Get Mystery Box with random crypto!

#мағлыўмат ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫ БИЗЛЕРГЕ АЛЛАҲ ТА | Paziyletuz | Рәсмий канал

#мағлыўмат

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗҒА САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫ БИЗЛЕРГЕ АЛЛАҲ ТААЛА БУЙЫРҒАН

Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көбирек салаўат айтыўымыз керек.
Себеби, Аллаҳ таала Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның уллы дәрежесин баян етип, Қураны кәриймде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўға буйырады:
«Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның периштелери Пайғамбарға салаўат айтады. Ҳәй мөминлер! (Сизлер де) оған салаўат айтың!»
(Аҳзаб сүреси, 56-аят).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер тилеп дуўа қылыў оғада уллы, саўабы үлкен ис болып есапланады. Ҳәдиси шәрийплерде де оған көп үгитленген. Уламалар Имам Кәрхий раҳимаҳуллаҳтың сөзин алып, Муҳаммад алайҳиссаламның аты қашан зикир етилсе, салаўат айтыў керек деген.

Жоқарыда келген аят оғада тәсирли, себеби Аллаҳ тааланың Өзи Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды мақтап турған ҳәм периштелери дуўа қылып турғанда, не ушын бизлер үммет болып салаўат ҳәм салам айтпаймыз?!

Ҳәдиси шәрийпте салаўат айтқан адамларға Аллаҳ тааланың мийрими болыўы хабары берилген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай дейди:
“Ким маған бир мәрте салаўат айтса,Аллаҳ оған он мәрте раҳмет жоллайды” (Имам Аҳмад ҳәм Имам Ҳәким рәўияты).


Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммәд ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

️https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ