Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.33K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 969

2021-04-09 12:05:56
#рамазан_кирип_келмекте

(-/+ 1 күнге парық қылыўы мүмкин)

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
19.2K viewsАдмин, 09:05
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 10:01:13 #мағлыўматлар #динимизди_үйренемиз

ШӘРИЯТ ИСТИЛАҲЛАРЫ (ТЕРМИНЛЕРИ)

Парыз
– шәрият тәрепинен қылыныўы жазм менен, шубҳасы жоқ қатaң дәлил менен талап етилген ис.
Ҳәдис пенен сабыт болған парыз әмеллердиң мысалы намазда Қуран қирәәт қылыў. Бундай тәризде сабыт болған ҳүкимди қылыў лазым. Оны қылған адам үлкен саўапқа ериседи. Қылмаған адам болса гүнакар болады.

Ўәжиб – шәрият тәрепинен жазм менен қатаң болмаған дәлил менен талап қылынған ис.
Буның мысалына ўитр намазы, садақаи фитрге уқсас әмеллер киреди.
Себеби бул ҳүкимлер аҳад ҳәдислер менен сабыт болған. Ўәжибтиң ҳүкими парыз бенен барабар. Тек ўәжиб нәрсени инкәр қылған адам кәпир емес, фасық болады.

Сүннет яки мандуб – шәрият тәрепинен жазм болмаған рәўиште талап қылынған нәрсе.
Бундай ҳүкимге әмел қылған адам саўап алады, оған әмел қылмаған адамға болса, иқаб қылынбайды. Бирақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам тәрепинен оған маламат ҳәм итаб болыўы мүмкин.

Ҳанафый мәзҳабы уламалары сүннетти үш дәрежеге бөледи:
а) Сүннети муаккада, яғный тәкидленген сүннет.
Мысал ушын, жәмәәт пенен намаз оқыў. Бул дәрежедеги сүннет ўәжибтен кейинги орында турады.
б) Сүннети машруъа – дүйшенби ҳәм пийшенбе күнлери ораза тутыў ҳәм усыған уқсас әмеллер.
в) Сүннети заида – жеп-ишиў, жүрип-турыў, уйықлаў киби ислерде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға ериў.

Ҳарам – шәрият тәрепинен жазм ҳәм шубҳасыз, қатаң дәлил менен қылмаўлық талап қылынған нәрсе. Адам өлтириў, арақ ишиў, зина қылыў, урлық киби ислер усыған киреди. Ҳарам исти қылмаў лазым. Ким оны қылса Аллаҳтың азабына ушырайды.

Макруҳи таҳримий, яғный ҳарамға жақын макруҳ – шәрият тәрепинен қылмаў жазмий рәўиште талап қылынған, лекин қатаң болмаған дәлил менен сабыт болған ис. Мысал ушын, биреўдиң саўдасы үстине саўда қылыў, яғный қарыйдар саўданы питирмей турып, басқа бир қарыйдардың саўдаға араласыўы, биреўдиң саўшылығы үстине саўшылық қылыў, еркеклерге тиллә ҳәм жипекли кийим кийиў ҳарамлығы киби ҳүкимлер. Усы ислерди қылмаў жазм менен талап етилген. Бирақ, аҳад ҳәдислер менен сабыт болған. Соның ушын ҳарам емес, макруҳи таҳримий ҳүкимин алған. Бул да ҳарам ҳүкиминдеги гәп.

Макруҳи танзиҳий – шәрият тәрепинен қылмаў жазмсыз ҳәм Аллаҳтың азабы болыўы айтылмастан талап қылынған ис. Буған пышық ҳәм жыртқыш қуслар тийген суўда таҳәрат қылыў киреди. Бундай ислерди қылмағанлар саўап алады, мақталады, қылғанлар болса маламат та, иқаб та қылынбайды.

Мубаҳ – шәриятымыз қылыў яки қылмаўды адамлар ықтыярына қойған ислер. Инсанның биологик ҳәжетлерине байланыслы ислердиң ҳәммеси (мысалы, жеў, ишиў, уйықлаў киби) мубаҳ шеңберине киреди. Бунда шәрият көрсеткен шегарадан шықпай жүриў мубаҳ. Мубаҳ әмелди қылған-қылмаған барабар, гүнасы да, саўабы да жоқ.


https://t.me/paziyletuz
19.7K viewsАдмин, 07:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 08:45:24
#рамазан_кирип_келмекте

(-/+ 1 күнге парық қылыўы мүмкин)

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.4K viewsАдмин, 05:45
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 07:30:25 #Рамазанға_таярлық
#Рамазан_2021 #ораза

Ораза тутыў қыйын деп ойлайсыз ба?


Ораза тутыў қыйын емес екенин тек ораза тутқан адамлар ғана биледи. Ораза тутыўдың жеңиллиги ҳаққында төменде бир неше мағлыўматларды келтирип өтемиз:

Бириншиден, Аллаҳ таала адамзатқа бир ис қылыўды буйырса, онда оны орынлаў ушын күш-қуўат пенен имканият та қосып бериўин умытпаң! Себеби, Аллаҳ таала ҳеш кимге тақатынан артық исти жүклемейди.

Екиншиден, сиз бул қәсийетли айға, Аллаҳ қәлесе, аман-есен жетесиз. Өйткени, сизиң денеңизде еле жан бар. Ал бул Рамазан айына жете алмай, дүньядан өтип кеткенлер қаншама?! Сонлықтан, оразаға нийет етиўиңиз керек.

Үшиншиден, айлап, жыллап аш отыратуғын, ҳәттеки соңғы рет қашан ыссы аўқат жегенин умытып қалған дүньяда қаншама адамлар бар. Ал сизиң алдыңызға кешкисин өзиңиз қәлеген аўқаттың түр-түри қойылады...

Төртиншиден, күнниң ыссы болыўын ойлап жүрсиз бе? Аўа, ол да бар. Бирақ бир ўақытлары ҳәзиргидей кондиционер, душ ҳәм соған уқсас «комфорт» жағдайлар қайсы ата-бабамызда болған, бирақ сонда да ҳеш бири оразаны тоқтатпаған. Буларды естен шығармаң.

Бесиншиден, ораза 24 сағат даўам етпейди. Сондағы күндиз жеўиңиз керек болған аўқат түнге көшиўи, болғаны.

Алтыншыдан, аўызашар алдында адамның дуўа-тилеги менен Аллаҳтың арасында перде болмайтуғынын да есиңизден шығармаң.

Жетиншиден, сәл ғана қыйналсаңыз аўызыңызды ашып жибермең. Аллаҳ таала Қуранда: «Аллаҳ сабыр етиўшилер менен бирге» – деп айтқан. Қыйыншылықтан кейин жеңиллик, қайғыдан кейин қуўаныш, умтылыўдың соңында әлбетте утыс бар.
Қыйыншылығыңыз күшейген сайын саўабыңыздың да еселениўин умытпаң!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
19.1K viewsАдмин, 04:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 06:15:15
#күн_ҳәдиси #рамазан_2021 #оразаның_пазыйлети

РАМАЗАНДА ОРАЗАНЫ ЫҚЛАС ПЕНЕН ТУТҚАН АДАМНЫҢ БАРЛЫҚ ГҮНАЛАРЫ КЕШИРИЛЕДИ

Жер бетинде қәтеликсиз, гүнасыз адам жоқ. Бәримиздиң де бир жерде сүрнигип, билип-билмей гүна ислерге араласқан жеримиз бар.

Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам былай деген:
«Кимде-ким Рамазан айында Аллаҳтың мийримине деген ийман ҳәм үмит пенен ораза тутса, оның бурынғы гүналары кешириледи».

Және бир ҳәдиси шәрийфте:
«Бес парыз намазды орынлаў, алдыңғы жума намазынан кейинги келеси жума намазына барыў ҳәм ҳәр Рамазан келгенде ораза тутыў олардың арасында исленген гүналарды өтейди, тек егер олардың арасында аўыр гүналар болмаған болса», – делинген.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
17.2K viewsАдмин, 03:15
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 05:00:25 #мағлыўмат

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫ БИЗЛЕРГЕ АЛЛАҲ ТААЛА БУЙЫРҒАН

Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көбирек салаўат айтыўымыз керек.
Себеби, Аллаҳ таала Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның уллы дәрежесин баян етип, Қураны кәриймде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўға буйырады:
«Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның периштелери Пайғамбарға салаўат айтады. Ҳәй мөминлер! (Сизлер де) оған салаўат айтың!»
(Аҳзаб сүреси, 56-аят).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер тилеп дуўа қылыў оғада уллы, саўабы үлкен ис болып есапланады. Ҳәдиси шәрийплерде де оған көп үгитленген. Уламалар Имам Кәрхий раҳимаҳуллаҳтың сөзин алып, Муҳаммад алайҳиссаламның аты қашан зикир етилсе, салаўат айтыў керек деген.

Жоқарыда келген аят оғада тәсирли, себеби Аллаҳ тааланың Өзи Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды мақтап турған ҳәм периштелери дуўа қылып турғанда, не ушын бизлер үммет болып салаўат ҳәм салам айтпаймыз?!

Ҳәдиси шәрийпте салаўат айтқан адамларға Аллаҳ тааланың мийрими болыўы хабары берилген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай дейди:
“Ким маған бир мәрте салаўат айтса,Аллаҳ оған он мәрте раҳмет жоллайды” (Имам Аҳмад ҳәм Имам Ҳәким рәўияты).


Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммәд ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

️https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
16.6K viewsАдмин, 02:00
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 04:25:14
#зикир

ЖУМА ТАҢЫНДА

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Ким жума күни таң намазынан алдын:
"Әстәғфируллооҳәлләзий ләә иләәҳә иллә ҳуўәл ҳаййул қоййум ўә әтуўбу иләйҳ", деп үш мәрте айтса, Аллаҳ таала оның гүналарын теңиз көбигиндей көп болса да, кеширип жибереди", деди.

Мәниси: Ҳай (тири) ҳәм қоййум (ҳәмийше бар) болған Заттан басқа иләҳ жоқ ҳәм Оған истиғфар айтаман, Оған тәўбе қыламан).

Ибн Сунний рәўияты



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
6.0K viewsАдмин, 01:25
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 04:20:15
Ассаламу алайкум!

Бүгин Пазыйлетли Жума күни



Жума күниңиз қайырлы болсын!

9-Апрель 2021
26-Шаъбан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
6.7K viewsАдмин, 01:20
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 21:25:01


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.2K viewsᴬ ᴰ ᴹ ᴵ ᴺ, 18:25
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 21:25:01


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
7.9K viewsᴬ ᴰ ᴹ ᴵ ᴺ, 18:25
Ашу / Түсініктеме