Get Mystery Box with random crypto!

​​#ҳәдис #дуўа Қарызды ҳәм дәртлерди кетириўши дуўа | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#ҳәдис #дуўа

Қарызды ҳәм дәртлерди кетириўши дуўа

Әбиў Саид разыяллаҳу анҳу рәўият қылады. Бир күни Пайғамбар алайҳиссалам мешитке кирди ҳәм ол жерде ансарлардан Әбиў Умама разыяллаҳу анҳуға көзлери түсти:
– Ҳәй Әбиў Умама, неге намаз ўақты емес болса да мешитте отырсаң? – деп сорады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам.
– Маған азап берип атырған дәртлер ҳәм қарызларым себепли усы жердемен, ҳәй Аллаҳтың Расули, – деп жуўап берди Әбиў Умама разыяллаҳу анҳу.
– Саған бир дуўа үйретейин бе? Оны оқысаң, Аллаҳ дәртиңе даўа, қарызыңнан қутқарады, – деди Пайғамбар алайҳиссалам.
– Үйретиң, я Расулуллаҳ! Пайғамбар алайҳиссалам деди:
– Таңда ҳәм кеште мына дуўаны оқы:

«Аллооҳуммә инний аъуўзу бикә минәл ҳәмми ўәл ҳазән. Ўә аъуўзу бикә минәл ъажзи ўәл кәсәл. Ўә аъуўзу бикә минәл жубни ўәл бухл. Ўә аъуўзу бикә мин ғоләбәтид дәйни ўә қоҳрир рижәәл».

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳу айтады: “Бул дуўаны оқып, дәртимнен де, қарызларымнан да қутылдым”.


Әбиў Даўыт рәўияты

Дуўаның мәниси: (Я Аллаҳ, дәрттен, әззиликтен, ериншекликтен, қорқыўдан, қызғаншақлықтан, қарызым көбейиўинен ҳәм адамлардың ғәзебинен Саған сыйынаман”).

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ