Get Mystery Box with random crypto!

​​Қәдир түнинде бул дуўаны имкан дәрежесинде көбирек айтың!!! | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​Қәдир түнинде бул дуўаны имкан дәрежесинде көбирек айтың!!!

АЛЛАҲЫМ!
Дастығым намазжай, уйқым намаз, ҳәр демим зикир болсын!
АЛЛАҲЫМ!
Басымнан аяғыма шекем, жаслығымнан бүгиниме шекем, өмиримнен өлимиме шекемги гүналарым ушын тәўбе қылдым!
АЛЛАҲЫМ!
Өлим ҳақ, Азрейил алайҳиссаламды маған күлимлеген ҳалда жүзлестир!
АЛЛАҲЫМ!
Көзимниң нурын, ақылым искерлигин, қол-аяқларымның күшин, денемниң дәрманын алып қойма!
АЛЛАҲЫМ!
Нәзерим ибадат, тынышлығым пикирлеў, сөзлеримди зикир қылғайсаң!
АЛЛАҲЫМ!
Көз ашып жумғаншелли бизлерди өз ҳалымызға таслап қойма!
АЛЛАҲЫМ!
Ҳәр демимде тилимнен зикириңди, қәлбимнен шүкириңди ҳәм ақылымды пикирлеўден алыс қылма!
АЛЛАҲЫМ!
Анадан қайта туўылғандай пәк ҳалда Саған жүзлениў ушын Өзиңе илтижа қыламыз!
АЛЛАҲЫМ!
•Бизлерди солиҳ бенделериңнен әйле!
•Әмел дәптеримизде саўабы тоқмайтуғын әмеллерден жазылыўын несип ет!
•Наъийм жәннетиңниң мийрасхорлары болыўымызға көмек бер!
•Ата-анамды Өзиң әпиў етегөр!
•Устазларымды мийримиңе сазаўар етегөр!
•Қәбирде жүзлеримизди жарық қылагөр!
АЛЛАҲЫМ!
•Бул дүньяда ишкенимиз зам-зам, о дүньяда кәўсар болсын!
•Бул дүньяда жүрер жолымыз ҳидаят, ақыретте жәннет болсын!
•Бул дүнядан алғанымыз жақсы минез-қулық, о дүньяда шәпәәт болсын!
•Бул дүньяда кирген жеримиз Мәккә-Мадина, о дүньяда жәннети аъла болсын!
•Бул дүньяда нәремиз кәламың, о дүньяда жамалың болсын!
•Еки дүньяда тақўа, солиҳ әмел ҳәм шырайлы қулық жолдасымыз болсын!
•Перзентлеримизден бул дүньяда көз қуўанышы, ал ақыретте иззет тажы кийдиретуғын зүрядларды шығар!
АЛЛАҲЫМ! БУЛ ТҮНДЕ, бизлердиң, ата-аналарымыздың, биз жақсы көрген бәрше инсанлардың гүналарын мағфират етилгенлерден, олардан разы болынғанлардан, гүналары кеширилгенлерден қылғайсаң!!!
Бироҳматикә я арҳамар роҳимийн!
Әмийн! Әмийн! Әмийн!

https://t.me/paziyletuz