Get Mystery Box with random crypto!

Дүйшемби күни не ушын нәпил ораза тутылады? Себеби, ол (дү | Paziyletuz | Рәсмий канал

Дүйшемби күни не ушын нәпил ораза тутылады?

Себеби, ол (дүйшемби) уллы күн. Оның уллылығының биринши белгиси ақырғы заман Пайғамбары Муҳамад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Робиъул әўўәл айы, дүйшемби күни дүньяға келген.

   Сондай-ақ, Қураны кәриймниң биринши аятлары түсиўи Рамазан айының 17-күни, дүйшемби күнинде жүз берген. Бул күнлер дүнья тарийхындағы ең уллы, ең мүбәрек күнлер саналады.

   Соның ушын да ол күнниң оразасын ҳәр ҳәпте тутыў усыныс етиледи.

   Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

   "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дүйшемби ҳәм пийшемби күни оразасы ҳаққында соралды. Ол: "Сол күнде туўылдым ҳәм сол күнде маған Қуран нәзил қылынды", деди". (Әбиў Даўыт ҳәм Муслим рәўияты).



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz