Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     ТӘЎБЕ       Бир күни ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳуды | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     ТӘЎБЕ

      Бир күни ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳудың алдына бир кимсе келип, сораў берди:
- Ҳәй Әлий! Бир гүна ис қылдым, не қылыўым керек?
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Тәўбе қыл", - деди.
- Тәўбе қылдым, лекин тәўбемди буздым.
- Тағы тәўбе қыл!
- Қашанға шекем тәўбе қыламан?
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Шайтанды жеңгениңе шекем", - деди.
Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу: "Тек ийесин қутқарған тәўбе, тәўбе ме? Негизги тәўбе шын қәлбтен қылғаныңда оның берекети менен бир неше инсанлар туўры жолға киреди ҳәм қутылады", - деди.

“Аллаҳ муҳаббаты” китабынан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz