Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     НАМАЗ БИЗЛЕРГЕ ЕМЕС, БИЗ НАМАЗҒА МҮТӘЖБИЗ!      ​​Ш | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     НАМАЗ БИЗЛЕРГЕ ЕМЕС, БИЗ НАМАЗҒА МҮТӘЖБИЗ!

     ​​Шайх Әлий Тантаўий бир жигитке: "Неге намаз оқымайсаң? Намаз ҳәр бир мөминге парыз", - деди.
     Жигит: «Туўры, намаздың парыз екенин инкар қылмайман. Мен де намаз оқыўды жақсы көремен. Бирақ, айырым бир намаз оқыйтуғынларды көрип, намаз оқығым келмей қалды... Жумыста бир жигит бар. Бес ўақыт намаз оқыйды. Бирақ, өтирикши, тәкаббыр бала, аманатдар емес. Ол туўры жолдан аўып кеткен», - деди.
     Сонда мен: «Соның ушын намаз оқымай жүрсең бе?» - десем,
Ол: «Аўа», - деди.
Мен: «Онда аўқатты да жеме?» - дедим.
Ол: «Не ушын жемейин?!» - деди, ҳайран болып.
Мен: «Аўқат жейтуғынлардың ишинде де уры, минези жаман тәкаббырлары бар», - дедим.
Ол: «Бар болса, не бопты? Денемиздиң жасаўы ушын жеў керек!» - деди.
Мен: «Әне соған уқсап, руўхтың жасаўы ушын да намаз керек! Жумысыңдағы жигит өтирикши болса, оның намазға не байланысы бар?» - дедим.

     Дурыс әзизлер, айырым бир намаз оқыйтуғынлардың ишинде бундайлар да ушырап турады, бирақ бул дегени мусылманшылық усындай дегени емес. Мысалы, қайсы бир пән оқытыўшысы өз пәнин терең билмесе, оқыўшыларына жақсы үйрете алмаса, буған сол пән айыплы болмайды, ал айып сол оқытыўшының өзинде болады.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz