Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
Ҳикмет
Әҳмийетли
Тәрбия
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.07K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 966

2021-04-22 21:38:29
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
5.0K viewsАдмин, 18:38
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 18:36:16
#тәрбия

Уллы алымлардың китап оқыўға итибары

Оныншы әсирдиң атақлы мусылман алымларынан андалусиялы ибн Рушд өмири даўамында тек еки түнде китап оқымаған екен: бириншиси үйленген түнинде ҳәм екиншиси әкеси қайтыс болған түнде.

Табеъинлерден Урўа ибн Зубайр разыяллаҳу анҳу өмиринде бир мәрте китап (Қуран) оқымаған. Қарасан басланғанлығы себепли аяғы кесип тасланғанда, кеселлик күшейгенинен ҳуўшын жойтқаны себепли китап оқый алмай қалған.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.4K viewsАдмин, 15:36
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 17:01:19
#рамазан_2021 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә ъалайкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
21.9K viewsАдмин, 14:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 16:01:24 #рәўият

Истиғфар ҳәм тәўбениң пазыйлети

Рәўият қылыныўынша, Муўса алайҳиссалам дәўиринде Бәний Исрайыл қәўимине қәҳәтшилик жетипти. Адамлар Муўсаның алайҳиссалам алдына келип: «Ҳәй Аллаҳтың пайғамбары, Рәббиңе дуўа қыл, бизге жаўын жаўдырсын», – деп өтиниш етти. Муўса алайҳиссалам олар менен бирге саҳраға шықты. Олар жетпис мың яки оннан да көп еди. Муўса алайҳиссалам дуўа қылып: «Илаҳим, бизге жаўыныңды жаўдыр ҳәм мийримиңди түсир, емизиўли нәрестелер, отлайтуғын ҳайўанлар ҳәм қариялардың себебинен бизге рейим қыл», деди. Дуўадан соң қуяш ыссылығы және де күшейди. Муўса алайҳиссалам ҳайран болып, Рәббисинен сораған еди, Аллаҳ ўаҳий қылып: «Араңызда қырық жылдан бери гүна қылып, Маған әси болып киятырған бенде бар, сол бенде саптан шықсын, оның себебинен жаўынды тоқтатып турыпман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳым, мен бир әззи бенде болсам, ҳаўазым да күшсиз болса, қай жерге де жетер еди, олар жетпис мыңнан көп», деди. Аллаҳ таала: «Сен айта бер, даўсыңды жеткизиў бизден», деп ўаҳий қылды. Сонда Муўса алайҳиссалам турып : «Ҳәй қырық жылдан бери гүна қылып, Аллаҳға әси болып киятырған бенде, арамыздан шық, сениң себебиңнен жаўын тоқтап турыпты», деп бақырды.
Гүнакар бенде оң ҳәм сол тәрепине қарады, бирақ ҳеш кимниң шыққанын көрмеди. Талап қылынып атырған адам өзи екенин билди. Илажсыз қалған гүнакар адам егер жәмәәттен шықсам шерменде боламан, шықпасам мениң себебимнен жаўын жаўмайды, деп ойлады ҳәм гүналарына қатты пушайман болып, Аллаҳ таалаға жалбарынды: «Пәрўардигар, қырық жыл гүна қылдым, азап жиберместен, шерменде қылмастан мүддет бердиң. Енди болса саған бойсынып сорайман, тәўбемди қабыл қыл». Бенде еле гәпин тамамламай турып аспанға булт келип, мес аўзынан суў төгилгендей жаўын жаўа баслады.
Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, гүнакар бендең арамыздан шықпады-ғой, не ушын жаўын жаўдырып атырсаң?», деди. Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса, сол тәўбе қылған бенде себебинен жаўын жаўдырып атырман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, маған сол бендеңди көрсет», деди. Аллаҳ таала: «Мен оны гүна қылып жүрген ўақытында шерменде қылмадым енди бойсыныўшы болғанында шерменде қыламан ба?» деп жуўап берди.

https://t.me/paziyletuz
12.9K viewsАдмин, 13:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 14:31:11 #тәрбия

ПАЗЫЙЛЕТЛЕР ТИЙКАРЫ

Сабыр — бир қанша пазыйлетлер тийкары. Ол болмаса батыллық, турақлылық, әдеплилик болмайды.
Пайғамбарымыз Мухаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген: «Сабыр қыйыншылықларды бекитиўши хәм бахытсызлықта жәрдемши болып есапланады». (Имам Аҳмад рәўияты).


Имам Ахмад раҳимаҳуллаҳ былай дейди: «Қуранда сабыр тоқсан рет зикир етилген. «Сабыр қылың» калиймасы он тоғыз рет тәкирарланған».

«Сабыр ет! Әлбетте, Аллаҳ шырайлы ис қылыўшылардың сыйлығын зая қылмайды!» (Ҳуд, 115).

Уламалар, ийманның ярымы сабыр болса, қалған ярымы шүкирден ибарат, дейди.

«Сизлердеги нәрселер таўсылады. Аллаҳтың алдындағы нәрсе мәңги. Әлбетте, Биз сабыр еткенлерди қылып жүрген шырайлы әмеллери муғдарындағы саўап пенен сыйлықлаймыз» (Нахл, 96).

Демек, турмыста гейде ушырасатуғын қыйыншылық хәм мүсийбетлер алдында сабыр-тақатлы, қанаатлы хәм шыдамлы болыўымыз тийис.
Сабыр-тақатлы болыўды талап ететуғын ислерден бири перзент тәрбиясы болып табылады. Перзентлер билимли болып өсиўи ушын тек оқытыўшылар ғана емес, ал ата-ана да оларды турақлы түрде қадағалаўға алыўы керек. Сабақларды өзлестириўден баслап, оқыў барысында хәм турмыста ушырасатуғын машқалаларды өз ўақтында шешиўди ата-аналардан сабыр-тақат, мийнет хәм ғамқорлық талап етиледи. Ҳақыйқатында да, перзентлеримиздиң терең билим хәм кәсип-өнерлерди ийелеўлерине итибар бериў хәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып есапланады.


https://t.me/paziyletuz
13.3K viewsАдмин, 11:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-22 13:21:10
#рамазан2021
#оразаның_пазыйлети

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДЕНЕСИНДЕ НЕЛЕР ЖҮЗ БЕРЕДИ?

https://t.me/alberuniyuz
22.4K viewsАдмин, 10:21
Ашу / Түсініктеме