Get Mystery Box with random crypto!

#хабар ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ ҲАҚҚЫНДА ЖЫЙН | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

#хабар

ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ ҲАҚҚЫНДА ЖЫЙНАЛЫС БОЛЫП ѲТТИ

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм ǝҳимийетин диний тараў хызметкерлери арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳǝм орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мǝжилислер залында жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы Азат Бекжанов пǝрманның мазмун-мǝниси, енгизилиўи күтилип атырған имканият ҳǝм жеңилликлер ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўǝкили Н.Жамалов 2022-жыл ушын Умра зияраты баҳалары, ондағы имканиятлар ҳǝм зиярат тǝртиби ҳаққында айтты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм мәнисин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, усы жылы 2-сентябрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде видеоселектр тәризинде ѳткерилген мәжилис протоколы шешиминиң 6-бәнтинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нѳкис қаласы ҳәм районлардағы мешитлерде жума намазы күнлери усы Пәрманның мазмун-мәнисин, халқымыз ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер бойынша кең жәмийетшиликке түсиник берип барыўы ҳаққында жыйналыс қатнасыўшыларына тапсырмалар берди ҳǝм жыйналыс
қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

https://t.me/paziyletuz