Get Mystery Box with random crypto!

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал N
Telegram арнасының логотипі nasiyatuz — NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
Арна мекенжайы: @nasiyatuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 10.27K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 11

2022-09-02 08:30:06
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.7K views05:30
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:46:14 Жума әйямыңыз мүбәрек болсын!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қуяш шыққан күнниң ең жақсысы Жума күни», деген. (Имам Мүслим рәўияты).

Жуманың сүннетлери:

Ғусыл қылыў

Жупар ийис пенен ийислениў

«Каҳф» сүресин оқыў

Истиғфарды көбейтиў  

ﷺ Салаўат айтыў

Мешитке барыў


 

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.8K views04:46
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:45:29 ЖУМА КҮНИНИҢ 6 ПАЗЫЙЛЕТИ

  Жума – ҳәр бир минуты Аллаҳтың мәрҳәматына толы болған күн. Гейде биз бул күнди басқа күнлер сыяқлы әйтеўир ғана өткерип жиберемиз, итибарсызлық қылып қаншадан қанша саўаплардан бос қалып атырғанымызды аңламаймыз. Ал, жума күнинде болса:

  1). Дуўалар қабыл болады.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жума күни дуўалардың қабыл болыўы ҳаққында: «Бул күнде сондай бир ўақыт бар, мусылман бенде намаз оқыў ушын сол ўақытқа дус келеди ҳәм Аллаҳдан нени сораса, соны гүмансыз береди», деди.
  (Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты).

  2). Салаўтлар Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көрсетиледи.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлер ушын ең жақсы күн – жума күни. Солай екен сол күни маған көп салаўатлар айтың, себеби бул күнги салаўатлар маған көрсетиледи», деген.
(Имам Әбиў Даўыд рәўияты).

  3). Аяқларының астынан нурлар шығады.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Каҳф сүресин жума күни оқыса, қыямет күни оның аяғының астынан нур шығып, пүткил аспанды жақтыландырады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи», деген.

  4). Мешитке қарай тасланған ҳәр бир адым нәпил ораза ҳәм ибадат қылғанға теңлестириледи.
Аўс ибн Аўс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылып, мешитке жаяў барса,  жума хутбасын алаң болмай еситсе ҳәм намаз оқыса, мешитке қарап басып өткен ҳәр бир адымы ушын бир жыллық (нәпил) ораза ҳәм (нәпил) түнги намаздың әжири бериледи», деди.

  5). Гүналар мәғфират қылынады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким ғусыл қылып, пәкизе кийим кийсе ҳәм мүшк пенен жупарланса, мешитке асықпай барса ҳәм имамның марузасын бөлмей еситсе ҳәм намаз оқыса, ол адам үйине өткен жумадан берли қылған гүналарынан тазарған ҳалда қайтады», деди.
Басқа ҳәдисте болса, «Ким жума намазынан кейин, аяғын алмастырмай («қозғалмай» деген мәнисте) турып төмендеги сүрелерди жети мәртеден оқыса: Фатиҳа, Ықлас, Фалақ, Нас сүрелерин, Аллаҳ таала оның алдынғы ҳәм ақырғы гүналарын кеширеди ҳәм оны сыйлықлайды»
,
деген.

  6). Мешитке ерте барған адам, түйе қурбанлық қылғанның саўабына ериседи.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылып мешитке ерте барса, бир түйе сойғандай болады, ким екинши ўақытта барса, бир сыйыр сойғандай, ким үшинши ўақытта барса, қошқар сойғандай болады, ким төртинши ўақытта барса, бир таўық сойғандай, ким бесинши ўақытта барса, бир мәйек атағандай болады. Имам (минберге) шыққанда болса периштелер хутбаны еситиўге ҳәзир болады», деди.
  (Имам Әбиў Даўыд ҳәм Имам Ибн Мажа рәўияты).

  Иншааллаҳ ескерттик!!!

«» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «»

http://t.me/nasiyatuz
1.3K views04:45
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:42:03 ЖЕҢИЛ, БИРАҚ САЎАБЫ УЛЛЫ ӘМЕЛЛЕР

– Әбиў Барза Асламий айтады: Я Расулуллаҳ! Мени жәннетке киргизетуғын әмелге жоллап қойың, – дедим.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Адамлар жолындағы азар беретуғын нәрсени алып тасла”, деди.

– Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бир адам жолда жатқан тикенниң алдынан өтип қалды. “Әлбетте, мине усы тикенди алып таслайман, бир мусылман адамға зыян жеткизбесин”, деди. Сонда оның гүналары мағфират қылынды”, деди.

– Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Қашан еки мусылман ушырасып, қол берип сорасса, Аллаҳға ҳамд ҳәм Оған истиғфар айтса, екеўи де мағфират қылынады”, деди (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

Қайсы бир инсан қылмысына пушайман болып, үзир сораған адамды кеширип жиберсе, оның қәтелерин де Аллаҳ таала қыяметтиң күни кеширеди.

Мәнзилди сорағанға жол көрсетиўдиң өзи де жақсылық.

Дозақтан жарты қурманы садақа қылып болса да сақланың! Егер оған да қурбыңыз жетпесе жақсы сөз бенен сақланың.

Ҳадал кәсиптен шаршап уйқылаған адам гүналары кеширилген ҳалда түнейди.

Наўқасты көриўге барған адам жәннет бағында жүргендей болады.

Кимде-ким дуўаларым қабыл болсын, тәшўишлерим басымнан арысын десе, кәмбағаллардың жағдайынан хабар алсын.

Кимде-ким көзи әззи адамды қырық адым жетеклеген болса, оның жәннетке кириўи анық.

Садақа суў отты өширгениндей қәтени (гүнаны) өширеди.



Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
1.3K viewsedited  04:42
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:24:22
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.3K views04:24
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:23:38
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.5K views04:23
Ашу / Түсініктеме
2022-09-02 07:23:20
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
1.5K views04:23
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 18:28:58
#видео_ролик

Қарақалпақстан телевидениеси "Ассалаўма әлейкум Қарақалпақстан" бағдарламасында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары Бахрамаддин Разовтың шығып сөйлеўинен.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
134 views15:28
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 17:37:59 ​​​​     ЖӘННЕТКЕ ЖЕТЕКЛЕЎШИ ӘМЕЛ

     Исламдағы ең гөззал буйрықлардан бири силаи раҳм, яғный, жақынлар менен туўысқанлық байланысларын байлаў, досларға меҳир-ақыбетли болыў. Силаи раҳм дәслеп Аллаҳ тааланы бенделерине буйырған әмеллеринен бири. Аллаҳ таала айтады: “Ҳәм араларыңыздағы сораў-жуўапларда ортаға аты қойылатуғын Аллаҳтан қорқың ҳәм әғайин-туўысқанларыңыз бенен ажыралып кетиўден сақланың”. (Ниса сүреси, 1-аят)
     Силаи раҳмда Аллаҳтың разылығы, мөминлер ҳәм периштелердиң қуўанышы, шайтанға ғам жеткизиў, өмирдиң зыядалығы ҳәм ырысқының берекети киби гөззал қәсийетлер жәмленген.
     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Кимди ырысқысы кең ҳәм өмири берекетли болыўы бахтияр қылса, силаи раҳмды байласын”, деди. (Имам Бухарий рәўияты)
     Ал, басқа бир ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким өмирин узын, ырысқысының кең болыўын ҳәм жаман өлимнен қутылыўды қәлесе, туўысқанлары менен байланысын тиклесин”, деген. (Имам Аҳмад рәўияты)
     Бул соншелли уллы ибадат, оны қылған адам қаншелли көп саўап ҳәм пайдалар таўса, оны тәрк қылған, оған бийпарық болған адам соншелли қатты гүнакар ҳәм зыянкер болады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Силаи раҳм саўабындай тез келетуғын жақсылық жоқ. Дүньяда тезде азап берип, ақыретте де азап келтиретуғын гүна силаи раҳмды үзиў”. (Имам Термизий, имам Аҳмад, имам Ибн Мажа рәўияты)
Қалаберсе, силаи раҳмның дозақтан узақласыўына ҳәм жәннетке жақынласыўына себеп болатуғын әмеллер менен бир қатарда зикир қылыныўы уллы ибадат екенине дәлалат қылады.
     Әбиў Айюб Ансарый разыяллаҳу анҳу айтады: “Бир аъробий Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: “Ҳәй Расулуллаҳ алайҳиссалам жәннетке жақынластыратуғын ҳәм дозақтан узақластыратуғын әмелден хабар бериң!”, - деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Аллаҳға ибадат қылыўға, Оған ширк келтирмеўге ҳәм намаз оқыўға, зәкат бериўге ҳәм силаи раҳм қылыўға буйырды. (Имам Бухарий, имам Муслим рәўияты)
     Демек, силаи раҳм қылыў динимиздиң биз мөминлерден талап етилген қатаң талабы. Солай екен, бул гөззал әмелге бийпарық болмайық.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz
766 views14:37
Ашу / Түсініктеме
2022-09-01 17:36:11
"МАЪРИФИЙ СУҲБАТЛАР" КЎРСАТУВИНИНГ БУГУНГИ СОНИ "ШУКР ИЛА НЕЪМАТЛАР ЗИЁДА БЎЛАДИ" МАВЗУСИДА  БЎЛИБ ЎТАДИ

"Маданият ва маърифат" телеканалида намойиш этиладиган ушбу кўрсатувнинг бугунги сонида Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Нуриддин домла ҳазратларининг  суҳбатларидан баҳраманд бўлишингиз мумкин.

Ушбу теледастурни бугун,1 сентябрь, пайшанба куни соат 21:00 дан бошлаб томоша қилишни тавсия этамиз.

#Маърифий_суҳбатлар
Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

Muslim.uz
@muslimuzportal | @mp3muslim | @diniysavollar
4 views14:36
Ашу / Түсініктеме