Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     'ҚАЎЫН'      Әлҳамдулиллаҳ, бүгинги күнлери қаўын, ғ | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     "ҚАЎЫН"

     Әлҳамдулиллаҳ, бүгинги күнлери қаўын, ғарбызларға базарларымыз лық толы. Шертип жүрип таңлап шийринин алып жақын-жуўықларыңыз бенен жеп жүрсиз. Ҳәтте, бул әжайып жемис пенен ҳәр бириңиздиң тәсирли яки қуўнақ ўақыялығыңыз болса керек.
     Жаслығымда үйде 100 дана қаўын болар еди. Ҳәр күни қаўын жер ўақытта "Ашып баслаған биреўин алып шық", - дер еди. 100 данадан биреўи ашыўды баслаған болса, сол қаўын желинер еди. Әлбетте, бир күн өтип тағы бир қаўын ашып баслар еди. Сол тақылетте 100 күн ашыған қаўын жер едик. Егер сол бир ашыған қаўыннан ўаз кешсек, 99 күн таза қаўын жеген болар ма едик?!

     Түсинген адамға қаўын бул жерде - өтмиштеги қыйнап жүрген сарқыт ойлары, әмелге аспай қалған арзыў-әрманлары, кеўилинде сақлап жүрген кеклери, ҳеш тәрк ете алмаған жаман иллетлери болыўы мүмкин. Егер олар менен сиз ҳәр күни дусласа берсеңиз, ҳеш қашан жаңалана алмайсыз. Нелерди тәрк етсеңиз нелерге жетисиўиңизди сиз жақсы билесиз!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz