Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Қутлықлаў
Мақала
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Қутлықлаў
Мақала
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.10K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 975

2021-04-07 07:45:24
#сүннетке_әмел_етейик

ҲӘЗИЛДИҢ СҮННЕТКЕ МУЎАПЫҚ БОЛЫЎ ШӘРТЛЕРИ

1. Ҳақ ҳәм туўры сөзлер менен ҳәзиллесиў, өтирик араластырмаў, бузық сөзлерден, адамның қәдирин жерге уратуғын сөзлерден шетлениў.

2. Ҳәзиллесиўде ҳәдден аспаў, еркеклик саўлатына ҳәм ҳаяллық ийбесине зыян жеткеретуғын дәрежеде ҳәзилди көбейтип жибермеў.

3. Биреўдиң кеўлин аўыртпаў.

4. Ҳәзиллесиў менен адамлар кеўилине шадлық алып кириў, өз ара мүнәсибетлерди беккемлеў, ортада жыллылық пайда етиўди мақсет етиў.

5. Ҳәзилде Исламға, шәриятқа улыўма динге, исенимге тийисли мәселелерди тилге алмаў.

6. Ибәдатларда ҳәм жуўапкершиликли ислерде адам жуўапкершиликли болыўы керек. Ол жерде ҳәзил жараспайды.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.6K viewsАдмин, 04:45
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 06:30:24 #рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

"Оразаның пазыйлети" китабынан.

Текстти аудио монолог көринисинде Баҳадыр Сағыйдуллаҳ улы оқыды.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
10.9K viewsАдмин, 03:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 05:15:19
#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис #ораза

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Аллаҳ таала «Адам баласының ҳәмме әмели өзи ушын, тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен – Өзим беремен», – деди. Ораза – сақлаўшы. Қашан қайсы бириңиз ораза болсаңыз, жаман сөз айтпасын ҳәм бақырысып-шақырыспасын. Егер биреў оны сөгежақ болса яки оның менен урысажақ болса «Мен ораза адамман», десин. Муҳаммадтың жаны қолында болған Аллаҳ пенен ант, әлбетте, ораза тутқан адамның аўзындағы ийис Аллаҳтың алдында мушктиң ийсинен де жағымлы. Ораза тутқанға еки қуўаныш бар. Қашан аўыз ашса, қуўанады ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы себепли қуўанады», – деди».

Бесеўи рәўият қылған.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.9K viewsАдмин, 02:15
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 04:30:18
#дуўа

«Аллооҳуммә инний аъуўзу бикә миң шәрри сәмъий ўә миң шәрри басорий ўә миң шәрри лисәәний ўә миң шәрри қолбий».

Мәниси: «Я Аллаҳым! Мен Сеннен қулағым, көзим, тилим ҳәм қәлбим жаманлықларынан пана тилеймен».


Имам Әбиў Даўыд рәўияты.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.9K viewsАдмин, edited  01:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 04:20:16
Ассаламу алайкум!

Бүгин Сәршемби күни



Сәршемби күниңиз қайырлы болсын!

7-Апрель 2021
24-Шаъбан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
16.4K viewsАдмин, 01:20
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 20:23:19
https://t.me/paziyletuz
5.1K viewsАдмин, 17:23
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 19:56:21
#зикир

"Ҳасбунәллооҳ ўә ниъмәл ўәкийл" зикириниң айырықша пазыйлетлери

Усы дуўа дуўалардың пазыйлети ҳәм дәрежеси жағынан ең уллысы;

Онда Аллаҳтың ризасы жасырынған;

Онда бенде Аллаҳтың ҳүзиринде әззи ҳәм мүтәж екени, Аллаҳ пенен болса барлық махлуқатлардың алдында ғәрезсиз екен бар.

Онда исти Аллаҳқа тапсырыў бар;

Онда Аллаҳтың Өзине тәўекел қылыў менен Оның Өзине сүйениў менен зулым, жаманлық ҳәм қорқынышты кеткизиў бар;

Онда Аллаҳ Оған сүйенген бенделерине Өзи жеткиликли екени бар;

Онда дүнья ҳәм ақырет саадаты бар;

Онда жеңиллик ҳәм шийеленисликтиң шешими бар;

Онда ырысқыны келтириў бар.

Аллаҳ таала Оған дуўа қылып жалбарынатуғын, ислерин Рәббисине тапсыратуғын ҳәм тек ғана Оған сүйенетуғын бендесин сүйеди. Сол иси себепли Ол бендесинен разы болады. Оған мийримин ҳәм кеңшилигин береди. Ҳүзиринде сол бендесиниң дәрежесин көтереди. Аллаҳ таала тилимиз ҳәм қәлбимизди зикринен үзбесин!



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.3K viewsАдмин, 16:56
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 18:55:18
#жума_марузасы

ИНСАН НӘПСИ СЕБЕПЛИ ТҮРЛИ
МҮСИЙБЕТЛЕРГЕ УШЫРАЙДЫ




Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы - устаз Шамсуддин Баҳауддинов

Сыйымлылығы: 8мб


https://t.me/alberuniyuz
6.9K viewsАдмин, 15:55
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 17:59:01
#ҳәдис

Сәлем — аманлық ҳәм тынышлық

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўияты қылынады:
«Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
«Исламның неси жақсы?» — деп сорады.
«Тағам бериўиң, ҳәмде таныған ҳәм танымаған адамыңа сәлем бериўиң», — деди».

Бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.

Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сөздиң басы - сәлем", - деди».

Термизий рәўият қылған.

Себеби, сәлем - аманлық ҳәм тынышлық. Алдын аманлық пенен тынышлықты жәриялап алып, соң гәп баслаў керек. Соның ушын, таныған-танымаған ҳәр бир адамға сөйлеўден алдын сәлем бериў — исламый мәденияттың ажыралмас бөлеги.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
18.6K viewsАдмин, 14:59
Ашу / Түсініктеме
2021-04-06 16:40:42
#хабар

Qaraqalpaqstan телеканалы, "Сөз жасларға" көрсетиўинде Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы, устаз Садыков Абдумумин "Китапқумарлық" ҳаққында жасларға өзиниң пайдалы усыныслары ҳәм пайдалы пикирлери менен қатнасты


Каналымызға ағза болыў ушын
төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
8.3K viewsАдмин, 13:40
Ашу / Түсініктеме