Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.33K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 968

2021-04-09 18:31:13
#ҳикмет

Ең шырайлы ҳикметлер:

Артықша мүләйимлик – әззилик.

Артықша күлки – жеңил тәбиятлылық.

Артықша рәҳәтлениў – ериншеклик.

Мал-дүньяны артықша сарплаў – ысырап.

Артықша итиятлылық – ўасўаса.

Ең қыйын сөз – кәмиллик.

Өш ҳәм кектиң абзалы – кеширим.

Ең үлкен ғәзийне – пазыйлет.

Ең қатты азап – ҳүждан азабы.

Ең гөззал муҳаббат – ерли-зайыптың муҳаббаты.

Турақлы муҳаббат – анаға муҳаббат.

Бүгинги күниңнен өрнек ал.

Өткен күниңнен тәжирийбе ал!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.0K viewsАдмин, 15:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 17:21:09 #рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

"Оразаның пазыйлети" китабынан.

Текстти аудио монолог көринисинде Баҳадыр Сағыйдуллаҳ улы оқыды.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
16.8K viewsАдмин, 14:21
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 17:11:20
3.6K viewsАдмин, 14:11
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 16:16:13
#рәўият

Дүнья – ақыретке таярлық майданы

Әбиў Назрдан рәўият қылынады: "Жәбир деген адам айтады: "Умар разыяллаҳу анҳудың ҳүкимранлық дәўиринде оның алдына исим түсип бардым. Мәдина қаласына кешқурын кирдим. Маған парасат ҳәм сайрайтуғын тил берилген еди. Дүньяны жаманлап, оны жерге урдым. Оны ҳеш нәрсеге арзымайтуғын бир нәрсеге шығардым. Оның алдында шашы ҳәм сақаллы аппақ бир адам отыр еди. Гәпимди айтып болсам, жаңағы адам:
– Ҳәмме гәплериң шырайлы шықты. Бирақ, дүньяны сөккениң жаман болды. Сен өзи дүньяның не екенин билесең бе? Бизлер ақырет ушын керекли саўапларды усы жерден аламыз-ғо! деп дүньяны мақтай баслады. Бул адам дүньяны меннен де жақсы биледи екен.
– Ҳәй мусылманлардың басшысы, қасыңыздағы адам ким? деп сорадым.
– Бул адам мусылманлардың жол баслаўшысы Убай ибн Каъб, деди Умар разыяллаҳу анҳу.


"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
5.1K viewsАдмин, 13:16
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 15:31:12 #зәкат #питир #садақа #рамазан_2021

2021 (ҳижрий 1442) жылғы закат нысабы, питир садақасы ҳǝм фидя муғдары белгиленди

Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Пǝтиўа комиссиясының милодий 2021 (ҳижрий 1442) жылғы закат нысабы, питир садақа ҳǝм фидя муғдары бойынша

ҚАРАРЫ

Закаттың алтыннан нысабы 85 грамм болып, бүгинги күнде 1 грамм алтынның орташа баҳасы 320 000 (үш жүз жигирма мың) сўм екенлигин итибарға алып, быйылғы ЗАКАТ нысабы 27 200 000 (жигирма жети миллион еки жүз мың) сўм деп белгиленди.

Соған кѳре, зǝрүр мүтǝжликтен тысқары бир жыл даўамында 27 200 000 (жигирма жети миллион еки жүз мың) сўм ҳǝм оннан артық қаржыға ийе болған мусылман адам жǝми ақшасының қырықтан бири (1/40) н есаплап, оны закат нийетинде кǝмбағал ҳǝм мүтǝжлерге береди.

Питир садақасының муғдары бийдайдан ярым соъ (2 кг.), арпадан бир соъ (4 кг.), кишмиштен ярым соъ (2 кг.) ҳǝм хурмадан бир соъ (4 кг.) болып табылады.

Бүгинги күнде усы ѳнимлердиң Ташкент қаласы базарларындағы баҳалары үйренилгенде 1 кг бийдай орташа 5 мың сўм, 1 кг арпа орташа 3, 5 мың сўм, 1 кг кишмиш орташа 40 мың сўм ҳǝм 1 кг хурма орташа 35 мың сўм екени мǝлим болды.

Соған кѳре, ФИТР садақасының муғдары:

бийдайдан 2 кг 10 000 (он мың) сўм;

арпадан 4 кг 14 000 (он тѳрт мың) сўм;

кишмиштен 2 кг 80 000 (сексен мың) сўм;

хурмадан 4 кг 140 000 (бир жүз қырық мың) сўм деп белгиленди.


Ҳǝр ким ѳз мүмкиншилигине қарай бул тѳрт ѳнимниң қǝлеген бир түринен питир садақасын берсе жеткиликли болады.

Фидя муғдары бир мискинниң бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып, бүгинги күнде бул орташа 25 000 (жигирма бес мың) сўмга туўры келгенинен, булл жылғы ФИДЯ муғдары бир күн ушын 25 000 (жигирма бес мың) сўм, бир айға 750 000 (жети жүз елиў мың) сўм деп белгиленди.


Eслетпе: Усы баҳалар Ташкент қаласы базарларындағы баҳаға тийкарланып белгиленди. Ҳǝр бир ўǝлаят ѳз базарларындағы баҳадан келип шығып, питир садақасын белгилейди.

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Пǝтиўа комиссиясы

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
6.0K viewsАдмин, 12:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 15:01:15 #рамазан_оразасына_тийисли_қысқа_сораў_жуўаплар

Сораў: Ғусылда ғарғара қылыў менен ораза ашыла ма?
Жуўап: Оразада ғарғара қылыў мәкириў. Егер ишке суў кетип қалса, ораза ашылады.

Сораў: Жарақатларға дәри қуйыў менен ораза ашыла ма?
Жуўап: Еки түрдеги жарақатқа дәри қуйыў менен ораза ашылады. Қуйылған дәри бастағы мийге жетип баратуғын жарақат; Қуйылған дәри асқазанға жетип баратуғын жарақат;

Сораў: Жунуб ҳалда оянған адам сәҳәрлик ўақты таўсылайын деп қалған болса, биринши сәҳәрлик қыла ма ямаса ғусыл қыла ма?
Жуўап: Сәҳәрлик ўақты аз қалған болса, онда аўыз-мурнын жақсылап шайып, кейин сәҳәрлик қылады. Субҳи садық киргеннен кейин ғусыл қыла береди. Жунуб ҳалда оразаны баслаў оразаға зыян жеткизбейди.

Сораў: Не затлар менен аўыз ашқан сүннет?
Жуўап: Пискен қурма, қурманың қағы, олар болмаса, мазалы нәрсе менен, ол да болмаса, суў менен аўыз ашыў (Умдатул Фиқҳ).

Сораў: Каффарат ўәжиб болыўын билместен Рамазанның оразасын қастан бузған адамға каффарат ўәжиб бола ма?
Жуўап: Рамазан оразасын қастан бузғанға каффарат лазым болады. Мәселени билмеўи үзир болмайды. Соның ушын избе-из еки ай ораза тутады. Буған қәдир болмаса, алпыс мискинди аўқатландырады.

Сораў: Мойнына каффарат лазым болған адам еки ай избе-из ораза тутпастан, алпыс мискинди аўқатландырса бола ма?
Жуўап: Ораза тутыўға қәдир бола турып, бундай қылыўы менен каффарат өтелмейди, орнына өтпейди.

Сораў: Рамазанның қазасы ҳәм каффаратын таң атаман дегенше нийет қыла алмаса, не болады?
Жуўап: Рамазанның қазасы ҳәм каффаратын тутып атырған адам таң атпастан алдын ораза тутыўды нийет қылыўы шәрт. Соның ушын сәҳәрликте тура алмай қалыўдан қорыққан адам қуяш батқаннан кейин ертеңги күнниң оразасын тутыўды нийет қылдым десе, жеткиликли.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
17.2K viewsАдмин, 12:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 14:06:34
#қутлықлаў

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толды!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
17.2K viewsАдмин, 11:06
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 12:05:56
#рамазан_кирип_келмекте

(-/+ 1 күнге парық қылыўы мүмкин)

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
19.2K viewsАдмин, 09:05
Ашу / Түсініктеме