса, оған бериледи. Зинакар ҳаял ҳәм мушриктен басқа".
***

Бул түн адамлар дозақтан азат қылынады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: Жәбрайыл алайҳиссалам мениң алдыма келип: “Бул Шаъбанның он бесинши түни. Аллаҳ таала бул түнде көп адамларды дозақтан азат етеди. Олардың саны Кәлб қәўими қойларының жүнлеринен де артық болады. Тек бул түнде Аллаҳға ширк келтирген, кекшил ҳәм туўысқанлық қатнасықларын үзиўши, изарын(менменлик пенен) тобығынан пәске түсирип жүриўши, ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр ишиўшилерге раҳмат нәзери менен қарамайды”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты)

Бул түн қандай әмеллерди орынлаў керек?
1. Қуфтан ҳәм таң намазын жәмәәт пенен оқың;
2. Тәўбе ҳәм истиғфар айтыўға итибарлы болың;
3. Өзиңиз ҳәм барлық үммет ушын қайырлы дуўалар қылың;
4. Шыдамыңыз жеткенше зикирлер, нәпил ибадатлар, Қуран тиләўаты қылың;
5. Имкан таўсаңыз Шаъбанның он бесинши күни ораза тутың.

Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, оның түнин уйқысыз өткериңлер, күндизиниң оразасын тутыңлар. Себеби, сонда Аллаҳ қуяш батыў пайытында дүнья аспанына түседи ҳәм таң атқанша: “Қәне, истиғфар айтыўшы бар ма, оны мәғфират қыламан. Қәне, ырысқы сораўшы бар ма, оған ырысқы беремен. Қәне, бәлеге ушыраған бар ма, оған жеңиллик беремен. Қәне, пәлен, пәлен” (дейди) – деди. (Ибн Мажа рәўияты)

Бул түнди уйқысыз өткергенге жәннет ўәжиб болады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким бес түнди уйқысыз өткерсе, жәннет оған ўәжиб болады – тәрўия, арафа, қурбанлық, фитр ҳәм Шаъбанның он бесинши түни”, – деди.
Аллаҳ бул айда қалыс нийетлер менен қылатуғын барлық әмеллеримизди қабылласын. Өзи дуўаларды әмелге асырыўшы ҳәм гүналарды мәғфират қылыўшы.


Даврон НУРМУҲАММАД

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ