Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.07K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 967

2021-04-22 11:31:09
#рамазан_2021
#ораза #мағлыўмат

Оразаның дәрежелери

Ибн Қудама разыяллаҳу анҳу былай деди:

"Оразада үш дәреже бар:

1) Ҳәммениң оразасы. Ол таң атқаннан күн батқанға шекем қарын ҳәм жыныс талапларын тыйыў;

2) Арнаўлы адамлар оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге көз, тил, қол, аяқ, қулақ ҳәм басқа ағзаларды гүналардан тыйыў;

3) Ең уллы адамлардың оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге қәлбти ҳәр түрли ғамлардан ҳәм Аллаҳтан узақлатыўшы ойлардан тыйыў".

Пикир жүргизиң ҳәм ораза тутыўшылардың ең жоқарғы топарларынан болың!!!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.8K viewsАдмин, 08:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 11:13:02 #марузадан

Ораза Аллаҳ таала менен бенде ортасындағы сыр!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Шамсуддин Баҳауддинов

@paziyletuz дан узақласпаң!
12.7K viewsАдмин, 08:13
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 10:01:19 #сораў

Сораў: Ҳаяллар қалдырған оразаларын избе-из қылып тутып бериўи керек пе?
Жуўап: Үзир себепли қалдырылған оразаның қазасы да парыз болады, соның ушын тезирек тутыўы керек. Бирақ, избе-из болыўы шәрт емес.

Сораў: Ҳаялдағы қаза ораза жүдә көбейип кетсе, тәўбе қылып, истиғфар айтыўы жетерли ме?
Жуўап: Тәўбе қылып, истиғфар айтыўы жақсы ис, бирақ қазаның орнын баспайды.

Сораў: Каффарат оразасын тутып атырған ҳаял ҳайыз көрсе не болады?
Жуўап: Қастан оразасын ашып қойғаны себепли еки ай каффаратын тутып атырған ҳаял арада ҳайыз көрип қалса, каффаратты қайтадан басламайды. Ҳайызы кеткеннен кейин даўам етип кете береди (Роддул Мухтар).

Сораў: Оразадар ҳаял ернин бояса не болады?
Жуўап: Ерин сыртқы ағза есапланады. Солай екен, ораза ҳалында еринге бояў сүртиў оразаны ашпайды (Китабул Фатаўа).

Сораў: Ҳаяллар ораза ҳалында гинекологиялық тексериўден өтсе бола ма?
Жуўап: Ораза тутқан ҳаял алды ямаса артқы жынысый ағзасына бармағын киргизиўи менен оразасы ашылмайды, бирақ бармағы ызғар болса, оразасы бузылады. Сондай-ақ, ызғар болмаған бармағын тығып, кейин шығарып, кейин және тықса, оразасы ашылады. Егер алды ағзасына қурғақ пахта ямаса соған уқсас бир нәрсе киргизсе ҳәм оның бир ушы сыртта қалса, оразасы бузылмайды. Ҳәммеси киргизип жиберилсе, оразасы бузылады (Роддул Мухтар).

Сораў: Ҳаял адам бойы барабар суўды кешип өтсе, оразасы бузыла ма?
Жуўап: Әдетий жоллардан суў кирмеген болса, ораза бузылмайды.

Сораў: Таң атқаннан кейин ҳайыз қаны тоқтаўы мүмкин болған ҳаял сәҳәрлик қылып оразаны нийет қылса бола ма?
Жуўап: Яқ, дурыс болмайды. Ҳаял адамның оразасы дурыс болыўы ушын таң атпастан алдын ҳайыздан пәк болыўы керек.

Сораў: Мурынға дәри тамызылса ораза ашыла ма?
Жуўап: Мурын, қулақ киби негизги жоллардан ишке бир нәрсе жиберилсе, ораза бузылады (Бадайиъус Санайиъ).

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.4K viewsАдмин, 07:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 08:46:02
#рамазан_2021
#аят #ораза

ОРАЗА

"Егер билсеңиз, ораза тутыўыңыз сизлер ушын жақсы". Бақара сүреси, 184-аят.

Бир саҳралы адамнан соралды:
– Усындай ыссы күнде не ушын ораза тутып атырсаң?

Ол жуўап берди:
– Буннан да ыссырақ күн ушын ораза тутып атырман.

Яғный, буннан да ыссырақ күн бул – қыямет күни. Аллаҳ тааланың алдына барғанда, "Не ушын ораза тутпадың, Мен буйырып едим ғо?", десе не қыламан, сол күннен аманда қалыўым ушын ораза тутып атырман, деген екен.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.2K viewsАдмин, 05:46
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 07:30:31
#ҳикмет

Излениўлердиң нәтийжесине көре, ораза жүрек ҳәм артериосклероз кеселликлери ушын да, ем екенлиги анықланды.
Даўамлы ораза тутып жүрген адамниң жүреги тынымсыз ҳәрекетте болып, узақ өмир көриўине себеп болады екен. Егер ораза тутыў даўамында Қураны кәриймды еситиў менен бәнт болса, жоқарыда айтып өткен артериосклероз кеселлиги ушын шыпа болады. Мине усы жағдайда ҳәр күнлик режесин даўам еттирсе, көплеп кеселликлерден қутылады.


Аллаҳ таала Қураны кәриймде: "Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдыңғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз қылынды. Қанекей, тақўалы болсаңыз".

Түрли кеселликлерден қутылыў шарасын излеп жүрсең бе? Онда оразаны өзиңе лазым тут. Себебы, оның уқсасы жоқ!

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.3K viewsАдмин, 04:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 06:15:22
#рамазан_2021
#ҳикмет #ораза

«Адамлар ибадатта жарысыўы ушын Аллаҳ таала Рамазан айын жарыс майданы қылды. Бир қәўимлер бул айда көп жетискенликлерге еристи, басқасы артта қалып кетти».

Ҳасан Басрый раҳимаҳуллаҳ



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.3K viewsАдмин, 03:15
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 05:00:33 #рамазан_2021
#оразаның_пазыйлети

Динимизде парыз болған ораза руўхый ҳәм дене тәрбиясы болыў менен бирге инсанның өз дене саламатлығына болған ҳүрмети есапланады.
Шынында да инсан саламатлығы ушын биринши нәўбетте тынышлық зәрүр. Инсан оразадан қәтержамлық, тынышлық ҳәм руўхый азық алады. Себеби, ораза аўқат сиңириў ҳәм орайлық нерв системасына дем берип, зат алмасыўды жақсылайды. Ораза тутылғанда организмниң углевод қабыл қылыўы кескин асыўы нәтийжесинде қандағы қант ҳәм инсулин кемейеди.
Оразадар болған ўақытта организмниң энергияға болған зәрүрлигинен майлар сарпланады. Бул өз-өзинен инсанды артықша семизликтен қутқарады.
Сәҳәрликте жеңил аўқатланыў керек. Ал, аўыз ашарда бул шекленбеген. Себеби, аўыз ашарда дәслеп қандай да бир мазалы зат, мысалы, қурма, мийўе, шербет, компот ямаса суў менен аўыз ашылады. Бул кейин жейтуғын күшли аўқатлар пайда ететуғын гипоглиценниң жемирилиўине алып келеди. Ең баслысы, аўызашардан соң оқылатуғын тараўиҳ намазы организмде зат алмасыўды жеделлестиреди, яғный тараўиҳ намазында шама менен еки жүз калория энергия сарпланады. Ой жуўыртсаң, динимизде не деген санағына жетип болмайтуғын ҳикметлер жәмленген.
Мысалы, күнделикли оқылатуғын бир ғана намазды алайық. Бул ҳақыйқый дене шынықтырыўдың әжайып үлгиси. Мусылман адам Рәббисине ибадатқа шағланып таҳәрат қылар екен, намазға таярлықта ҳәм намаз оқып атырғанда өзи сезбеген ҳалда дене тәрбиясына тән көп шынығыўларды ислейди. Бундай ҳәрекетлер әсиресе Рамазан айында көбирек болады. Неге дегенде бул айда тараўиҳ намазы оқылады. Намаздағы ҳәр бир ҳәрекет инсан саламатлығы ушын оғада зәрүр. Таҳәраттан баслап намаз оқығандағы ҳәр бир ҳәрекет инсан ағзаларының ислеў ҳәрекетшеңлигин жақсылап, руўхый азықландырады.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.5K viewsАдмин, 02:00
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 04:15:21
#ҳәдис #зикир

​​ИСТИҒФАРЛАРДАН БИРИ

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
“Биз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бир отырыста жүз мәрте “Роббиғфирлий ўәтуб ъаләййә, иннәкә әнтәт тәўўәбур роҳийм”, деп айтқанын санадық”.


Ибн Мажа рәўияты.

Мәниси: Ҳәй Рәббим! Мениң гүналарымды кешир, тәўбелеримди қабыл ет! Гүмансыз, Сен тәўбелерди қабыллаўшы, Рейимлисең!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.5K viewsАдмин, 01:15
Ашу / Түсініктеме
2021-04-21 11:01:28 #ҳәдис #рамазан_2021
#ораза

Оразада өтирик сөз

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким өтирик сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды тасламаса, оның аўқатты ҳәм суўды тәрк етиўине Аллаҳ таала мүтәж емес», деди».

Түсиндирме:
Муқаддес динимиз тәлиматы бойынша мусылман адам тилин мудамы жаман сөзлерден, биймәни гәплерден тыйыўы лазым. Ал, оразадар ушын бул шәрт және де күшли болады. Уламаларымыз бул ҳәдистеги «өтирик сөйлеў», дегенде өсек айтыў, гәп тасыў, жала жабыў ҳәм дослардың арасына суўықшылық салыўшы гәплерди айтыў, пуш гәплерди сөйлеў киби ис-ҳәрекетлерди нәзерде тутқан деген пикирлерди айтады. Ал, «оған әмел қылыў» дегенде Аллаҳ таала ҳәм Оның Расулы наразы болатуғын ҳәр бир қылмыс түсиниледи.
Демек, ораза тутқан адам өзин тек ғана жеп-ишиўден емес, ал пайдасыз, пуш гәп-сөз ҳәм шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйыўы лазым болады екен. Буннан тек ғана Рамазан айында шәриятымызға қайшы болған ислерден тыйылыў керек екен деп түсинип қалмаўымыз керек, ал бундай ислерден бәрқулла аўлақ болыўды аңлаўымыз керек.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
3.4K viewsАдмин, 08:01
Ашу / Түсініктеме