Get Mystery Box with random crypto!

#Рамазанға_таярлық #Рамазан_2021 #ораза Ораза тутыў қыйын д | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Рамазанға_таярлық
#Рамазан_2021 #ораза

Ораза тутыў қыйын деп ойлайсыз ба?


Ораза тутыў қыйын емес екенин тек ораза тутқан адамлар ғана биледи. Ораза тутыўдың жеңиллиги ҳаққында төменде бир неше мағлыўматларды келтирип өтемиз:

Бириншиден, Аллаҳ таала адамзатқа бир ис қылыўды буйырса, онда оны орынлаў ушын күш-қуўат пенен имканият та қосып бериўин умытпаң! Себеби, Аллаҳ таала ҳеш кимге тақатынан артық исти жүклемейди.

Екиншиден, сиз бул қәсийетли айға, Аллаҳ қәлесе, аман-есен жетесиз. Өйткени, сизиң денеңизде еле жан бар. Ал бул Рамазан айына жете алмай, дүньядан өтип кеткенлер қаншама?! Сонлықтан, оразаға нийет етиўиңиз керек.

Үшиншиден, айлап, жыллап аш отыратуғын, ҳәттеки соңғы рет қашан ыссы аўқат жегенин умытып қалған дүньяда қаншама адамлар бар. Ал сизиң алдыңызға кешкисин өзиңиз қәлеген аўқаттың түр-түри қойылады...

Төртиншиден, күнниң ыссы болыўын ойлап жүрсиз бе? Аўа, ол да бар. Бирақ бир ўақытлары ҳәзиргидей кондиционер, душ ҳәм соған уқсас «комфорт» жағдайлар қайсы ата-бабамызда болған, бирақ сонда да ҳеш бири оразаны тоқтатпаған. Буларды естен шығармаң.

Бесиншиден, ораза 24 сағат даўам етпейди. Сондағы күндиз жеўиңиз керек болған аўқат түнге көшиўи, болғаны.

Алтыншыдан, аўызашар алдында адамның дуўа-тилеги менен Аллаҳтың арасында перде болмайтуғынын да есиңизден шығармаң.

Жетиншиден, сәл ғана қыйналсаңыз аўызыңызды ашып жибермең. Аллаҳ таала Қуранда: «Аллаҳ сабыр етиўшилер менен бирге» – деп айтқан. Қыйыншылықтан кейин жеңиллик, қайғыдан кейин қуўаныш, умтылыўдың соңында әлбетте утыс бар.
Қыйыншылығыңыз күшейген сайын саўабыңыздың да еселениўин умытпаң!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ