Get Mystery Box with random crypto!

«Тил апаты» яки сырды ашыў ҳаққында    Сырды ашыў – қадаған е | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

«Тил апаты» яки сырды ашыў ҳаққында

   Сырды ашыў – қадаған етилген ис. Себеби, сыр ашылар екен, бунда сыр сақланып атырған нәрсеге де, сырласқа да ҳүрметсизлик ҳәм азар бар.
   Пайғамбар алайҳиссалам айтты: «Егер адам бир сөз айтып әтирапына қарап қойса, (билиң) бул сөз – аманат». (Сунани Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты)
   Ҳасан Басрий деди: «Достыңның сырын айтыўың – қыянет».
   Рәўият қылынады, Муъаўия разыяллаҳу анҳу Ўалид ибн Утбаға сыбырлап бир нәрсе деди. Ўалид әкесиниң алдына келип:
   – Әкежан, мөминлердиң әмири маған сыбырлап бир сөз айтты. Сизден басқа да билетуғын сөзди сизден жасырыўға қәжет жоқ, деп ойлайман, – деди.
   – Айтпа! Ким сырды сақласа, оған жақсылықлар жүзленеди. Әшкараласа, жақсылықлар оған қарсы болады, – деди Ўалидке әкеси.
   – Әкежан, бул инсанг ҳәм оның перзентине тийисли ис ғо?!
   – Яқ, балам, Аллаҳға ант, сырды ашпай тилиңди қәтеден сақлаўың мен ушын сүйиклирек, – деди әкеси.
   Кейин Муъаўияның алдына барып, әкеси менен ортасында болған сәўбеттиң хабарын берди. Сонда мөминлердиң әмири айтты:
   – Ҳәй Ўалид! Әкең сени қәте кисенинен азат етипти. Билип қой, сырды ашыў – қыянет».

Әбиў Ҳамид Ғаззалий "Тил апатлары" китабынан

http://t.me/nasiyatuz