Get Mystery Box with random crypto!

САДАҚАНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ Бир ҳаял ҳәр сапары улларынан биреўин | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

САДАҚАНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Бир ҳаял ҳәр сапары улларынан биреўиниң қулқында унамсыз өзгеристи көрсе, дәрриў садақа қылып, тағам тарқатар ҳәм сол: “Олардың мал-мүликлеринен садақа ал. Бул менен оларды пәклейсең, тазалайсаң ҳәм олардың ҳаққына дуўа қыл ...” Тәўбә сүреси, 103-аятты оқып дуўа қылар екен: “Аллаҳым, усы садақам перзентимниң қулқы пәклениўи ушын, себеби оның бул ҳалы маған ол кесел болып, қәстеленгенинен көбирек тәсир қылады, тынышсызландырады”, - дер екен.
Ал, тағы бир ҳаял, кәмбағал еди, күнлик табысларына жетерли жасар еди. Сол себепли садақа қылыўға ҳеш нәрсе таўа алмас еди. Күйеўи яки улы бир айып, гүна қылса, түнде турып Бақара сүресин зам қылып намаз оқыр ҳәм: “Аллаҳым, бул мениң садақам,тоны меннен қабыл қыл. Оны маған жаңалап бергил”, деп дуўа қылар еди.
Неге өлген инсан дүньяға қайтыў имканияты берилсе, садақаны таңлайды? Бул ҳаққында Қураны Кәриймде: “Ҳәм бириңизге өлим келип: «Ҳәй Рәббим, егер мениң өлимимди жақын мүддетке арқаға сүрсең, енди, садақа қылып салиҳлерден болсам», деместе алдын Биз сизлерге ырысқы қылып берген нәрселерден напақа қылың”, деп айтылған.
(Мунафиқун сүреси, 10-аят)
Не ушын “Умра қыламан” демейди, “намаз оқыйман” демейди, “ораза тутаман” демейди, бәлки “садақа қыламан” дейди.
Илим әҳли дейди: Өлген адам өлиминен кейин садақаның қай дәрежеде пайдасы үлкен болыўын билиўин көргени ушын да сондай дейди. Садақаны көбейтиңлер, әлбетте мөмин қыямет күнинде садақасының саясы астында болады. Әйне демде сиз қылыўыңыз мүмкин болған ең абзал садақа - усы оқығаныңызды садақа нийетинде басқаларға үлесиўиңиз.

t.me/nasiyatuz