Get Mystery Box with random crypto!

#мағлыўматлар #динимизди_үйренемиз ШӘРИЯТ ИСТИЛАҲЛАРЫ (ТЕР | Paziyletuz | Рәсмий канал

#мағлыўматлар #динимизди_үйренемиз

ШӘРИЯТ ИСТИЛАҲЛАРЫ (ТЕРМИНЛЕРИ)

Парыз
– шәрият тәрепинен қылыныўы жазм менен, шубҳасы жоқ қатaң дәлил менен талап етилген ис.
Ҳәдис пенен сабыт болған парыз әмеллердиң мысалы намазда Қуран қирәәт қылыў. Бундай тәризде сабыт болған ҳүкимди қылыў лазым. Оны қылған адам үлкен саўапқа ериседи. Қылмаған адам болса гүнакар болады.

Ўәжиб – шәрият тәрепинен жазм менен қатаң болмаған дәлил менен талап қылынған ис.
Буның мысалына ўитр намазы, садақаи фитрге уқсас әмеллер киреди.
Себеби бул ҳүкимлер аҳад ҳәдислер менен сабыт болған. Ўәжибтиң ҳүкими парыз бенен барабар. Тек ўәжиб нәрсени инкәр қылған адам кәпир емес, фасық болады.

Сүннет яки мандуб – шәрият тәрепинен жазм болмаған рәўиште талап қылынған нәрсе.
Бундай ҳүкимге әмел қылған адам саўап алады, оған әмел қылмаған адамға болса, иқаб қылынбайды. Бирақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам тәрепинен оған маламат ҳәм итаб болыўы мүмкин.

Ҳанафый мәзҳабы уламалары сүннетти үш дәрежеге бөледи:
а) Сүннети муаккада, яғный тәкидленген сүннет.
Мысал ушын, жәмәәт пенен намаз оқыў. Бул дәрежедеги сүннет ўәжибтен кейинги орында турады.
б) Сүннети машруъа – дүйшенби ҳәм пийшенбе күнлери ораза тутыў ҳәм усыған уқсас әмеллер.
в) Сүннети заида – жеп-ишиў, жүрип-турыў, уйықлаў киби ислерде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға ериў.

Ҳарам – шәрият тәрепинен жазм ҳәм шубҳасыз, қатаң дәлил менен қылмаўлық талап қылынған нәрсе. Адам өлтириў, арақ ишиў, зина қылыў, урлық киби ислер усыған киреди. Ҳарам исти қылмаў лазым. Ким оны қылса Аллаҳтың азабына ушырайды.

Макруҳи таҳримий, яғный ҳарамға жақын макруҳ – шәрият тәрепинен қылмаў жазмий рәўиште талап қылынған, лекин қатаң болмаған дәлил менен сабыт болған ис. Мысал ушын, биреўдиң саўдасы үстине саўда қылыў, яғный қарыйдар саўданы питирмей турып, басқа бир қарыйдардың саўдаға араласыўы, биреўдиң саўшылығы үстине саўшылық қылыў, еркеклерге тиллә ҳәм жипекли кийим кийиў ҳарамлығы киби ҳүкимлер. Усы ислерди қылмаў жазм менен талап етилген. Бирақ, аҳад ҳәдислер менен сабыт болған. Соның ушын ҳарам емес, макруҳи таҳримий ҳүкимин алған. Бул да ҳарам ҳүкиминдеги гәп.

Макруҳи танзиҳий – шәрият тәрепинен қылмаў жазмсыз ҳәм Аллаҳтың азабы болыўы айтылмастан талап қылынған ис. Буған пышық ҳәм жыртқыш қуслар тийген суўда таҳәрат қылыў киреди. Бундай ислерди қылмағанлар саўап алады, мақталады, қылғанлар болса маламат та, иқаб та қылынбайды.

Мубаҳ – шәриятымыз қылыў яки қылмаўды адамлар ықтыярына қойған ислер. Инсанның биологик ҳәжетлерине байланыслы ислердиң ҳәммеси (мысалы, жеў, ишиў, уйықлаў киби) мубаҳ шеңберине киреди. Бунда шәрият көрсеткен шегарадан шықпай жүриў мубаҳ. Мубаҳ әмелди қылған-қылмаған барабар, гүнасы да, саўабы да жоқ.


https://t.me/paziyletuz